Четверг, 09.05.2024, 07:32
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Май 2024  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
  12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

«ӨНЕРМЕНТЛЕРИМИЗДИҢ ҚАТАРЫН КӨБЕЙТИЎ АРҚАЛЫ НӘТИЙЖЕГЕ ЕРИСПЕКШИМИЗ» дейди Өзбекстан Республикасы «Ҳунарманд» бирлеспесиниң Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы Нарыгул Нағметова

– Нарыгул Хожабаевна, биз бурыннан сизди жеке өнермент сыпатында жақсы билетуғын едик. Мине бүгин усы тармақтың республикалық басқармасы баслығы сыпатында көрип отырмыз. Бириншиден, сизди усы лаўазым менен қутлықлаймыз…

– Рахмет.

– Айтыңызшы, әпиўайы өнерменттиң усы аралықты басып өтемен дегенге шекемги жолы қыйын болды ма

– Өнерментшилик пенен көптен шуғылланаман. Көплеген таңлаўларға қатнастым, жеңимпаз болдым. Көплеп шәкиртлер таярладым. Әлбетте, аңсат болды дей алмайман. Ҳәр бир кәс ... Даўамы>>>
Просмотров: 6503 | Добавил: kkreporter | Дата: 26.08.2011 | Комментарии (6)

Республикамызда интернет тармағынан пайдаланыўшылардың саны 8 миллионға шамаласқанынан көпшилик хабардар. Демек бул оның мағлыўмат алыў дереги сыпатында да әҳмийети артып баратырғанын аңлатады.

Усындай бир пайтта Өзбекстанда жаңа бир социаллық сеттиң иске түсирилиўи кимди болсада қуўандырса керек. Ендигиден былай бизиң жасларымызға facebook тың хызметинен пайдаланыўға зәрүрлик қалмайды деген сөз. Оның үстине, бул жерде өз ана тилимизде пикир алысыў мүмкиншилигине ийе боламыз.

«Muloqot.uz» деп аталатуғын бул проект ( URL адреси: http://muloqot.uz/ ) көпшиликтиң, әсиресе жасларымыздың кеўлинен шығары анық. Кирип көриң, танысың ҳәм дослар арттырың.

Просмотров: 1122 | Добавил: kkreporter | Дата: 20.08.2011 | Комментарии (0)

Өткен сапары Нөкис қаласы ҳәкимиятында жүз берген қолайсыз ҳәдийселер туўралы тарқаған мыш-мышлардың «қулағы бар» гәп болып шықты. Соңғы хабарларға қарағанда, ҳақыйқатында да, Нөкис қаласы ҳәкими ҳәм оның жәрдемшиси пархорлықта айыпланып ҳуқық қорғаў уйымларының шөлкемлескенлик пенен алып барған әмелий жумыслары нәтийжесинде иркиўге алыныпты.

Хабарыңыз бар, биз буннан бурынырақта Нөкис қаласы ҳәкими C.Алланазаровтың Президент пәрманлары менен ҳүкимет қарарлары талапларын орынлаўды үзилиске түсирип, буннан «Нөкис дийхан базары» акционерлик жәмийети ағзалары менен сол жерде саўда-сатық пенен шуғылланып жүрген исбилерменлер тәшўишленип атырғаны жөнинде хабар тарқатқан едик. Жасыратуғыны жоқ, буны ҳәкимияттағы тийисли адамлар «қатынлар не деп атыр» деген анекдоттағыға уқсап қулағына илмеди-аў деймен шамасы. Болмаса дүнья жүзилик интернет т ... Даўамы>>>
Просмотров: 1137 | Добавил: kkreporter | Дата: 14.08.2011 | Комментарии (0)

Соңғы хабарларға қарағанда Нөкис қаласы ҳәкимиятында ислейтуғын хызметкерлердиң бири пара алып атырып қолға түскенбиш…

Бул мағлыўматты тексерип көриў ушын биз ҳәкимиятқа телефон арқалы қоңыраў етип, бир неше лаўазымлы қанигелерден сорастырып көрдик. Олар бул мыш-мыш гәпти тастыйықламады, бирақ бийкарлағанда жоқ.

Соңғы ўақытлары республикада ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери коррупция, парахорлыққа қарсы гүресиў бойынша нәтийжели жумыслар алып бармақта. Олардың елимизде нызам үстинлигин тәминлеў бойынша алып барып атырған унамлы ислерин тилге тийек етсек арзыйды…

Просмотров: 834 | Добавил: kkreporter | Дата: 13.08.2011 | Комментарии (0)

5. Өзгеристи ҳәр ким өзинен баслаўы тийис… ямаса Қарақалпақ блоггериниң монологы
 

«Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог…» саўға етиў мақсетинде баслаған жаңа проектимниң соңында «Журналисттиң монологы»н бериў арқалы оған жуўмақ жасамақшы едим. Болмады. Басқаша жол тутыўыма туўра келмекте. Неге дегенде, буннан бурынғы мениң менен сөйлескенлердиң ҳеш бири де өзлериниң атын көрсетиўимди қәлемеди…

Оларды түсиниўге болады. Өйткени, ҳәр ким өзи ушын жуўап береди. Солай екен деп аты-жөни көрсетилмеген «монологларды» бериўди даўам еттириў болса бизге қолайсыз болмақта. Ойлап көрдим. Ақыр ақыбет, өзгеристи ҳәр ким өзинен баслаўы тийис деген шешимге келдим.

…Мениң жу ... Даўамы>>>
Просмотров: 752 | Добавил: kkreporter | Дата: 13.08.2011 | Комментарии (0)


4. Айып нызам талапларынының орынланыўын қадағалаўы тийис жергиликли қанигелерде… ямаса өзиниң ертеңги күнинен тәшўиште жүрген айдаўшының монологы

Илгерилери ижараға автомашина таўып айдағаныма мәс болып жүр едим. Себеби жумыссыз үйде жатыў диңкемди қуртып жиберген еди. Енди билсем ҳәзирги усы жүргенимде де жумыссыз екенмен…

Дурыс, биз фирмаға бириктирилгенбиз. Былайынша алып қарағанда Ҳүкимет қарары тийкарында дүзилген юридикалық тәрепте жумыс ислеп атырғандайман. Негизинде ондай емес. Бул атына ғана солай.

Үш жыл болды усы тармақта жумыс ислеп киятырғаныма, бир мәрте болса да мийнет дем алысына шығып көрмедим. Ҳәтте аўырып қалған күнлеримде де машинаның тийкарғы ийесине «план» тапсырғанман.

Нөкисте рәсмий мағлы ... Даўамы>>>

Просмотров: 719 | Добавил: kkreporter | Дата: 07.08.2011 | Комментарии (1)

Республикадағы соңғы он жыллықта изли-изинен жүз берген аўдарыспақ халықтың силесин қурытып, күн көрисин төменлетип жиберди. Оның үстине, республикадағы сиясий жағдайдың күннен-күнге шийеленисип барыўы онысызда ҳалы қурыған әпиўайы адамлардың жүйкесин тоздырып, ғәзебин келтирмекте.

Бир сиясатшы Бишкектиң атын өзгертиў мәселесин көтерсе, және биреўи пайтахтың дәл ортасындағы «Азатлық» естелигин Қырғызстанның бурынғы Президенти А.Акаевтың ҳаялының келбетин еслетип кететуғынлығы себепли өзгертиў керек деген баслама менен шықпақта. Ендиликте бир ўақытлары Пишкек, кейин ала Фрунзе, ал ең соңғы мәрте Бишкек деп өзгертилген Қырғызстан пайтахтының атын Манас деп атамақшы.

Бул өзгерислердиң ҳеш қайсысы да қәрежетсиз болмайтуғыны анық. Қырғызстанлы сиясатшылар арасында оған бас қатырып ... Даўамы>>>

Просмотров: 731 | Добавил: kkreporter | Дата: 07.08.2011 | Комментарии (0)

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде "Давлат ҳокимияти ва бошқаруви органлари фаолиятининг очиқлиги тўғрисида”, "Оммавий ахборот воситалари фаолиятининг иқтисодий асослари тўғрисида”, "Оммавий ахборот воситалари давлат томонидан қўллаб-қувватлаш кафолатлари тўғрисида” ҳәм"Телерадиоэшиттиришлар тўғрисида”ғы Өзбекстан Республикасы нызамлары жойбарларының додаланғанлығы туўралы хабарды еситип қатты қуўандым.

Бул, бириншиден, елимизде соңғы ўакытлары Президентимиз басшылығында басланған өзгерислердиң изге қайтпаслығының дәлили болса, екиншиден, усы нызамлар алдыннан қабыл етилген ҳәрекеттеги нызамларымызды және де толықтырып, ҳақыйкатында да, бизиң хуқықый пуқаралық жәмийет қурыўымызға тийкар жаратады.

Және бир айта кететуғын нәрсе, усы күнге шекем елимиздиң адресине түрли тутырықсыз гәплерди айтып келгенлердиң де үстинен шық ... Даўамы>>>

Просмотров: 740 | Добавил: kkreporter | Дата: 07.08.2011 | Комментарии (0)

3. Өзбекстанда нызам үстинлиги тәмийинленгенлигине исендим… ямаса ислеген жынаяты ушын жазаны өтеп келген жигиттиң монологы
 

Буннан илгерирек сәўбетлескенимизде мен сизге исенбеген едим. «20 жыллыққа 20 монолог» деген темада жәриялап атырған материалларыңыздың алдынғылары менен таныстым. Балам компьютерге қызығады. Бир ўақытлары әперип қалғанымыз жақсы болған екен…

Оқып отырып, көзиме исенбедим. «Бизде де усындай нәрселерди жазса болады екен ғо…» деп гүбирленгенимди билмей де қалыппан. Мойынлаўым керек, мен бундай пикирдиң басына әлле қашан-ақ келип болғанман. Тек соған жүрек ететуғын, ҳақықый журналистлер жоқлығына өкинер едим.

…«Өзбекстанда нызам үстинлиги ... Даўамы>>>
Просмотров: 823 | Добавил: kkreporter | Дата: 03.08.2011 | Комментарии (0)

2. Мен жигирма жастаман… ямаса жумыссыз қыздың монологы
 

Мектеп пикергеннен кейин колледжге оқыўға түстим. Оқыў орнымыз әжайып имаратта жайласқан еди. Барлық қолайлылықлар бар. Таза ҳәм сулыў еди. Ол жерде оқып билим алдық, көп нәрселер үйрендик, көп жақсы нәрселерди әрман еттик. Барлығы колледжди питкергеннен кейин басланды…

Жумыс таба алмай көп жерлерге сандалып жүрдим. Өзим қатарлы жаслар менен бармаған есигим, кирмеген тесигим қалмады. Биреўи анаў деди, биреўи мынаў
деди. Айырымлары «колледж питкергенлер
Просмотров: 872 | Добавил: kkreporter | Дата: 03.08.2011 | Комментарии (0)

1 2 3 4 5 6 »