Понедельник, 20.05.2024, 08:45
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Август » 13 » Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог…
06:53
Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог…
5. Өзгеристи ҳәр ким өзинен баслаўы тийис… ямаса Қарақалпақ блоггериниң монологы
 

«Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог…» саўға етиў мақсетинде баслаған жаңа проектимниң соңында «Журналисттиң монологы»н бериў арқалы оған жуўмақ жасамақшы едим. Болмады. Басқаша жол тутыўыма туўра келмекте. Неге дегенде, буннан бурынғы мениң менен сөйлескенлердиң ҳеш бири де өзлериниң атын көрсетиўимди қәлемеди…

Оларды түсиниўге болады. Өйткени, ҳәр ким өзи ушын жуўап береди. Солай екен деп аты-жөни көрсетилмеген «монологларды» бериўди даўам еттириў болса бизге қолайсыз болмақта. Ойлап көрдим. Ақыр ақыбет, өзгеристи ҳәр ким өзинен баслаўы тийис деген шешимге келдим.

…Мениң журналистика дүньясына кирип келгениме 30 жылдың дөгереги болып қалды. Бул тараўда аз ба, көп пе тәжирийбе арттырдым. Турмыста көргеним де, кеўилге түйгеним де жетип артады. Демек басқаларға өрнек болыўы ушын да ашық әңгимени өзим баслағаным мақул болатуғын көринеди.

Мақсетке муўапық болыўы ушын, мен гәпти соңғы он жыллықта көрген-билгеним, жоқарыда айтқанымдай, кеўилиме түйгенлерим туўралы даўам еттиргеним мақул болар деп ойлайман.

Ғәрезсизликке ерискенимизге саррас 20 жыл толды. Дәслепки 10 жыллықта жас ҳэм ғәрезсиз мәмлекетимиздиң тырнағын қаладық. Ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында ертеңги айдын келешегимизге жаңадан жол салдық. Мақсетимизди белгилеп алдық. Оған басқышпа-басқыш өтиў кереклигинде белгилип қойдық. Соның нәтийжесинде бүгинги күни дүнья тән алған раўажланыўдың «Өзбек модели» пайда болды.

Айтылып ҳәм жазылып киятырғанындай жас мәмлекетимиз қысқа ўақыт ишинде көп нәрселерге еристи. Әсирге татырлық, мақтаныш етсе жарасқандай жумыслар исленди. Сол себепли бизди дүнья таныды ҳәм тән алды.

Жолбасшымыз болған ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен исленген ислер жақсы ҳәм унамлы нәтийже берип, турмыстың түрли салаларында мол табысларға еристик. Халық хожалығында өсиў ҳәм раўажланыўлар жүз берди. Жаңадан заводлар, фабрикалар қурылды, жоллар, көпирлер, турақ жайлар, мектеп, колледж имаратлары қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды. Темир жоллар менен халық аралық аэрофортлар қурып пикерилди ҳәм иске түсирилди. Бундай унамлы өзгерислер елимиздиң абрайына абрай қосып, инвестициялар ағып келе баслады. Биз бенен бирге ислесиўди қәлеўшилердиң қатары көбейди.

Бизиң алдымызға қойған баслы мақсетлеримиздиң бири – елимизде ҳуқықый пуқаралық жәмийет орнатыў. Ол ушын ең бириншилер қатарында сөз еркинлиги тәмийинлениўи тийис болады.

Жасыратуғыны жоқ, бул тармақта да белгили дәрежеде жетискенликлерге еристик. Цензура бийкар етилди. Ғалаба хабар қуралларының қатары көбейди. Олар заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинленип, жәҳән стандартларына жуўап беретуғын дәрежеге жеткерилди. Дерлик барлық басылымлар толық компьютерлестирилип, телевидение ҳәм радиолар ең соңғы заманагөй аппаратуралар менен тәмийинленди. Интернет тармағына айырықша итибар қаратылды. Бүгинги күнге келип Өзбекстан бойынша интернеттен пайдаланыўшылардың санының 8 миллионнан асып кеткениң өзи-ақ бул гәпимиздиң айқын дәлили бола алады.

Дурыс, соған қарамай бизди еле бармақ пенен көрсетип, өткир сын астына алып киятырғанлар баршылық. Мен усы тармақта қәлем тербетип киятырған бир журналист сыпатында бунда өзимниң де айыбым бар екенин мойынлайман. Өйткени, жоқарыда келтирип өткенимдей, бизге жумыс ислеў ушын барлық қолайлылықлар жаратып берилди. Нызамлар, қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилди. Олар ҳеш бир раўажланған мәмлекетлердиң нызамларынан кем емеслигин биз жақсы билемиз. Соған қарамай, мойынлаўымыз керек, биз өзимизди көрсете алмадық. Президентимиздиң шақырықларына ис пенен жуўап бере алмадық…

Бурынғы аўқам дәўириндеги идеялогия батпағына батқан жоқары буўын кәсиплеслеримиз тапты бузғыс келмеди. Орта буўынлары болса көп ойлап отырмай олардың изинен кетти. Жасларға туўры жол көрсететуғынлар аз болды. Нәтийжеде жылдан жылға басылымларымыздың оқыўшысы азайып, қызығыўшылар мағлыўматты сол жоқарыда айтқан интернеттеги веб-сайтлар менен мыш-мышлардан излей баслады…

Буны көрип ҳәм сезип отырған бизди көре алмайтуғын, бәрҳә тырнақ астынан кир излеп, турмысымызда жүз берген анаў яки мынаў ўақыя ҳәм ҳәдийселерди бөрттирип көрсететуғынлар орын алған жағдайдан өз мақсетлери жолында пайдаланыўға ҳәрекет етип атыр. «Өзбекстанда сөз еркинлиги шекленген», «интернеттиң душпаны», «ҳақыйқаты айттырмайды, жаздырмайды» деген гәплерди тоты қустай қайталайбертуғын веб-сайтларды ҳәр күни оқып жүрген кәсиплеслеримиз оларға қарсы пикир айтып, дәлиллесиў орнына өзлерин шетке алып киятырғаны түсиниксиз болып қалмақта.

Буннан еки жыл бурын мен усы олқылықларды толтырыўға үлес қосыў мақсетинде блоггерликке қол урдым. Ҳеш қандай кыйыншылықларсыз ҳәм қарсылықсыз UZ доменинен орын алып, өзимниң веб-сайтымды аштым. Мине соннан берли өзим топлаған материалларды усы жерде жәриялап киятырман.

Дәслепки ўақытлары базы бир «тәжирийбели» кәсиплеслерим «абайлы бол», «жазады екен деп жаза берме», «сонша мийнет еткениң менен бизиң басшылар оны оқымайды, қуры жаман атлы болғаның қалады»ға уқсаған мәсләҳәтлер бере баслады. Шыдадым ҳәм өзимниң билгенимнен қалмадым.

Хабарыңыз бар, усы жыл Ташкентте болып өткен «Алтын қәлем» Миллий сыйлығы ушын өткерилген YI халықаралық таңлаўда интернет журналистика номинациясы бойынша 1-орында ийелеп, жеңимпаз болдым. Бул, мениң ойымша, бизиң елимизде сөз еркинлиги тәмийинленгенин ҳәм оны раўажландырыўға мәмлекеттиң өзи тийкар жаратып атырғанын көрсетеди.

Таңлаўдан кейин бизге итибар күшейди. Қәўендерлер менен қалыс жәрдем бермекши болғанлардың қатары көбейди. Жасыратуғыны жоқ, (бул туўралы буннан бурында айтқанман) дәслеп биз ҳаўалақлап олар менен ислеспекши де болып жүрдик. Бирақ кейин өзимизди жыйнап алдық. Неге дегенде, олардың алдымызға қойған «талаплары» менен «қызығыўшылық» шеңбери бизиң көзқарасымыз ҳәм пикирлеримизге сәйкес келебермеди.

Солай етип соңғы 10 жылықта жүз берген ўақыя ҳәм ҳәдийселерге тоқтайтуғын болсақ, биз биринши гезекте оны сәўлелендириўге қандай үлес қосқанымызды еслеп өтиўге туўра келеди…

Кейинги он жыллықта жүдә үлкен жумыслар исленди. Әсиресе бизиң республикамызда халық хожалығының барлық тараўында айтарлықтай жетискенликлер қолға киргизилди. Олар туўралы ўақтында айттық ҳәм жаздық.

Соның менен бирге, айырым кемшиликлергеде жол қойылды. Бул туўралы мен республикалық баспасөз бетинде қатар сын мақалалар жәрияладым. Айтайық, Нөкис қаласындағы «Катекс» кәрхансының, «Траллебус депосы»ның банкротлық ҳалатлары туўралы, сол ўақытлары қурылысы жүрип атырған колледж ҳәм мектеп қурылысларындағы былғасықлар: нақ ақшаның нақластырылыўы, қурылыстың сапасыз ҳәм шала қурылыўы, ажыратылған қаржының мақсетсиз сарпланыўлары туўралы кең жәмийетшиликке хабар тарқаттық.

Сырттан, айланба жоллар арқалы контрабандалық товарлардың кирип келип атырғаны, олардың экономикамызға тәсири туўралы ашық айдын сөз еттик.

Киши бизнес тараўындағы үлкен машқалалар, бул тармақты раўажландырыў мақсетинде қабыл етилген Пәрман ҳәм Қарарлардың орынланыўының үзилиске түсирилиўи туўралы онлап мақалалар жәрияладық.

Қала ҳәм айырым районлардағы базы бир кәрханалардың қараўсыз қалғаны, талан-тараж болып атырғаны туўралы жар салдық.

Жергиликли қанигелер арасындағы коррупция, парахорлық, дәмегөйлик, көзбоямашылық, бюрократлықлар туўралыда өз пикиримизди айта алдық. Жоқары оқыў орынларындағы жағдайлар, мектеплердеги айырым қәте кемшиликлер туўралы да көзқарасымызды баян еттик.

Блоггер сыпатында Нөкис қаласында жүз берип атырған ўақыяларға тоқтадық. Сол ўақыттағы Нөкис қаласы ҳәкими Ж.Бердихановтың жиберген қәте-кемшиликлерин ашып бериўге ҳәрекет етик.

«Нөкис дийхан базары» акционерлик жәмийети акционрелери менен исбилерменлерден келип түскен шағым арзалар бойынша алып барған журналистлик изертлеўлеримиздиң нәтийжесин усы жерде берип барыўға ҳәрекет еттик. Жасыратуғыны жоқ, ол жердеги жағдай елеге шекем жөнге түспеди. Мениң ойымша, базар ҳәм оның әтирапындағы мәселелер менен әлле қашан-ақ ҳуқық қорғаў уйымлары шуғылланатуғын ўақыт жеткен болыўы керек. Қалайда, бизиң қолымыздағы топлаған материаллар соны көрсетпекте.

Бул жердеги ҳуқықы шекленген онлап исбилерменлердиң арзалары Өзбекстан Республикасының Бас прокуратурасынан тартып усы жердеги барлық басқарыў уйымларына жиберилген. Жасыратуғыны жоқ, оларда орынлы ҳәм нызамлы талаплар қойылған. Олай болса не ушын бул жердеги жағдайларға нызамлы баҳа берилмейди?..

Өзбекстан Республикасы Конститутциясында белгиленген нормалардың бузылып, бул жердеги исбилерменлердиң меншик ҳуқықының шеклениўиниң өз-ақ акционерлик жәмийетте жағдай жақсы емеслигин аңлатады. Оның үстине, соңғы жыллары акционерлик жәмийетте тез-тез басшылық өзгерди. Ол жерде көп жыллардан берли алып барылып атырған реконструкция жумыслары болса созылып кетти ҳәм ол ушын миллионлап банк кредитлери сарпланбақта.

Бурын Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығының орынбасыры болып ислеген, кейин исбилерменлик пенен шуғылланған Б. Муртазаев, прокуратура қанигеси А.Исметов, Хожели районы ҳәкиминиң орынбасары болып ислеп келген С.Сабиров ҳәм тағы басқа бир қатар ҳәмелдарлар менен көп муғдардағы мәмлекеттиң мүлкин талан-тараж еткен, дәмегөйлик ҳәм көзбоямашылық пенен шуғылланған банк, салық, бажыхана хызметкерлери, мәкан пуқаралар жыйыны баслықлары туўралыда айтылды.

Ашық айтыўымыз керек, үстинен жынаятлы ис қозғатылып, кейин амнистия акти қолланылып жазадан азат етилген қатар министрлик, айырым ири кәрхана басшылары туўралы жазыў нийетимиз болғаны менен үлгермей атырмыз. (Олар туўралыда алдағы ўақытлары усы жерде мағлыўмат тарқатыўға ўәде бермиз)

Солай етип, өзгеристи ҳәр ким өзинен баслаўы тийис. Буны бизден ўақыт талап етпекте. Оның үстине, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2010 жылдың 12-ноябри күни болып өткен Олий мажилис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде жасаған баянатында алдымызға қойылған талапларды орынлап, оны саррас турмысқа ендириў бизиң әдиўли ўазыйпамыз болмағы дәркар.
Просмотров: 753 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: