Мине елимизге Наўрыз әйямы кирип келди. Бәҳәр - жаңаланыў ҳәм жасарыў паслы.
Және бир жыл арқада қалды. Және бир жасқа улғайдық. Тарийих бетлериниң және бир жаңа бетин аштық. Көзди ашып жумғанша жас ҳәм нәўқыран республикамыз да он тоғыз жылды арқада қалдырып, жигирмаланшы жылдың есигин қақпақта.
…Турмысымызда көп итибарға ылайық өзгерислер жүз бермекте. Әсиресе, 2010 жыл 12-ноябрь күнги Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисиндеги Президентимиздиң «Елимизде демократиялық реформаларды және де тереңлестириў ҳәм пуқаралық жәмийетти раўажландырыў концепсиясы» деп аталатуғын баянатынан соң улыўма бизиң елимизде басланған өзгерислердиң изге қайтпаслығына және бир мәрте әмийин болдық.
«Өзбек модели» деп аталатуғын дүньяға танылған ҳәм тән алынған бас бағдарымыз өз нәтийжелерин бермекте. Биз жаңасын қурмай турып, ескисин бузбаў принципиниң өмиршеңлигин дәлилледик. Демократияластырыў ҳәм елди модернизациялаўды басқышпа-басқыш әмелге асырыў арқалы, үлкен сабырлылық ҳәм шыдамлылық пенен бул жолды басып өттик.
Бул жолда көп қыйыншылықларға ушырағанымызда ҳеш кимге сыр емес. Оның үстине, айырым бизди көре алмайтуғын кимселер, топар-топарға бөлинип, тасадан турып тас атып, бизге таңлаған жолымыздың надурыслығын уқтырмақшы болды. Бәрҳәмә олар елимиздиң, халқымыздың арасына ала аўызлық урығын қадамақшы болып урынып келди. Олар басымызға не ғәремет тасларын жаўдырмады дейсиз…
Қыйыншылықлардың арқада қалғаны рас болғай! Усы күнлерге жеткергениңе шүкир!
Булардан ҳәр биримиз жуўмақ шығармағымыз, сабақ алмағымыз дәркар. Өткен 20 жылда елимизде әмелге асырылған әсирге татырлық ислердиң перзентлеримиз нәтийжесин көрип, жемисинен татып, пәраўан турмыс кешириўине имкан жаратып бериўимиз зәрүр.
Дурыс, өтиў дәўиринде көп қыйыншылықлар болғаны рас. Бул бар гәп, бар жағдай. Оны ҳеш ким бийкар етпейди. Оның енди қәлиплесип атырған, жас шаңарақта болыўы мүмкин болған тәбийий ҳал екенине де түсинип қатнас жасаўымыз керек.
Жасыратуғыны жоқ, усындай бир пайтта «төгилгеннен жалап қалыў» нийетинде болған, айырым, орынлардағы жуўапкершиликти сезинбейтуғын қанигелер тәрепинен қәте-кемшиликлерге жол қойылғанын да мойынлаўымыз керек. Оларға исенип тапсырылған участкаларда жумыслардың ақсап, оннан елимизде алып барылып атырған экономикалық реформаларға да кери тәсири тийгени аттың қасқасындай анық.
Солардың себебинен, сол бизиң ҳәр бир қәдемимизди сынап-минеп отырған «тәреплер» пайдаланып қалыўға урынады. Тырнақ астынан кир излеп, айырым қанигелеримиздиң қәтесин улғайтып көрсетип, оны бизиң таңлаған жолымыздың қәтелигине апарып тықсырады.
Қәте қай жерде болмайды дейсиз? Сол раўажланған мәмлекетлердиң өзлеринде зорлық-зомбылықлар, балалардың өз теңлеслерин атып кетиўлери дейсиз бе, қолына қурал алып шыққан кимсениң, себепсизден-себепсиз көшедеги бийгүна адамларды атып таслаўлары, экономикалық жынаятлар, көзбоямашылықлар,-қулласы, соған уқсаған ҳәдийселер аз ба? Буны олар сол жердеги жеке адамның психикасындағы өзгерислерден излегиси келеди. Ал биздеги жағдайларды болса сиясатластырып, бояўын жеткерип, түрли мәни-мазмун берип, әшекөйлеп көрсетип, дүньяға жар салады.
Әсиресе бул ислердиң сол раўажланған мәмлекетлер тәрепинен қаржыландырылатуғын ғалаба хабар қуралларының «өзбек хызмети» деп аталатуғын радио ҳәм интернет тармақлары арқалы иске асырылыўы бизге көп нәрселерди айқынластырып береди. Бүгинги күни «Азатлық», «ВВС», «Америка ҳаўазы» ҳ.т. басқа да усыған уқсаған радио ҳәм олардың интернеттеги веб-сайтлары арқалы тарқатылып атырған мағлыўматларды тыңлап ҳәм оқып отырып ҳайран қаласаң. Олардың «атын айтқысы келмеген маънба»дан алынған мағлыўматларды тексерип отырмастан тарқатып жибере бериўин қалай түсиниўге болады? Ол қайсы норма, қайсы нызамға туўыры келеди?
Өзлерин демократ етип көрсетип, басқа бир мәмлекеттиң ишки ислерине араласып, халқының арасында ала аўызлық туўдырыў ушын тынбай үгит-нәсият жүргизиў оларға не ушын керек? Олардың басқа нийетлери болмаса бундай проектлерди қаржыландырыўынан не мәп, не пайда?
Шет еллерге шығып алып өзлерин «оппозиционерлермиз» деп, түрли сылтаў ҳәм бәнелер көрсетип, интернет сайтлар шөлкемлестирип жүргенлерди грант пенен тәмийинлеўдеги мақсет не? Я болмаса олардың сол веб-сайтлар арқалы бири-бирин «малға», «ешекке» теңеп сөгип, ақыретлеп, кемситип жүриўлери ушын имканият жаратып бериў ушын ба?..
Жақында сол сайтлардың бири, биз жоқарыда айтқан, «атын айтқысы келмеген маънба»ның «Өзбекстанда нызамлар ислемейди» деген пикирин берипти. Ойланып қалдым. Ядыма бир танысымның айтқан гәплери түсип кетти.
- Билесен бе?-деп сорап қалды сол танысым бир күни меннен - Неге бизде ҳәмелдарлар арзагөйден қорқады?
-…
-Себеби олар нызамларды жақсы биледи,-деди кейин ол мениң жуўабымды күтип отырмастан.
Буның ҳақыйқатқа жақын екенин мен жақсы билемен. Кәсибиме бола бундай жағдайлар менен көп ушырасқанман. Арзагөй ҳақ болып турып, оның арзасы шешилмей қалған фактлерди еслей алмайман. Демек, нызамлар ислейди.
Жасыратуғыны жоқ, бизде туппа-туўыры менталитетке барып тақалатуғын «шылық-шылық» деген нәрсе бар. «Қой қурысын, әкесин көрдик, шешесин көрдик , оңыссын» деўшилик басым. Гейде ҳуқықый мәденияттың төменлиги де пәнт беретуғын жерлери көп. Буннан пайдаланып, бир нәрсели болып қалыўды қәлейтуғын дәмегөйлер де аз емес.
- Мен «Еркин Қарақалпақстан» газетасын турақлы оқып бараман,- дейди Бахтияр исмли бир жасыуллы. –Соңғы ўақытлары газетада берилип атырған сын мақалалар, суд очерклерин оқып көп нәрсени аңлағандай болдым. Ҳақыйқатында да, «суўдың сораўы бар» деп ата-бабамыз дурыс айтқан екен. Нызам талапларын бузғанлар заң алдында жуўап берип атыр, қамалып атыр…
Оның гәпинде жан бар. Республикамызда коррупцияға қарсы алып барылып атырған гүрес кем-кем қулаш жаймақта. Ким нызамсыз ҳәрекетлер ислеген болса, жуўап берип атыр. Сен прокурорсаң ба, ҳәкимият хызметкерисең бе, бажыхана баслығысаң ба, салықшымысаң , я болмаса исбилерменсең бе,- қулласы, ким болыўыңнан қатты нәзер нызам талапларын бузсаң жуўап бересең. Ҳәрекеттеги нызамлар, Президент пәрманлары, Ҳүкимет қарарлары талапларының орынланыўын үзилиске түсирген лаўазымлы шахсларда ҳәмелден кетип атыр. Булар туўралы өз ўақтында, нызам талапларынан келип шыққан ҳалда, кең жәмийетшилик хабардар етилмекте…
…Елимизге Наўрыз әйямы кирип келди. Наўрыз-бәҳәр байрамы. Бәҳәр – ояныў паслы!
|