Понедельник, 20.05.2024, 07:19
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Август » 7 » Қырғызстан: Сиясий аўытқыўлардың ақыбети жақсылыққа алып келетуғын түри жоқ
08:45
Қырғызстан: Сиясий аўытқыўлардың ақыбети жақсылыққа алып келетуғын түри жоқ

Республикадағы соңғы он жыллықта изли-изинен жүз берген аўдарыспақ халықтың силесин қурытып, күн көрисин төменлетип жиберди. Оның үстине, республикадағы сиясий жағдайдың күннен-күнге шийеленисип барыўы онысызда ҳалы қурыған әпиўайы адамлардың жүйкесин тоздырып, ғәзебин келтирмекте.

Бир сиясатшы Бишкектиң атын өзгертиў мәселесин көтерсе, және биреўи пайтахтың дәл ортасындағы «Азатлық» естелигин Қырғызстанның бурынғы Президенти А.Акаевтың ҳаялының келбетин еслетип кететуғынлығы себепли өзгертиў керек деген баслама менен шықпақта. Ендиликте бир ўақытлары Пишкек, кейин ала Фрунзе, ал ең соңғы мәрте Бишкек деп өзгертилген Қырғызстан пайтахтының атын Манас деп атамақшы.

Бул өзгерислердиң ҳеш қайсысы да қәрежетсиз болмайтуғыны анық. Қырғызстанлы сиясатшылар арасында оған бас қатырып атырғанын табыў қыйын.

Усындай бир пайтта, өткен жылғы қыян-кести ғалаўытлардың ўақтында елден шығып кеткен жаслар ҳәр қыйлы экстремистлик ағымларға қосылып, таярлықлардан өтип атыр деген мыш-мышлар тарқамақта. Бул хабарды Қырғызстанның тийисли министрликлериниң рәсмийлери тастыйықламағаны менен оны бийкарламады да. Бул әпиўайы пуқаралардың әбден тәшўишлениўине тийкар жаратпақта…

Просмотров: 734 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: