Главная »
2011 » Март » 28 » Қосымша мүмкиншиликлерге ийе болдық
12:06 Қосымша мүмкиншиликлерге ийе болдық |
Өткен сапары усы Ucoz проектинен блог ашқанымыз туўралы хабар еткен едик. Бүгин және досларымызға өзимиздиң бир неше жаңа проектлеримиздиң мәнзилин бермекшимиз.
Блоггерлик пенен шуғылланыўшылар ЖЖ деп аталатуғын проектен көбирек пайдаланғанды мақул көреди. Бул бираз абыройға ийе ҳәм танылған тармақ. Оның пайдаланыўшыларының саны бир неше миллионды қурайды. Сол ушын, биз бул тармақтан да бир блог ашыўды уйғардық. Оның URL адреси http://http://kkreporter.livejournal.com/ деп аталады. Қәлеўшилер кирип көриўи мүмкин.
Және бир «blog. сом» деп аталатуғын тармақтан ашқан блогимизде бар. Оның адреси http://http://kkreporter.blog.com/ деп аталады. Пайдаланыўға жүдә қолайлы. Излеп табыў мәселеси де бираз жеңил ҳәм қолайлы. Ал siteedit проекти улыўма жақсы нәрсе екен. Егер қәлеўшилер болса оған кирип көриң ҳәм арқайын өз блоглериңизди ашың. Оның URL адреси мынаў: http://kkreporter.siteedit.org/ .
|
|
Просмотров: 1001 |
Добавил: kkreporter
| Рейтинг: 4.0/1 |