Понедельник, 20.05.2024, 09:14
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Май 2024  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
  12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Өзимиз туўралы

Бизиң интернет тармағында жумыс баслағанымызға онша көп ўақыт болғаны жоқ. Соған қарамай усы жерден блог ашып, бүгин мине сизлер менен дийдарласып отырғанымыздан бахытлымыз.

Буннан басқа да бизиң проектлеримиз баршылық. Олардан http://www.kkreporter.uz деп аталатуғын персонал сатымызды, http://kkreporter.livejournal.com деп аталатуғын блогимизди, http://kkreporter.blog.com менен http://kkreporter.hiblogger.net , http://kkblogger.ucoz.org деп аталатуғын блогларымызды көрсетиўимиз мүмкин. Мақсет: қарақалпақ тилиндеги блоглерди көбейтиў. Соның менен бирге қарақалпақ жасларын блоглар ашыўға үйретиўден ибарат.

Бул жерде биз азы кем өзимиз туўралы мағлыўмат бермип кетпекшимиз. Бул проект авторы-Бухарбай Тилеўмуратов, яғный – мен, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңесиниң органы болған «Еркин Қарақалпақтсан» газетасында ислеймен. Кәсибим журналист. Газетаның экономикалық ҳәм социаллық мәселелер редакциясын басқараман.

Интернет журналистикасына қызығып қалыўыма қайсы бир сайттағы Қарақалпақ журналистикасы ҳаққында айтылған «ашшылаў бир пикир» түртки болды. Онда олар бизиң республикамызда басылып шығып атырған газета-журналларды ашық сынға алған екен. Соның ишинде журналистлердиң де адресине бираз гәплер айтылыпты. Тийкарынан дурыс ҳәм орынлы пикир болғаны менен, мениң ойымша, пикир айтыўшы ҳәр қандай жағдайда да өзи үйренип атырған объектти әбден билип алғанннан кейин барып сөз басласа жаман болмайды. Ал бул сапары бизлерди сынға алыўшы болса өзи қай жерлердедур (шет елде демекшимиз-автор) турып, иштеги жағдайларға баҳа бермекши болады. «Көпти жаманлаған көмиўсиз қалады» дейди бундайда бизиң дана халқымыз…

Дурыс, қарақалпақ журналистикасында олқылықлар бар. Оның тийкарғы ҳәм баслы себеплериниң бири бизде журналистика тармағына араласыўшылар көпшилик жағдайда қосық, ямаса гүрриң жазып жүргени ушын бул тараўға келип қалады. Бул бурынғы аўқам дәўириндеги сиясат қалдықлары деп те қарасақ болады. Өкинишлиси, арамызда сол сүрдеўден елеге шекем шыға алмай, гөне жөнелисти өзлерине «мийрас» етип алғанларда баршылық…

Бизде топланған мағлыўматларды оқыўшыға жеткерип бериў усылы сәл басқашарақ. Анығырағы, бизиң журналистлеримиз жадағай жолды таңлайды. Көпшилиги айтып бериў, баянлаў усылы менен мақалалар жазады. Соның менен бирге, бизиң менталитетимизге тән болған «жасы үлкенге қарсы сөйлемеў», «кисиниң кеўлин қабартпаў», «басшыға ҳүрмет, қосшыға иззет» уқсаған қостырңақ ишиндеги «пазыйлетлер» (тийкарынан олардың шын мәнисиндегиси-жүдә бир тәрбиялы, ҳәммеге де несип етебермейтуғын, жақсы пазыйлетлер-автор) бири-биримизге «жуғып», бул бүгинги күнге келип «бийпарўалық,», «бийтәреплик» уқсаған иллетлерге айланып үлгерген.

Мен Қарақалпақстандағы ең узын коридоры бар имаратта жайласқан Нөкис қаласындағы «Баспасөз» үйине 1981-жылы биринши мәрте қәдем таслағанман. Соған шекем тек телевизордан ғана көрген адамлар менен бетпе-бет ушырасып, қолларынан алыў бахтына миясар болдым. Соңын ала олардың көпшилиги менен таныс-билис, аға-үке, дос-яран болып кеткенбиз. Бизиң халқымыздың уллы шайырларының бири Тилеўберген Жумамуратов айтқандай, олардың ҳәр бириниң көкрегинде «жолбарыс жатыр…»ғанының гүўасы болғанман.

Лекин, сол адамлар арасында да, жоқарыдағы санап өткен «кеселликке» шатылғанлары жоқ емес. Олар саўатлы, саналы, өз кәсиплериниң шеберлери болыў менен бирге, өз пикирлеринен қайтпайтуғын өжет (бундай өжетлик тек бизиң адамларға тән болса керек деп ойлайман-автор) , тәкаббыр шахслар. Ҳәтте, олардың арасында, өле өлгенше, бирин-бири мойынламай кеткенлери де бар. Олардың көпшилиги турғынлық дәўириниң нағыз «бел баллары» еди… Әне усы тақлетте раўажланған қарақалпақ журналистикасы бүгинги күнги «тек көргенин баян етиў»ден арыға өтпеў, «жоқарыдан айтылмаған иске қол урмаў», «тапсырмасыз жазбаў», «жеке көзқарасты билдирмеў» деген «түсиниклер» батпағына батып атыр…

Егер жасларымызды интернетте блоглар ашыўға үйретсек, өз пикирлерин ашық айта алыўы ушын жол ашып берсек, керек жеринде өзимиз жиберген қәтени тәкирарламаўы ушын жол жоба көрсетсек, бизде де жағдай жақсылана баслайды деп ойлайман. Жас журналистлерге қосық жазыў менен публицистика, анығырағы, журналистиканың арасында аспан менен жердей парық бар екенин түсиндириўге ҳәрекет етиўимиз керек.

Биринши гезекте, журналисттиң ҳуқықый мәденияты жоқары болыў кереклигин түсинген адам ғана бул тараўда қандай да бир жетискенликке ерисиўи мүмкин. Өмир бойы редакцияға келип-кетип жүрип, нешше-нешше ақ қағаз бетлерин шыжбайлап, ҳеш болмаса оқыўшының ядында қалатуғын бир мақала жазбаған кәсиплеслеримиздиң барлығын билмеймиз бе, ақыры?! Неге оларды көре биле тура жасларымыздың сол жолдан кетиўине жол қойыўымыз керек?!

Ҳәр кимниң «мен»и болыўы кереклигин аңлап жетсек ғана биз бул мақсетлерге ерисемиз. Бул жолда бизге Аллатааланың өзи яр болсын!