Понедельник, 20.05.2024, 07:19
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Август » 3 » Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог…
15:33
Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог…
3. Өзбекстанда нызам үстинлиги тәмийинленгенлигине исендим… ямаса ислеген жынаяты ушын жазаны өтеп келген жигиттиң монологы
 

Буннан илгерирек сәўбетлескенимизде мен сизге исенбеген едим. «20 жыллыққа 20 монолог» деген темада жәриялап атырған материалларыңыздың алдынғылары менен таныстым. Балам компьютерге қызығады. Бир ўақытлары әперип қалғанымыз жақсы болған екен…

Оқып отырып, көзиме исенбедим. «Бизде де усындай нәрселерди жазса болады екен ғо…» деп гүбирленгенимди билмей де қалыппан. Мойынлаўым керек, мен бундай пикирдиң басына әлле қашан-ақ келип болғанман. Тек соған жүрек ететуғын, ҳақықый журналистлер жоқлығына өкинер едим.

…«Өзбекстанда нызам үстинлиги тәмийинленген» десе исенбейтуғынлардың бири мен едим. Биреўлерге ерип, «исбилерменлик усындай болады екен ғо» деп көп нәрсени былғап таслапбыз. Күни келгенде «гүзе сынды». Шалғайақлап көрдик. Көп жерлерге жаздық. Излендик. Нәтийжеси болмады. Ислеген жынаятымызға ылайық жазамызды алдық…

Сол жақта отырған жыллары көп нәрселер туўралы ойладым. Өзим ислеген ҳәрекетлериме баҳа бердим. Ақыр ақыбет, егер мен сол ҳәрекетлеримди нызамлы ислегенимде басқаша болатуғынына көзим жетти. Жасырмайман, «дүзелип» қайттым.

Өкинишлиси, сол ўақытлары маған нызамсыз ҳәрекет етиўге «жол қойған», анығырағы, «ийтермелеген» жергиликли ҳәмелдарлардың еле сол жуўапкерли лаўазымларды атқарып киятырғанында болып отыр. Олардың бюрократлығы, дәмегөйлиги нәтийжесинде мен сол ислерге қол урғанымды билмей де қалған едим. «Өзлери жуўап береди», «ҳәмме де солай ислеп атыр» деп өзимди жубатып, ҳүжданыма қарсы ҳәрекет еттим. Әттең…

Егер сизди дурыс түсинген болсам, ең соңғы жигирмаланшы монологта бизлер туўралы ашық жазбақшысыз. Сол «Журналисттиң монологы»на мына нәрсени келтириўди умытпаң: «Мен мәмлекетимиздиң ертеңги күнине, Президентимизге исенемен!». Мениң атымды да қосып қой. Мейли, мен туўралы билетуғынларға бул сабақ болсын. Алжаспасын. Адаспасын.

Мениң де хабарым бар, бизиң республикамыз жөнинде көп болмағур гәплерди жазып атыр. (Ол интернеттеги ҳәр қыйлы алды-қашты гәплерди нәзерде тутпақта-автор). Бәри жала. Ким жазаланып атырған болса өзлери ислеген жынаятына бола жазаланбақта. Мен де солардың биримен.

Иште отырғанда кимниң не ислегени, қандай айыбы ушын жазаланғаны мәлим болып қалады. Оны өзлериде мойынлайды. Қам сүт емген бенде, қамалмастан бурын не демегенди дейсең. «Қамақтағыларды қыйнайды», «азаплайды» деген гәплерге де исене бермең. Дурыс, ҳуқықынан айрылған адам ушын аңсат болмайды. Ол жердиң өзиниң заңы-законы бар. Айыбыңа ылайық жазаңды аласаң…

Быйылғы жылғы байрамды үйде, бала-шағамның алдында күтип алып атырғанымнан қуўанышлыман. Байрамнан кейин иске кирисемен. «Соқыр таяғын екирет жойытпайды» деген емес пе? Буннан кейин мен ҳадал ислеп, Ўатанымыздың гүллеп раўажланыўына үлес қосаман. Перзентлерим, олардың нурлы келешеги ушын жасамақшыман. Неге дегенде, Өзбекстанымыздың келешегине исенемен!

Айтпақшы, сизден бир өтиниш, биринши монолог-интервьюин жәриялаған исбилерменниң сөзиниң даўамын шәртли түрде жәриялаң. Ҳәмме күтип отыр. Мениң өзимде де үлкен қызығыўшылық пайда болды…
Просмотров: 825 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: