Понедельник, 20.05.2024, 05:51
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Август » 3 » Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог…
15:18
Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог…
2. Мен жигирма жастаман… ямаса жумыссыз қыздың монологы
 

Мектеп пикергеннен кейин колледжге оқыўға түстим. Оқыў орнымыз әжайып имаратта жайласқан еди. Барлық қолайлылықлар бар. Таза ҳәм сулыў еди. Ол жерде оқып билим алдық, көп нәрселер үйрендик, көп жақсы нәрселерди әрман еттик. Барлығы колледжди питкергеннен кейин басланды…

Жумыс таба алмай көп жерлерге сандалып жүрдим. Өзим қатарлы жаслар менен бармаған есигим, кирмеген тесигим қалмады. Биреўи анаў деди, биреўи мынаў
деди. Айырымлары «колледж питкергенлер
түўе жоқары мағлыўматлылар жумыс таба алмай жүр…» деп үстимизден мысқыллап күлди.

Бир күни турмысқа шыққан әжапам үйге қыдырып келди. Олда жумыссыз еди. Бирақ қолында өнери бар. Үйинде отырып кийим-кеншек тигеди. Күн көриси жаман емес. Ара тура Қазақстанға барып келеди. Ол жақта көрпе-төсек тигип сатар екен. Бирақ қәўипли дейди. Әсиресе қыз балалар ушын…

Әжапам бир ўақытлары өзи ислеген гөне қала аймағында жайласқан тигиў фаврикасына апарып көрсетти.. Бийик имаратта жайласқан екен. Ол жер бүгинги күни босап, қаңырап атыр... Бирақ қаламыздың басқа жерлеринде киши тигиў цехлары көп екен. Оларға да кирип шықтық. Ақыр ақыбет менде тигиўшилик пенен шуғыланыўға бел байладым. Дәслеп әжапамнан, кейин басқа бир мастерден сабақ алдым.

…Жумысқа орналастым. Яғный бир исбилерменниң қараўына тигиўши болып кирдим. Ол маған өзине қараслы тигиў цеҳынан орын берди. Тигиў машинасын өзим сатып алдым. Ҳәр күни қол ҳақымды береди. Егер тексериў келсе ўақытша жумысқа шықпай турамыз. Соған қарағанда, оның басқа бир сыры болса керек деп ойлап қоятуғын едим. Бирақ, ақырына шекем түсинип жетпедим.

Сөйтип жүргенде әжапам Қазақстанға ертип кетти. Жумыс бериўшимнен қысқа ўақытқа рухсат сорадық. Сондағы ойымыз барып көре берейик, ол жақта жағдайымыз қандай болады, талабымыз келисе ме, келиспей ме? дегенимиз еди.

Бардық. Көрдик. Расымды айтсам, адам көрмеген қорлықты көрип, қыйландым. Жумыс аўыр екен. Ҳеш қандай қолайлылық жоқ. Шаң тозаңның арасында отырып көрпе, көрпеше тиктик. Оннан аўылымызда жумыссыз жүргенимиз абзалдай түйилди маған. Я мениң талабым келиспеди ме?

Ол жақта көп иркилмей изиме қайттым. Келсем орныма басқа қызды жумысқа алыпты. Бос орын жоқ болып шықты. Илажсыз ол жерден босаўға туўра келди. Мен басқа жерге жумысқа кириў ушын мийнет дәптершесин сорадым. Сонда барып мен бул жерде нызамсыз ислеп келгенимди аңғардым…

Мени ҳайран қалдырғаны, тек сол мен жумыс ислеген имараттың ишинде жайласқан бир тигиў цехының өзинде онлаған жас қызлар жумыс ислейди. Бундай цехлар бес-алтаў. Бәрин қосқанда сол жердиң өзинде 100 ден аслам қыз-келиншеклер тигиўшилик пенен шуғылланады. Мениң өзим ол жерге жумысқа киргениме еки жылға шамаласты. Сонда олардың барлығы маған уқсаған жумыссыз саналар екен-дә…

Кейпиятым жақсы емес. Ата-анамнан уялып жүрмен. Ҳәр күни азанда үйден жумыс излеп шығаман. Нызамсыз болсада сол бурынғы ислеген жериме жумысқа алса ислейжақпан. Мейли нызамсыз-ақ болсын. Ҳеш болмаса жол крей, нан пулымды табаманғой. Ата-анама аўырлығым түспейди.

Айтпақшы, бир-еки жыллықта қурылыста ислеген әжағамда мендей болып алданып қалған еди. Оларға да мийнет ҳақыны нақлай бергени ушын мийнет дәптершесин бермеген. Ақыр ақыбет жумыссыз қалды. Ол ҳәзир шетте жумыс ислеп жүр. Жақында қоңыраў етти, сөйлестик. Дурыслы жумыс таппапты. Зорға нан пул табамыз дейди. Егер жол крейге пул тапқандай болса үйге қайтпақшы қусайды. Бир жағынан әжағамды да ойлап қыйланаман. Қулласы, бир гәп пенен айтқанда, кейпиятым жақсы емес.

Бирақ үмитсиз шайтан дейди ғой. Жақсы болып кет
Просмотров: 873 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 2.0/1
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: