Понедельник, 20.05.2024, 07:31
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Август » 14 » «Қатынлар не деп атыр?»…
00:36
«Қатынлар не деп атыр?»…
Өткен сапары Нөкис қаласы ҳәкимиятында жүз берген қолайсыз ҳәдийселер туўралы тарқаған мыш-мышлардың «қулағы бар» гәп болып шықты. Соңғы хабарларға қарағанда, ҳақыйқатында да, Нөкис қаласы ҳәкими ҳәм оның жәрдемшиси пархорлықта айыпланып ҳуқық қорғаў уйымларының шөлкемлескенлик пенен алып барған әмелий жумыслары нәтийжесинде иркиўге алыныпты.

Хабарыңыз бар, биз буннан бурынырақта Нөкис қаласы ҳәкими C.Алланазаровтың Президент пәрманлары менен ҳүкимет қарарлары талапларын орынлаўды үзилиске түсирип, буннан «Нөкис дийхан базары» акционерлик жәмийети ағзалары менен сол жерде саўда-сатық пенен шуғылланып жүрген исбилерменлер тәшўишленип атырғаны жөнинде хабар тарқатқан едик. Жасыратуғыны жоқ, буны ҳәкимияттағы тийисли адамлар «қатынлар не деп атыр» деген анекдоттағыға уқсап қулағына илмеди-аў деймен шамасы. Болмаса дүнья жүзилик интернет тармағында тарқатылған хабарлардан кейин, телпекти бастан алып қойып, «буның кейни қай жерге апарып соғар екен бала» деп бир ойлап көрмеспе, сирә.

Исбилерменлердиң тәшўишлениўинде де жан бар көринеди. Меншик дүканлары бузылып, шыққан шығынлары қапланбағаннан соң олар түрли жоқары турған уйымларға хат жазып, изленип жүр еди. Оның үстине, сол меншигинен айырылған адам өзиниң дүканын қайта қурыў ушын бир нешше миллион сумға акция алыўы керек болатуғын қусайды. Бул гәптиң қаншалық ҳақыйқатқа жақын я алыс екенлигин билмедик-тә, бирақ солай исленген жағдайда оннан акционерлер тийисли тәртипте хабардар етилип барылыўы зәрүр…

Нызамлардан хабары бар адамлар акционерлик жәмийетлерде қосымша акция шығарыў ҳәм оған жазылыўды шөлкемлестириўдиң тәртип қағыйдасы бар екенин жақсы биледи. Егер жоқарыда аты аталған базарда акциялар сол қағыйдалар тийкарында шығарылып, жазылыўшылардан түскен түсим банк кассаларына кирис етилип, қалған жумысларда нызамлы тәртипте алып барылып атырған болса оған ҳеш кимниң қарсылығы жоқ. Егер олай болмай шықса ше?..

– Мына дүканлардың барлығын бирме бир тексерип шығыў керек. Кимдики, ол қалай алған? Дүкан ийесиниң өзи сол жерде саўда ислей ме, я болмаса кимгедур ижараға берип қойып па?-деп өз-ара сөйлесип барытыр еки келиншек. Олар бири-бирине сөз берер емес. Гәпиниң рәмәўзине қарап оларды тап усы базарда жақында ревизия өткерген шығар деп ойлап қаласаң.

– Дүканларды гилең әмелдарлар бөлисип алып, биреўлердиң атына өткерип, ижараға берип отыр деседи, соны да тексериў керек. Өзлери ийелеп, кейин сатып атыр дегенде гәп бар еди. Шамасы олда қалпал гәп емес қусайды-аў. Тийисли адамлар соны тексерсин,- деп сәўбетлесин мақуллады екинши келиншек.

– Солай деўин десекте, қам сүт емген бенде асыға беретуғын қусаймыз ғо. Ҳүкиметке рахмет, жөни менен, ирети келгенде нызамға сәйкеслестирип бежерди бежеретуғынын. Енди бир жағына шығар, қалайда. Берекет тапқырлар әп-әнедей етип услай қойыпты…

Тап усы күнде, Нөкисте бундай гәплерди еки адамның бириниң аўзынан еситиўге болады. Әлбетте, оларға итибар беребериўге де болмайды. Лейкин, есапласпаў да қәте…

…Ҳуқық қорғаў уйымларының алып барған әмелий жумыслары нәтийжели жуўмақланыпты. Сол ушын биз оларды қутлықлаймыз ҳәм алып барып атырған машақатлы жумысларында табыслар тилеймиз.

Қолға алынғанлардың айыплы я айыпсыз екенлигине болса нызамлы тәртипте суд баҳа береди. Ол енди басқа гәп…
Просмотров: 1139 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: