Воскресенье, 05.04.2026, 01:56
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Май 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
      1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Май » 12 » «Алтын қәлем» бизге буйырды
16:32
«Алтын қәлем» бизге буйырды
Интернет тармағына кирип «келгенимизге» енди ғана еки жыл болды. Бул ўақыт ишинде излендик, үйрендик…

UZ доменинен веб-сайт аштық. URL адреси http://www.kkreporter.uz деп аталады. Оны ашаман дегенше де басқа проектлерде өзимиздиң блогларымызды жүргиздик. Олар ҳәзирде ислеп тур. Олардың көпшилиги өзиме де унайды. Әсиресе усы UCOZ проектиндеги блогимиз бенен Blog.com дағы блогларымызды усы қатарға киргизсем болады.

Блоггерлик пенен дәслепки ўақытлары тек ғана ўақыт өткериў ушын шуғыллана баслаған болсам, кейин ала оған деген қызығыўшылығым артып барды. Профессионал блоггерлердиң тарийхы ҳәм мийнетлери менен таныстым. Интеренет журналистикасы туўралы мағлыўматларды излеп таптым.

Веб-сайтымды «Қарақалпақ репортёры» деп атағандағы мақсетим - оны келешекте ғалаба хабар қуралына айландырмақшыман. Ол ушын барлық юридикалық ҳүжжетлер таяр турыпты.

Өзлериңизге мәлим, бизиң елимизде изге қайтпайтуғын үлкен өзгерислер жүз бермекте. Усы ҳәрекетлерим менен алып барылып атырған реформалардың ашық-айдынлығын тәмийинлеўге үлес қосыў нийетим бар.

«Алтын қәлем» Миллий сыйлығы ушын халықаралық таңлаўға қатнасып, бүгинги күни «Ең жақсы журналистлик материал ушын (интернет-журналистика )» 1-орынды алғаным мен ушын бахт! Ол туўралы айтылып ҳәм жазылып атырған болса да, өз оқыўшыларымды хабардар етип қойыўды мақул көрип отырман. Бул сыйлық тек ғана маған емес, ал усы жерге кирип мениң менен ҳәр күни «сәўбетлес» болғанларға да тийисли деп ойлайман. Сол ушын Сизлерди де шын жүректен қутлықлайман.
Просмотров: 563 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 3
3 Артык  
0
Кутлыклауларга менде косыламан. Бизин республикамызгада усындай бир нарселер керек еди. Енди оны тез рауажландырыу керек. Копшиликтин бул блогтан хабары жок. Оган баскаларда кирип тез-тез комент жазып турса жаксы болады. Интернет аркалы коп нарселер ислеуге болады. Коп биз билмейтугын гаплерден хабар табамыз. Кулласы, жаманлык пенен гуресиуге мумкиншилик пайда болган екен.

2 Begdulla  
0
Он болсын!!! Бирак Абайлы болын! Ози бас бетинде сыйлыклап кейнинде жер кылатгын адетлери бар,оган мысаллар коп

1 Асан  
0
Кутлыклаймыз! Жумысларынызда табыслар.

Имя *:
Email *:
Код *: