Воскресенье, 05.04.2026, 01:56
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Май 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
      1
2345678
9101112131415
16171819202122
23242526272829
3031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Май » 17 » «Интернеттиң келешеги жоқ…» ямаса электрон почтама келген хатлар туўралы
20:17
«Интернеттиң келешеги жоқ…» ямаса электрон почтама келген хатлар туўралы

Электрон почтамды ҳәр күни тексерип тураман. Келген хатларды оқып шығып, илажы болғанынша ийелерине жуўап жазыўға ҳәрекет етемен. Соңғы күнлери олардың қатары көбейди.

Кореяда жасап ҳәм мийнет етип атырған Атабекке, Америкадан, Ирландиядан ҳәм Канададан турып хат жазып атырған басқа бир қатар досларыма шын жүректен миннетдаршылық билдирмекшимен. Жасы үлкен, жасы киши жерлеслеримизге де рахмет.

Мениң дыққатымда мына бир хат тартты. Онда хат авторы: «Абайлы бол, дәслеп жақсылап мақтап, сыйлықлап кейин ишиңди апармасын…» деп жазыпты. Буннан сәл алдында және бир «достымыз»дан да усы мазмундағы хат алған едим.

Бул мениң жақында «Алтын қәлем» сыйлығына ылайық деп табылғанлығымды нәзерде тутып айтылған гәплер болса керек, әлбетте. «Бес бармақ бирдей емес» дегени усы болса керек-тә. Әтираптағы өзгерислерге тек гүман менен қараў, басқаларға исенбеў, ҳәмме нәрседен қәўетерленип жасаўдан қыйыны болмаса керек. Бул бахытсызлықтан басқа ҳеш нәрсе емес…

Ал мына бир хат авторы болса төмендегидей мәсләҳәт берипти: «Интернеттиң келешеги жоқ, сол ушын сиз веб-сайтыңызды газетаға айландырың…». Ең қызығы, бул хат авторы өзиниң қайсы бир оқыў орнында оқытыўшы болып ислейтуғынын айтып жазыпты. «Бизиң оқыў орнымызда бирде бир оқытыўшының усы ўақытқа шекем интернеттен мына нәрсени оқыдым дегенин еситкеним жоқ. Сонда сен веб-сайтымды кимлер оқыйды деп жүрсең?» деп нықыртыпта өткен.

Илаж қанша? Оқымаса оқымаған шығар. Бул ҳәр кимниң қызығыўшылығына байланыслы нәрсе. Қайсы бир оқыў орнындағылар интернеттен пайдаланбайды екен деп баслаған исимизди жары жолда таслап кетпекши емеспиз. Оның үстине, соңғы мағлыўматларға қарағанда республикамызда интернеттен пайдаланыўшылардың саны 8 миллионға шамаласқанында еслетип өтпекшимиз. Бул интернеттиң келешеги жоқлығын емес, ал керисинше, буннан былай тийкарғы мағлыўмат алыў ҳәм тарқатыў дереги интернет болып қалажағын аңлатады.

Жақында Америка рәсмийлериниң бири Интернет ашық мағлыўмат дереги болып қалыўы ушын Қурама Штатлар басқа мәмлекетлер менен тығыз бирге ислесежағын баян еткен.

Сондай-ақ, егер кимде ким бул тармақтағы жумысларға кесент келтирип, ямаса зыян жеткизиў мақсетинде кибернетик ҳүжимлер шөлкемлестирсе, оған жуўап иретинде Қурама Штатлары әскерий күш қолланыўға шекем барыўы мүмкинлиги туўралы ескертип өткен.

Дурыс, бизде еле көпшилик бул тармаққа әҳмийет бермей атыр. Өкинишлиси, бундай жағдайлардың оқыў орынларында да орын алып атырғанында болып отыр. Айырым мектеп, колледж, ҳәтте жоқары оқыў орынларындағы жуўапкер қанигелердиң бул мәселеге бармақ арасынан қарап киятырғаны мәлим болмақта. Базы бир оқыў орынларының басшыларының өзлери елеге шекем Интернет туўралы түсиникке ийе емес. Ал бул ўақытта олар тәрбиялап атырған жаслар ҳәр қыйлы сайтлардағы форумларға кирип, түрли мазмундағы пикирлер (коментарийлер) қалдырмақта. Сол басшылардың булардан хабары жоқлығы анық.

Әлбетте, биз бул гәпимиз бенен жасларымыздың интернет тармағынан кеңнен пайдаланыўына қарсымыз демекши емеспиз. Керисинше, оларды буған үйретиў керек. Лекин ол жерлерде түрли мазмундағы, әсиресе миллийлигимизге, аўызбиршилигимизге қатысы бар гәплер болмақта. Тарийхымыз туўралы тартыслы пикирлер айтылмақта. Буған кимлер туўры ҳәм анық жуўап бере алады. Сол қанигелер емес пе? Ал олар болса «интернеттиң келешеги жоқ» деп салпаўсып жүр…

Мәмлекеттиң есабынан сонша қәрежет жумсалып заманагөй үскене ҳәм техникалар алынды, қанигелер қайта оқытылды. Бағдарламалар ислеп шығылып, оларды орынлағанымыз бойынша рапортлар бермедик пе? Ендилигинде болса жағдай мынандай…

Просмотров: 577 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: