 Ақмаңғытлы электр тармақлары бөлиминдегилер, бул халықтың аўзында бар, жийе болсада қолланылып туратуғын ибараны қалай түсинип, қалай қабыл етип жүргенин билмедик-тə, бирақ оған туўырыдан-туўры əмел қылғаны көринип-ақ тур. Сол ушын болса керек, олар «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қаттыағар аўылында жасаўшы халыққа бир суткада 12 саат ғана электр энергиясын берип, үнемлеў мəселесинде басқаларға қарағанда «белсендилик» көрсетип, бираз алға шығып алған көринеди…
Буннан биз редакцияға 60қа шамалас адам қол қойған шағым арза менен келген, сол аўылда жасайтуғын бир топар ҳаяллардан еситип, хабар таптық. Жасыратуғыны жоқ, арзада сəл «қосыңқырап» жазылғаны көринип турар еди. «16-18 саат элетр энергиясыз отырған күнлеримиз де болды… Қақ маңлайымызда, жолдың қарама-қарсы тəрепинде мал фермасы жайласқан. 24 саат, ол жерде ҳеш қандай шеклеўлерсиз свет жанып турады… малдан да қəдирсиз болғанымыз ба?!» деген ғəзепли қатарларды оқып отырып шыдай алмадық. Сол күнниң ертесине-ақ районға жетип барып, жағдайды үйрене басладық.
Дəслеп мениң өзим районлық электр тармақлары филиалы баслығы М.Жаббарбергенов пенен пуқаралар жыйынына келип, ол жердиң ақсақалы Е. Төребаев пенен ушырасып, сөйлестим. Ол дəрҳəл сол жерге жақын туратуғын, арзаға қол қойған пуқараларды топлап берди. Биргеликте гүриңлестик. Олар өзлериниң шағым хатты өз қоллары менен жазғанын, буннан бурын районлық электр тармақлары филиалында, ҳəкимият ҳəм өзин-өзи басқарыў уйымларында болғанын, нəтийже шықпағаннан кейин Нөкиске барып респрокуратураға, Қарақалпақстан Республикасы электр тармақлары басқармасына, газета редакциясына жазба түрде мүрəжəт еткенлерин айтты.
Биз редакцияға жиберилген хат бойынша үйрениў жумысларын алып барып атырғанымызды, онда сөз етилген мəселелер менен танысып болғаннан кейин, оған көзқарасымызды газета арқалы билдиретуғынымызды айтып, ўəде берип қайттық. Айтпақшы, азанда районға келгенимде ҳəким менен ушыраса алмаған едим. Сол ушын арза ийелери менен сөйлесип болып, жағдайдан хабардар етиў мақсетинде оған жолығып кетиўди мақул көрдим.
Нөкис районы ҳəкими Ерғалий Сейтназаров арза менен танысып болып, дəрҳəл телефон ға асылды. «…Түстен кейин саат төртке мектептиң залына арза жазғанларды жыйнасын» деп ол кемлергедур көрсетпе берди. Кейин, ол маған қарап: «Биргеликте барып сөйлесейик, 60қа шамалас адам қол койған арзаны итибарсыз қалдырыўға болмайды» деди.
Ўəделескен ўақытта, айтылған мектеп залына арзаға қол қойған адамлардың бəри топланбағаны менен, сол дөгеректегилердиң басым көпшилиги келип отырған екен. Олардың арасында сол редакцияға хатты алып барып бергенлер де бар еди.
Нөкис районы ҳəкими Ерғалий Сейтназаров топланғанлар алдына шығып, өтмиштен, бизиң бүгинги күнимизден мысаллар келтирип сөз баслады. Негедур бир ўақытлары бизиң халқымыз электр шырақларысыз, көримсиз жайларда, бүрге-бийитке таланып жасағанларын еследи. Ата-бабамыздың жекеннен тоқылған шыптада отырғанын, мектеплердиң болмағанын - қулласы, жүдə қыйналып турмыс кеширгенин мысаллар менен айтып берди. Кейин бизиң ғəрезсизлик заманымызда балаларымыздың əжайып мектеп, колледжлерде оқып-билим алып атырғанын мақтаныш етти.
-Усындай бир пайытта 16-18 саатлап элетр энергиясы берилмейди дегенге исенбеймен,-деди ол.
-Бул жағдай үш-төрт күн ғана болды. Авария жүз берген еди,-деп анықлық киргизди бул гəпке усы жердиң аўыл пуқаралар жыйыны ақсакалы Е. Төребаев. -Ҳəзир шеклеў, белгиленген графиктен шығып турған жоқ…
- Жазы менен 10-12 саатлап светсиз отырамыз. Алған азық-аўқатлық затларымыз бузылып, зая болып атыр. Тек материаллық ҳəм мораллық жақтан жəбир шегип қалмастан, Конститутция менен қорғалатуғын ҳуқықларымыз да шекленип атыр. Адамларға уқсап телевизор көрип, дем алыў деген нəрсени умыттық. Той-мерекемиз болатуғын болса диспетчерлерге бир нəрсе апарып бермесек, ток берилмейди. Бул не жағдай?-деп жабырласты залдағылар.
Районлық электр тармақлары филиалы баслығы, сол жердеги нəўбетши қəнигелер менен бирме-бир сөйлесип, ақыр ақыбет ҳəким бул жерде 12 саатлап электр энергиясы өширилип қойылатуғынын анықлады…
Ушырасыў соңында болса, олар өз-ара келисип, жағдайға бола суткасына 6 саат электр энергиясыз отырыўға разылық берди. Соның менен адамлар үйли-үйлерине, бул жердеги жағдайды турақлы қадағалап барыўға ўəде берген ҳəким - район орайына, ал, мен болсам - Нөкиске қарай жол алдым.
Қатты ағар аўылы турғынларының аўыр күнлери арқада қалғаны рас болғай. Негизинде, бизиң халқымыз «Айдың ярымы қараңғы болса, ярымы жақты» деген ибараны усындай да қолланады. Буны районлық электр тармақлары бөлиминдегилер уғып алса, жаман болмас еди.
|