Понедельник, 20.05.2024, 09:44
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Август 2011  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Август » 7 » Өзгерислер изге қайтпаслығы анық болды
08:40
Өзгерислер изге қайтпаслығы анық болды

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетинде "Давлат ҳокимияти ва бошқаруви органлари фаолиятининг очиқлиги тўғрисида”, "Оммавий ахборот воситалари фаолиятининг иқтисодий асослари тўғрисида”, "Оммавий ахборот воситалари давлат томонидан қўллаб-қувватлаш кафолатлари тўғрисида” ҳәм"Телерадиоэшиттиришлар тўғрисида”ғы Өзбекстан Республикасы нызамлары жойбарларының додаланғанлығы туўралы хабарды еситип қатты қуўандым.

Бул, бириншиден, елимизде соңғы ўакытлары Президентимиз басшылығында басланған өзгерислердиң изге қайтпаслығының дәлили болса, екиншиден, усы нызамлар алдыннан қабыл етилген ҳәрекеттеги нызамларымызды және де толықтырып, ҳақыйкатында да, бизиң хуқықый пуқаралық жәмийет қурыўымызға тийкар жаратады.

Және бир айта кететуғын нәрсе, усы күнге шекем елимиздиң адресине түрли тутырықсыз гәплерди айтып келгенлердиң де үстинен шықтық. Әне енди гәп «ийт үреди, кәрўан көшеди»ге барып тақалды. Мейли енди олар не десе, сол десин. Жоқарыдағы ҳәрекетлерден кейин көпшилик олардың айтқанларында ҳеш қандай мәни қалмағанын аңғарып жетеди…

Буннан ишки жағдайлар, анығырағы өзимиздиң турмысымызда да көп өзгерислер болары турған гәп. Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларында ислеўши хызметкерлер өз ўазыйпаларына басқаша катнас жасап, Президентимиз шақырықларына ис пенен жуўап қайтарса барлығының кеўилдегидей болып кетери анық.
Жеке өзим ҳәзирдиң өзинде иске кирисип кеттим. Жумысларымды қайта көрип шықпақтаман. Жазғанларымды анализ етип, олардың айырымларын конкрет фактлер менен толықтырыў кереклигин, айырымларына улыўма басқаша қатнас жасаў зәрүрлигине түсинип жеттим.

Быйыл «Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлер жылы». Оның да мине алты айы жуўмақланды. Қандай ислер исленди? Кимлер оған үлес қосты? Кимлер қарсылық көрсетпекте? Оларға бирме бир тоқтап өтпегимиз дәркар.

Жаслар тәрбиясы мәселесинде нелер исленди? Олардың бүгинги күнги мағлыўмат алыўға болған талабы қанаатландырарлы ма, жоқ па? Республикалық жаслар газетасының оқыўшыларының қатарының жүдә төменлеп кеткенинен хабарым бар. Ал интернеттеги веб-сайты болса ўақтында жаңаланбайды…

Басқа тийисли шөлкемлер, айырым кәрўан басы болған ғалаба хабар қураллары да өзлериниң интернеттеги орнын таба алмай атыр. Ал жаслар болса соңғы ўақытлары сол тәрепке «көшти». Буны биз, жоқарыда айтып өткенимиздей, жаслар газетасының жазылыўшылары (оқыўшылары демекши едим-автор) азайып кетиўинен де көриўимиз мүмкин. Демек, бул - олар мағлыўматты сол бизиң адресимизге, анығырағы бизиң республикамыз жөнинде ҳәр күни, ҳәр саатта бир тәреплеме мағлыўмат тарқатып киятырған веб-сайтлардан алыўға мәжбүр болады дегенин аңлатпай ма? Буған жол қойыўға болмайды. Жаслар келешегине итибарсызлық, ертеңги күнимизге итибарсызлық пенен барабар екени сөзсиз.

Жоқарыдағыдай нызамлар қабыл етип, бизге мүмкиншилик жаратып бергенлерге жуўабымыз усы ма?

Келиң, бул сораўларға биргеликте жуўап излеп табыўға ҳәрекет етип көрейик…


Просмотров: 741 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: