Соңғы ўақытлары айырым веб-сайтларда «Өзбекстанда сөз еркинлиги шекленген», «журналистлер ҳақыйқатты жаза алмайды», «…қуўдалайды» деп жазылып киятырғанынан хабарыңыз болса керек. Биз өзимиздиң ҳәрекетлеримиз бенен бул пикирлердиң жалған екенин дәлиллемекшимиз.
Ол ушын көп таярлық көрдик. Үйрендик, излендик. Алып барған журналистлик изертлеўлеримиз барысында көп нәрселерден хабар таптық, қызықлы мағлыўматлар топладық. Оны тарқатыў информация әлеминде «бомба» жарған менен барабар болатуғынына толық исеним арттырдық.
Күтиң! Ғапылда қалмаң, жақын күнлерде Қарақалпақстан Республикасы аймағында Президент пәрманлары ҳәм ҳүкимет қарарлары талапларын орынлаўды үзилиске түсирип, ҳәрекеттеги нызамларды бузып, дәмегөйлик, көзбоямашылық пенен шуғылланып киятырғанлар туўралы анық ҳәм дәл мағлыўмат алыў мүмкиншилигине ийе боласыз. Ең баслысы, Қарақалпақстанда Президентимиз алып барып атырған әдил ҳәм дурыс экономикалық сиясатқа қарсы ҳәрекет етип атырғанлардың кимлер екенин билип аласыз.
Бул туўралы қәлеген адам бизиң сайтымыздан, facebook тағы арнаўлы бетимиздиң дийўалшасынан, ЖЖ дағы http://kkreporter.livejournal.com деген ат пенен аталатуғын блогимизден де оқып барыўы мүмкин. Оның үстине, ол жерлерде жәрияланған материалларды қәлеген мағлыўмат тарқатыў дерегине көширип басыўға рухсат етемен.