Бул анекдотты билмейтуғын адам аз болса керек. Сол ушын оны қайталап айтып отырмайман…
Өткен сапары «Сенсация» рубрикасы астында жәриялаған материалымызды көпшилик оқыпты. Усы күнлери электрон почтама келип атырған хатлардың изи көринетуғын түри жоқ. Олар бири-биринен қызық, бири-биринен мазмунлы, бири-биринен өтемен дейди.
«Сиз жаңа бир ис баслап атыр екенсиз. Оң болсын. Мениң ойымша, бундай жумысты сиз айтқандай коррупционерлердиң дизимин жәриялаўдан басламаў керек. Оның орнына жумбақтан баслаў керек. Мен сизге базы бир жасы үлкенлердиң нызамсыз салып қойған жайларының, дүкан, ресторанларының, теплица-меплицаларының сүўретин жиберемен. Конкурс жәриялаң. Егер кимде ким сол мүлк ийесиниң аты-жөнин дурыс тапса, сыйлығын өзим беремен…» деп жазыпты өзин Өсер деп таныстырған Кегейлиши бир достымыз.
«Быйыл және салы егиўге рухсат етипти. Оны кимлер егетуғынын билемиз. Өткен жылы «Суўдың да сораўы бар» деген темада жазылған мийнетиңизде олар туўралы бир нәрселер жазған едиңиз. Күтип едик. Жуўмағы болмай қалды. Быйыл сиз мәселени усы нәрседен баслаң. Өткен жылы фермерлер неше гектар жерге егин екти? Қанша екти? Егинниң неше түрин екти? Оннан қанша өним алды? Оларға қанша жанар май, төгин ҳәм суў сарыпланды? Ҳәммеси өз-өзинен белгили болып қалады…» деп жазыпты Ақманғытлы өзиниң атын көрсетпеўди сораған және бир достымыз. (Есиңизде болса, интернет тармағында көпшилик жағдайда бир-бири менен хат алысатуғынларды «дос», «достымыз» деп атаў дәстүр екенлиги туўралы айтқан едик-автор).
Шамасы, бизиң досларымыз өткен сапарғы «хабарландырыўымызды» жүреклерине дым жақын алған көринеди. Олардың айырымларының бизиң электрон почтамызға жоллаған хатларының мазмунына қарап баҳа беретуғын болсақ, ҳақыйқатын айтқанда, бизиң жети уйықлап түсимизге кирмеген фактлерди, ўақыяларды сөз еткен. Сол ушын олардың ҳәммесине де шын жүректен миннетдаршылық билдиремен. Қуда қәлесе, сизлер айтқан, хабарлаған факт ҳәм ўақыяларды үйренип шығаман, соның менен бирге, топланған мағлыўматларды усы блогим арқалы өзлериңизге қайтарып хабарлайман.
Күтиң. Аз қалды. Исенгенлер исенсин, исенбегенлерге «көпирдеги гәп»…
|