Понедельник, 20.05.2024, 06:44
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Август » 7 » Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог…
12:49
Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог…


4. Айып нызам талапларынының орынланыўын қадағалаўы тийис жергиликли қанигелерде… ямаса өзиниң ертеңги күнинен тәшўиште жүрген айдаўшының монологы

Илгерилери ижараға автомашина таўып айдағаныма мәс болып жүр едим. Себеби жумыссыз үйде жатыў диңкемди қуртып жиберген еди. Енди билсем ҳәзирги усы жүргенимде де жумыссыз екенмен…

Дурыс, биз фирмаға бириктирилгенбиз. Былайынша алып қарағанда Ҳүкимет қарары тийкарында дүзилген юридикалық тәрепте жумыс ислеп атырғандайман. Негизинде ондай емес. Бул атына ғана солай.

Үш жыл болды усы тармақта жумыс ислеп киятырғаныма, бир мәрте болса да мийнет дем алысына шығып көрмедим. Ҳәтте аўырып қалған күнлеримде де машинаның тийкарғы ийесине «план» тапсырғанман.

Нөкисте рәсмий мағлыўматларға қарағанда 1500 ден аслам жөнелисли таксилер жолаўшыларға траспорт хызметин көрсетер екен. Олар 40 тан аслам юридикалық тәреплерге бириктирилген. Солардың көпшилиги маған уқсаған «жумыссызлар»…

Есапта жоқ машиналардың (жөнелислерде нызамсыз жүрген «Дамас»лардың демекши-автор) саны қанша? Егер ҳәммеси нызамларда көрсетилгениндей болғанында ма еди? Мениң ойымша, экономикамыз буннан да бетер раўажланып, ҳәзирги фирмалар деп аталып жүрген кәрханлар ҳақыйқый кәрхана дәрежесине көтерилип, нызам талапларына ылайық ислей баслаған болар еди.

Мениң булай деп отырғанымның себеби соңғы ўақытлары бул тармақта бир қанша түсиниксиз ўақыя ҳәм ҳәдийселер жүз бермекте. Тексериўлер көбейип кетти. Базы бир фирма басшылары «отырып» шықты, айырымлары еле тергеўге қатнап жүр. Айтыўшылардың гәпине қарағанда, олар тапқан табысының көпшилик бөлегин салықтан жасырып қалып атырған көринеди.

Жоқарыда айтқанымдай, бул тармақта жумыс ислеп атырғаныма еки-үш жыл болды. Бул жердеги жағдайлардан азлы-көпли хабарым бар. Айырым фирмалардың кимлерге тийисли екенинде еситип жүрмиз. Ол жердеги жағдайлар оннанда аўыр. Неге дегенде, олардың «пышығына пыш» дейтуғын адам болмағаннан кейин, «етиктиң қонышынан басып» жүр. Қысқа мүддетли тексериўлер менен рейд-тексериўлери де оларды айланып өтеди. Булар ҳәммеге мәлим сыр…

Биз тийкарынан «планды» машинамыздың тийкарғы ийесине тапсырамыз. Белгиленген ставка бар. Машинаның жағдайынада қаралады, әлбетте. Фирмаға шәртнама бойынша төлеймиз, төлемли хызмет көрсететуғын бәндиргилер, «бақыраўықлар», басқа да бизди тексериў ҳуқықына ийе шөлкем «ўәкиллери» ушын төленетуғын «төлемлер» буған кирмейди.

Енди есап етип көриң, ҳәр күни бир машинадан бар жоғы сол фирмаға төленетуғын төлем ғана банк кассаларына кирис етиледи. (Жоқарыда айтып өткенимдей, оларда толық тапсырылмайтуғын көринеди). Қалған 25-30 мың сум, (есап етиң бир машинадан), ал Нөкисте рәсмий түрде жүриптурған 1500 машина бар деп есапласақ ҳәм оны сол суммаға көбейтсек ҳәр күни неше миллион сум банктен тыс айланатуғыны мәлим болып қалады.

Ҳәр күни бир тармақтан 30-35 милион сум банктен тыс айланып атырған болса буған қайсы ҳәм қандай экономика шыдам бере алады деп ойлайсыз?! Бул бар жоғы бир қала мысалындағы көрсеткишлер…

Мени тәшўишлендиретуғын нәрселерде мине усылар. Жасым да биразға барып қалды. Денсаўлықтың да мазасы жоқлаў. Ертең қалай пенсияға шығамыз, шыға аламыз ба, жоқ па? ол жағы да қараңғылаў болып тур.

Булардың барлығын саған атыңды көрсетпеймен дегеннен соң айтып атырман. Ертең анаў-мынаў гәп болып, айдап жүрген машинамнан айрылып қалып жүрмейин. Бала-шағам бар. Ҳаялым үйде, бийталап, балалар…

Просмотров: 720 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 1
1 Кеунимжай  
0
Барлыгы дурыс. Бирак сол маршрутлар кимдики екенин жазыу керек. Копшилик Янгибаевтын маршруты бар, Нокистин бурынгы прокурорынын маршруты бар дейди. Соларды жазын. Министрлердин машиналары лицензиясыз журеди дейди соны аныклан

Имя *:
Email *:
Код *: