09:39 Кеўилден кешкен гәплер… | |
ямаса және сөз еркинлиги, төртинши ҳәкимият ҳәм интернет тармағы туўралы бизиң дегенлеримиз
Бизиң интернет тармағындағы, анығырағы UZ домениндеги веб-сайтымызды ғалаба хабар қуралына айландырмақшылығымызды еситкен оқыўшыларымыздан көплеп хатлар алып атырмыз. Олардың айырымлары тек тилек билдириў менен шекленбестен, базы биреўлери өзлерин қызықтырған сораўлар берипти. Гей бир оқыўшыларымыз мәсләҳәтлер берип, егер биз интернет-газета сыпатында жумыс басласақ өзлериниң оның ең актив хабаршылары болажағын айтып жазыпты. Булардың барлығы қуўанышлы, әлбетте. Ўақтын бөлип хат жазып, пикир билдирип атырғанларға шын жүректен рахмет. Сол оқыўшыларымыздың хатларында айтылғанындай, егер интернет тармағында республикамызда жүз берип атырған өзгерислер, жаңалықлар, ўақыя ҳәм ҳәдийселер туўралы оператив мағлыўмат тарқататуғын дерек болса, оннан ҳеш ким уттырмайды. Ҳәр сапары қайталап айтып киятырғанымыздай, адамлар сонда мағлыўматты мыш-мышлардан емес, исенимли дереклерден алатуғын болады. Жасыратуғыны жоқ, бизде айырым ҳәмелдарлар (чиновниклер) менен жуўапкер қанигелер өз ўазыйпаларына жуўапкерсизлик пенен қараўының нәтийжесинде, елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында алып барылып атырған реформалардың саррас турмысқа ендирилиўи үзилиске түсирилмекте. Буны көпшилик көрип, билип жүрседе негдур олар бойынша ашық пикир айтып, сол қәтеге жол қойған шахсларды тәртипке шақырыў мәселеси туўралы ойлап та көрмей атыр. Бүгинги күни ҳуқық қорғаў уйымлары тәрепинен бир қанша нәтийжели, әмелий жумыслар алып барылмақта. Олар туўралы айтылып та, жазылып та атыр. Нызам талапларын бузғанларға ныспатан шаралар көрилмекте. Егер усы мәселелерден алдыннан кең жәмийетшилик хабардар болғанында, жағдай бул дәрежеде шийелениспес еди. Бизиң республикамызда нызамлар мәселесинде кемшилик жоқ. Ҳәтте, бизиң нызамларымыз дүнья стандартларына жуўап береди десек асырып айтқан болмаймыз. Соларға тийкарланып жумыс ислеў, оларға әмел етиў барысында шәлкем-шалыслықлар бар екенлигин мойынлаўымыз керек. Айтайық, қайсы бир районда жайласқан кәрхананың жумысшылары мийнет ҳақысын ала алмай атыр. Олар ҳәкимиятқа, басқа да тийисли шөлкемлерге хат жазған. Ол жердегилер болса ҳәрекеттеги нызамларға тийкарланып мәселени шешиў орнына исти өзи боладылыққа салып, пуқаралардың мүрәжәтин итибардан шетте қалдырған. Буннан хабар тапқан журналистлер иске кирисиўи керек пе? Жоқ па?.. Бир район шетинде үлкен бир қурылыс кетип атыр. Оның қандай объект екени туўралы ҳеш қандай мағлыўмат жоқ. Кимдур оны усы районның ҳәкими қурғызып атыр екен десе, және биреўлер Нөкистеги ҳәмелдарлардың бириниң инисиниң мүлки десип жүр. Не ушын сол имарат жөнинде нызамлы тәртипте мағлыўмат топлап, оннан кең жәмийетшиликти хабардар етпеўимиз тийис. Егер нызамлы болса сол адамлар неден қорқады? Нызамсыз болса тийисли тәртипте жуўап берсин. Соңғы ўақытлары жамғырдан соңғы замаррықлардай болып көбейип атырған ресторан, кафе, асхана, чайхана ҳәм тағы басқа жәмийетлик аўқатланыў орынлары менен траспорт тараўындағы юридикалық тәреплерде көп муғдардағы нақ пулдың банктен тыс айланып атырғаны жөнинде көпшилик айтысып жүр. Салық уйымлары тәрепинен оларға бир неше мәрте нызамлы шаралар көрилген. Жәриймалар салынған. Соған қарамай бул тармақларда жумыслар жөнге түспей атыр. Неге? Буған тийкарынан оған жуўапкер қанигелердиң иске жуўапкерсизлик пенен караўы ҳәм дәмегөйлиги себепши болмақта. Олардың кимлер екенин анықлаў қыйын ба? Бүгинги күни қәлеген банктиң алдында «Банк-клиент ушын» деген жазыўлар асыўлы турғанын көриўге болады. Ишкерисинде болса «Халқымыздың дәртине дәрман болайық!» дегенге уқсаған шақырықлар бар. Мийнет ҳақысын ала алмай «дәртке» шатылған адамларға «дәрман» болажақ па? Я болмаса аманаттағы ақшаларын ала алмай жүрген «дәртли» адамларды нәзерде тутты ма екен? деп ойлап қаласаң, киси… Пластик карточкаға өткерилген мийнет ҳақысын 10-15 проценттен нақластырып жүргенлер туўралы билмеймиз бе? Буны жөнге сала алмай атырған тийисли уйымның жуўапкер қанигелери не ушын «айланайын сәллем сеннен, ҳеш ким гүман етпес меннен» деп жумсақ жерин шаппатлап жүриўи керек? Оларды қәлемниң ушы менен түйреп, Президентимиздиң ибарасы менен айтқанда «қулағынан сүйреп Қуяшқа шығаратуғын кимлер?» Әлбетте, биз! Мине усы тақылетте ислей алса ғана ғалаба хабар қураллары төртинши ҳәкимият дәрежесине көтериле алады. Сонда ҳеш ким «Өзбекстанда сөз еркинлиги шекленген» деп бизге гина таға алмайды. Биз интернет тармағына турмысымыздағы усындай олқылықларды толтырыў мақсетинде араласқан едик. Веб-сайтымызда, анығырағы блогимизде усы бағдардағы қолдан келген ислерди әмелге асырыўға ҳәрекет еттик. Оның мүмкиншиликлери шекленгенлиги себепли, алға қойған мақсетлеримизге ерисиў ушын жаңа бир басқышқа көтерилиўимизге туўра келмекте. Веб-сайиымызды интернет-газетаға айландырыў нийети усыннан келип шығып отыр. Ол жерде усы бағдарда жумыс алып барыўды нәзерде тутып отырмыз. Интернет-газетамыздың ЖЖ да http://kkreporter.livejournal.com деген URL адресте блоги де жүргизиледи. Бул бизге ҳәр қандай мәселеде оператив материаллар тарқатыў, тарқатылған мағлыўматларға зәрүрлигине қарап анаў яки мынаў мәселеде анықламалар киргизиў мүмкиншиликлерин береди. Ҳәзирги күнде биз бирге ислесиўди қәлеўшилер менен спонсорлар излемектемиз. Қәлеўшилер бизиң электрон почтамызға хабар қалдырыўы мүмкин. Адреси: kkreporter@mail.ru . Алдыннан рахмет. | |
|
| |
| Всего комментариев: 0 | |
Бизиң интернет тармағындағы, анығырағы UZ домениндеги веб-сайтымызды ғалаба хабар қуралына айландырмақшылығымызды еситкен оқыўшыларымыздан көплеп хатлар алып атырмыз. Олардың айырымлары тек тилек билдириў менен шекленбестен, базы биреўлери өзлерин қызықтырған сораўлар берипти. Гей бир оқыўшыларымыз мәсләҳәтлер берип, егер биз интернет-газета сыпатында жумыс басласақ өзлериниң оның ең актив хабаршылары болажағын айтып жазыпты.