|
|
Главная » 2011 » Май » 16 » Мен жумысты неден басламақшыман?
12:05 Мен жумысты неден басламақшыман? |
Түрли себеплерге байланыслы интернеттеги «жумысларымыз» бираз иркилип қалды. Өткен сапарғы өзимизди қутлықлаўларға байланыслы миннетдаршылығымызды есапқа алмағанда ҳеш нәрсе жазбаппыз.
Электрон почтама келген хатлар менен де танысып шықтым. Айырым хатларды айтпағанда, тийкарынан олардың да көпшилиги қутлықлаўлар. Сол ушын маған хат жазып жыллы тилеклер билдиргенлерге және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.
Солай етип, буннан кейинги жумысларымыз жөнинде бас қатырып көриўге туўра келмекте. Бизден оқыўшымыз нелерди күтпекте? Әлбетте елимизде алып барылып атырған реформалар бойынша ашық-айдын мағлыўматлар екени анық.
Биринши гезекте жумысты усы реформалардың саррас турмысқа ендирилиўине билип-билмей қарсылық көрсетип атырғанлар туўралы мағлыўматлар топлаўдан басламақшыман. Ҳақыйқатында да, ондайлар арамызда көплеп табылады. Солардың себебинен тап усы күнлери түрли мыш-мышлар тарқап, олар күн сайын ҳәўиж алмақта.
Айтыўшылардың гәпине қарағанда, буннан сәл алдын қамалған айырым «исбилерменлер» өз-ара ғаңғыр-гүңгир сөйлесип «жатпақшы» болып, әтирапына өзлери менен «табақлас» болғанларды қатарына тартып атырған көринеди. Сондай себеплерге бола республикалық жол қәўипсизлиги хызметиниң бурынғы басшыларының айырымлары иркиўде екенлиги, сондай-ақ бажыхана басқармасының басшы ҳәм жуўапкер қанигелериниң айырымлары «исли» болып қалғанлығы туўралы да айтылмақта.
Буннан бурынырақта хабар еткенимиздей, бир неше жоқары оқыў орынларының басшылары өзгерипти. Айырымларының үстинен қозғалған Ис (олардың жынаятлы, ямаса ҳәкимшилик тәртиптеги ис екенлигин анық билмеймиз-автор) тамамланып, олар бойынша нызамлы шешим қабыл етилиптимиш деп еситтик. Лекин бул туўралы кең жәмийетшилик анық мағлыўматқа ийе болмағаннан кейин, олар туўралы «пара берип қутылып қалыптымыш», «келисип кетиптимиш»ке уқсаған мыш-мышларға қулақ түриўге мәжбүр болмақта.
Пара алып атырып қолға түсип қалған прокурор, ҳәким орынбасары, және соған уқсаған мәмлекет мүлкине көз алартып нызам алдында жуўап берип атырғанлар жөнинде де баспасөзде жылт етип көринген қысқа материаллардан бөлек, олардың сол иске қол урыў себеплери ҳәм ақыбетлери туўралы аналитикалық ҳеш нәрсе берилмепти. Буны да нәзерден қашырмақшы емеспиз.
Быйыл исбилерменлер жылы болғаннан кейин оларға жақыннан жәрдем бериўди өз алдымызға мақсет етип қойыпбыз. Олардың ислерине нызамсыз араласыў, тексериў, меншигиндеги мүлкине көз алартыў мәселелери бойынша алып барып атырған журналистлик изертлеўлеримиз дерлик жуўмақланып қалды. Жүдә бир қызық ҳәм көпшиликтиң дыққатын тартқандай материал шығажақ.
Және нелер ислей аламыз? Айтпақшы, бул орында сизлердиң де көмегиңиз жүдә зәрүр. Сол ушын өзлериңизди қыйнап жүрген машқалалар бойынша бизиң эл.почтамызға хат жазыўды умытпаң. Биз оларды үйренип шығамыз ҳәм қолдан келген жәрдемимизди бериўге ҳәрекет етемиз.
Бул бизиң елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында алып барылып атырған демократияны тереңлестириў ҳәм раўажланған күшли пуқаралық жəмийет қурыўдай әдиўли иске қосқан үлесимиз болады.
|
|
Просмотров: 579 |
Добавил: kkreporter
| Рейтинг: 0.0/0 |
|