«Жүрген дәрья…» дейди бизиң дана халқымыз. Ҳәр сапары хызмет сапарына шығып қандайдур қызық , я басқа бир есте қаларлық ўақыялардың гүўасы болған сайын бул гәптиң қаншалық терең мәни ҳәм мазмунға ийе екенлигин түсинип барар екенсең…
Өткен сәрсенби де Қоңырат районында хызмет сапарында болып қайттым. Редакцияның тапсырмасы менен Аўғанстан республикасына темир жол қурыўда жәрдемин тийгизип қайтқан қоңыратлы жол қурыўшылары менен ушырастым. Олар «Хайратон-Мазари Шариф» темир жол тармағын қурыўға қатнасқан. Олардан алған интервьюим «Еркин Қарақалпақстан» газетасының бүгинги – шемби күнги санында басылып шықты.
Әлбетте, узақ жерге жол басып барғаннан кейин бир материал алыў менен шекленип қалмайсаң. Сол ушын мен дәслеп Қоңырат қаласы ишинде жолаўшыларға транспорт хызметин көрсетиўдиң жағдайы менен таныстым. Районлық мәмлекетлик салық инспекциясында, ҳәкимиятта ҳәм «Коңырат транспорт» басқармасында болып, керекли мағлыўматлар топладым.
Үшинши мәселе, районда Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң… 330-санлы қарары талапларының орынланыў барысы менен танысыў еди…
Қоңырат районы бул мәселеде басқалар менен салыстырғанда бираз алға шығып алған. Олар әлле қашан буйым базары менен дийхан базарын екиге бөлип, қарар талапларына тийкар жумыс алып бармақта. Әттең, усындай унамлы ислерди бул жердеги антисанитариялық жағдай бузбақта. Шаң-тозаң. Оның үстине, базардың бир шетин бузып, қандай да бир қурылыс жумысларын алып барып атыр.
Мени ҳайран қалдыратуғын бир нәрсе, негедур бизде ҳеш ким техника қәўипсизлигине итибар бергиси келмейди. Истиң санитариялық тәрепин айтпайақ қойған мақул болар, сирә. Тап усы жағдай көп жыллардан берли «Нөкис дийхан базары»нда да тәкирарланып киятыр. Мен бир сапары, бундай жағдайлар бойынша жоқарыда гербиш өрип атырған, ал төменде саўда ислеп отырғанларды сүўретке алып, «Қурылыс жумысларын алып барыўдың қарақалпақша усылы…» деген фельетон да жазбақшы болғанман…
Қоңыраттың еки базарында аралап шықтым. Айтпақшы, оннан бурын базар баслығы менен ушырасқан едим. Оның бул жерге (буйым базарына) баслық болып келгенине онша көп ўақыт болмапты. Оған өзимниң базарды көрип шықпақшы екенимди айттым. Кейин сол жердеги районлық мәмлекетлик салық инспекциясы хызметкерлериниң бири менен ишкериге кирип кеттик…
Базардан шығып баратырып шалбарымның балағындағы аппақ шаңды қағып атырып кеўлимнен кешкен гәплерди айтпай-ақ қойғаным мақул болар.
…Қоңырат-Нөкис жөнелисиндеги жеңил машиналардың бирине отырдым. Жол ҳақы баҳасы 10 мың сум екен. Сол арада машинаға Нөкиске баратуғын үш келиншек отырып, ҳә-пә дегенше ҳарлап турған «Нексия» жолға түсти.
-Базарда жағдай төмен екен,-дедим мен аяқ кийимим ҳәм балақларымдағы аппақ шаңды көрип отырғанлардан уялып.
-Несин сорайсыз, аға. Күнде тексер-тексер. Күнде жыйналыс. Кеше ғана ҳәммени жыйнаған еди. Бүгин және. Ким нызамлы ислесе соның изине түседи,-деди шетте отырған (бизлер машинаның артқы орынлығында отырған едик-автор) келиншек күйип-писип.
-Сәл алжасып атырған жоқсыз ба? Ким нызамсыз ислесе қыйын болатуғын еди ғой.
-Бизде керисинше. Инанбасаңыз тексерип көриң. Егер тексериў келсе базардың жартысы затларын жыйнап қашып кетеди. Бул нени аңлатады? Әлбетте, олардың нызамсыз саўда ислеп турғанын!
- Бир орын, бир патент…
- Бизиң базарда жарысынан көби нызамсыз ислеп тур десем асырып айтқан болмайман. Егер бир орын, бир патент болып, орын пуллар банк кассаларына түскенде ме? Базарымыз гүлленип, бул ўақытқа шекем жүрсең аяғыңа шаң илместей дәрежеге келген болар еди. Әттең…
«Аўа, аўа» деп мақулласты ана еки келиншекте. Олар ара-арасында маған көз қыйығын таслап, сынап отырғанын сездим. Шамасы, кеўиллериндегисин ақтара салыўға сәл тартыныңқырап отыр-аў деймен.
-Сонда тексериўлердиң көбейип кетиўиниң себеби неде?-деп сорадым мен олардан.
- Неде болатуғын еди. Олардың дәрти - нақ пул. Жумысты дурыслап шөлкемлестире алмағаннан кейин усылай болады-дә. Болмаса усы нәрселерди ҳүкиметимиз ойламай отыр дейсиз бе? Ойлағаннан кейинде қарарлар қабыл етип қойыпты. Тек соны орынла, ис өз-өзинен жүрисип кетеди. Яқ, олар булай ислемейди. Биреўиниң жеңгеси, және биреўиниң ойнасы, жийени, дайысы, бөлеси, қудасы, қудағайы… базардың жарыдан көби нызамсыз саўда ислеп отыр. Мине, ақыр ақыбет жағдай усыған келип тақалды. Бир-еки күннен берли ҳәммеге патент аласыз деп атыр. Шамасы, жағдай жүдә төменлеп кеткен болса керек,-деди сол шетте отырған келиншек.
-Жағдай төменлемей не қылады? Буның бәрине өзлери себепши. Жумысты шөлкемлестирип билмейди. Пластикке саўда ислемедиңиз деп бақырады. Саатлап ток өшип турады. Бийшара алыс аўылдан келгенлер шыр-пыр болып жүреди. Биразлары шыдамай кетип те қалады. Кешеги жыйналыста касса планын орынламадыңыз деп, үйимизден әкелдирип банке нақ пул салдырды,-деди алдында отырған келиншек гәпке араласып.
- Ертең тексериў ўақтында кассадан өткерместен банкке пул тапсырдыңыз деп және жағамыздан алады. Болмаса дүкан меншигимиз ғо, салмайық демеймиз, саламыз. Кейин бирақ банктен алыў қыйын. Айланба ақша болмай қалады,-деди ортадағы келиншек.
-Банкте 20 миллион сумнан асламырақ ақшам бар. Бир жерге өткерип бермейди. Я болмаса нақ ақша етип бере алмайды. Кейин ким банкке ақша салады. Өзимниң ақшамды ала алмай зыр жуўырып жүрмен. Машина алмақшы едим. Шәртнама әкел дейди. Шәртнама бермейди. Және банкте отырғанлар гилең бир бюрократлар. Мәденият дегеннен наўа жоқ. Өзлериниң жумысларын да дурыслы билетуғынына исенбеймен. Алдыңнан «апа, не жәрдем керек?» деп бир шықпас ширкинлер. Кеше мени биреўи «апа, банкке жумысқа өтип кетпедиңиз бе?» деп мазақлап, күлип отыр. Ал-ҳа, киши бизнес жылы, жеке исбилерменлер жылы дегенлери қайда?..
- Негизинен алғанда дыққат-итибар жақсы нәрсе. Усы тармақ раўажланады…-дей бергеним жаңағы келиншек мениң аўзымды қақпалады.
-Ағажан деймен-аў. Сен мына рәсмий гәпиңди соларға барып айт. Ҳәммеси жақсы, ҳәммеси тап-туйнақтай дей берген менен жумыс бола ма? Патент алдыратуғын болса баяғыдан берли қаяқта жүр еди? Инанбасаң тексерип көр. Усы айдың басынан берли патент аштырғанлар менен өткен жылғыны салыстыр. Сол жуўапкер қанигелериңниң қалтасына неше сум түскенин анықлап аласаң,-деп шыр-пыр болды ортадағы келиншек.
-Соңғы он жылдан берли базардамыз. Қолымыздан келгенше ҳәрекет етип халыққа хызмет көрсетип киятырмыз. Ҳүкиметимизге рахмет қоллап-қуўатлайды, қолайлықлар жаратып бермекте. Бирақ, мына усы жердеги ширкинлер күйдирип тур. Мойнын созады турады, мойны үзилгирлер. Ана нысамсыз отырғанлардан алғаны аздай, бизлерди де тынышымызға қоймайды. Ҳәммеге теңдей болса үндемес едик. Бизлер патент төлеймиз, банкке ақша саламыз. Аналар ше? Қапталдан қосылып саўда ислейди. Салық төлемегеннен кейин затларында арзан сатады. Сол да инсаптан ба?-деди шетте отырған келиншек басын шайқап.
-Сизлер сол адамлар тексериў келгенде затларын таслап қашып кетеди дейсиз. Тексериў келетуғынын қаяқтан биледи?
-Олардан ақша алып, пайдаланып отырғанлардан-дә…
-Сонша жылдан берли райондағы еки базардағы адамды бирме бир сүўретке түсирип алатуғын ўақты болды ғой. -Бизлер не деп отырмыз? Базардың бир мушында жыл даўамында нызамсыз отырғанларды солар билмей отыр дейсиз бе? Районда адам саны белгили, сырттан ҳеш ким келмейди. Ҳәр сапары рейд өткергенде өзлери онша танымайтуғын, өзлерине дерек емес, таныслары нәментайлаўларды услап, акт дүзеди. Сөйтип жумыс ислеген болып отыра береди. Қалталары да толы, жумысы да жүрип атыр. «Қой да аман, қасқыр да тоқ» дегенлериндей…
Усындай гәплер менен болып Нөкиске келип калғанымызды да билмей қалыпбыз. Олар менен хошласып «Айдын жол» базарының қапталында түсип қалдым. Бир ўақытлары гүрлеп турған базардың еле карабаханасы шығып атыр…
Үйге жетемен дегенше кеўлимнен түрли гәплер кешти. Жоқарыдағы мәселелерди арнаўлы түрде барып, үйренип шықпаса болмайтуғын көринеди. Исбилерменлер сол жоқарыдағы гәплерди ядынан тоқып айтып отырмаған шығар, қалайда.
«Еситкен қулақта айып жоқ» дейди бундайда бизиң дана халқымыз. Лекин, солай екен деп бул мәселелерге бармақ арасынан қарап отырыў керек емес шығар деп ойлайман.
|