|
|
Главная » 2011 » Февраль » 12
Бул гəплерди «Нөкис дийхан базары»ның бурынғы Буденный (бүгинликте Ж.Сейтова деп аталады) көшесиниң аяғы менен жийеклес, ҳəзирги базардың қандай да бир еки этажлы таза имараты салынып атырған, буннан бир неше жыл бурын онлап меншик жайлар бузылып, орнына бир қабатлы саўда шақапшалары салынған бөлегиндеги дығырыққа жайласқан шет ел валюталары менен саўда ислейтуғын «қара базар»дың (көпшилик оны «валюта базары» деп атайды) қапталынан өткенде еситпей жүрген адам аз болса керек. Олар сениң ким болыўыңнан парықсыз, алдыңнан жуғырып шығып, «доллар аламыз, доллар… рубль, теңге…» деген гəплерди тəкирарлап, тиленшилик етип жүрген циганлардай бираз жерге шекем изиңнен қалмай, ерип жүреди.
Жумысқа баратырып та, жумыстан киятырып та бул жағдайлар менен дусласа бергеннен кейин көзиң де, қулағын да үйренисип кетер екен. Илгерилери оларға бир түрли болып қарап туратуғын едим.
...
Даўамы>>>
Просмотров:
829
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Базар экономикасының өзине тəн нызамлылықлары бар. Оның менен есапласпаў, мойынламаў жақсы нəтийжелерге алып келмейди. Биз сөз етпекши болып отырған əңгимемиздиң «қаҳарманлары» əне усы əпиўайы қағыйдаларға əмел қылмағаны ушын да қəтеге жол қойған. Бирақ олардың бул қəтеси, биринши гезекте өзлерине қымбатқа түсти…
Жасыратуғыны жоқ, соңғы жыллары банктен кридит алып жумыс баслап жақсы көрсеткишлерге ерисип атырғанлар туўралы тез-тез еситетуғын болып жүрмиз. Бул бар гəп, бар жағдай. Өткен жыллар ишинде банклеримиз тəрепинен киши бизнести қоллап- қуўатлаў мақсетинде жүдə көп муғдардағы қаржылар ажыратылды. Бир неше онлап өним ислеп шығаратуғын киши кəрханалар, цехлар ашылып, иске түсирилди.
Лекин, тилекке қарсы, усындай бир пайтта, өзлериниң билип-билмей ислеген қəтелери себепли елимизде алып барылып атырған экономикалық реформалардың аяғына тусаў болып, оның сəт
...
Даўамы>>>
Просмотров:
958
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
 Ақмаңғытлы электр тармақлары бөлиминдегилер, бул халықтың аўзында бар, жийе болсада қолланылып туратуғын ибараны қалай түсинип, қалай қабыл етип жүргенин билмедик-тə, бирақ оған туўырыдан-туўры əмел қылғаны көринип-ақ тур. Сол ушын болса керек, олар «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қаттыағар аўылында жасаўшы халыққа бир суткада 12 саат ғана электр энергиясын берип, үнемлеў мəселесинде басқаларға қарағанда «белсендилик» көрсетип, бираз алға шығып алған көринеди…
Буннан биз редакцияға 60қа шамалас адам қол қойған шағым арза менен келген, сол аўылда жасайтуғын бир топар ҳаяллардан еситип, хабар таптық. Жасыратуғыны жоқ, арзада сəл «қосыңқырап» жазылғаны көринип турар еди. «16-18 саат элетр энергиясыз отырған күнлеримиз де болды… Қақ маңлайымызда, жолдың қарама-қарсы тəрепинде мал фермасы жайласқан. 2
...
Даўамы>>>
Просмотров:
709
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Электрон почтамды дерлик ҳəр күни тексерип тураман. Келген хатларды оқып көрип, илажы болғанынша оның авторларына жуўап бериўге ҳəрекет етемен. Ең болмағанда рахмет айтаман.
Əлбетте, ол жерде көтерилген мəселелер бойынша сораў ийелерин толық қанаатландырарлықтай жуўап жазыў аңсат емес. Себеби олардың мазмуны да, мəниси де ҳəр қыйлы. Базы биреўлер улыўма маған қатнасы жоқ, жеке тəртипте шешилмейтуғын, қандай да бир дүнья жүзилик əҳмийеттеги мəселелерди қозғаса, айырым оқыўшыларымыз көрген-кеширгенлерин баян етип, солар туўралы жазылған өзлериниң кеўил кеширмелерин бизиң сайтымызда жəриялаўды сорайды.
«Демократия…» жөнинде жазылған пикирлеримизге келген хатларды айырып қойып едим. Бүгин келген мына хатты да оқып шығып, соларға қосып қоймақшы болдым. Бирақ оның мазмун
...
Даўамы>>>
Просмотров:
541
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Азанда жумысқа келиўден бир қатар кəсиплеслерим менен сəлемлесип шығаман. Тек бул мениң киши пейиллигимнен ғана емес, ал жанымның «жаңалыққа» қумарлылығынан да болса керек. Көпшиликтиң аты көпшилик. Биреўдиң билмегенин биреў биледи. ..
«Еситтиң бе, аға» деп гəп баслайды олардың айырымлары сəлим-əликтен кейин-ақ. «Не болып қалыпты?» деймен мен оны дыққат пенен тыңлап атырғанымды билдирип. «Арқа Кория менен Қубла Кория арасында жəне тартыслы ўақыя жүз берген қусайды». «Пакистанда да жағдай жақсы емес» деп ол кешеги террористлердиң жарып жибериўлери нəтийжесинде көп адамлардың набыт болғаны ҳəм жарақатланғаны туўралы айтып берди.
-Индия да не болып атыр?- деп сорадым мен.
-Айта қалғандай жаңалық жоқ. Кейинги хабарлардан соң тым-тырс…
Кейинги кəсиплесим Россия хабарлары бойынша «қанигелескен». «Путин
...
Даўамы>>>
Просмотров:
686
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Өткен жылдың екинши ярымынан соң бул гəплерди баспасөз бетине алып шықпақшы едик. Бир мəрте тийип қашып болса да орын алып атырған машқалалар жөнинде сөз де еткен болдық. («Еркин Қарақалпақстан» «Пəрман ҳəм қарар талапларының үзилиске түсирилиўиниң себеп ҳəм ақыбетлери»). Бирақ қандай да бир себеплер араласып оны даўам еттире алмадық…
Президентимиздиң 2010-жыл 12-ноябрь күнги Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Нызамшылық палатасы ҳəм Сенатының қоспа мəжилисиндеги «Мəмлекетимизде демократиялық реформаларды жəне де тереңлестириў ҳəм пуқаралық жəмийетти раўажландырыў концепциясы» деп аталатуғын баянатынан соң баслаған исимизди даўам еттириўге зəрүрлик барар екенин түсинип жеттик. Бул ҳəрекетимиз бенен биз усы концепцияда Президентимиз тəрепинен алдымызға қойылған ўазыйпаларды саррас ис жүзине ендириўге үлес қосқан боламыз.
Концепциядағы: «Бүгин биз демокр
...
Даўамы>>>
Просмотров:
582
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
ЯМАСА ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОЛИЙ МАЖИЛИСИ НЫЗАМШЫЛЫҚ ПАЛАТАСЫ ҲƏМ СЕНАТЫНЫҢ ҚОСПА МƏЖИЛИСИНДЕГИ БАЯНАТЫН ОҚЫҒАННАН СОҢҒЫ ОЙЛАР
Сөз еркинлигин ҳəр ким ҳəр қыйлы түсинеди. Кимдур кеўлине не келсе соны айтабериўди, жəне биреў өзинен бир пағана жоқары лаўазымда турған адамға қарап сөйлей алыўды, басқалары болса улыўма басқа түсиникте…
Əлбетте, оның қатып қалған қағыйдасы жоқ. Солай екен деп аўзыңа не келсе соны айтып былжырай бериўге де болмайды. Мениңше, ҳақыйқатты мəдениятлы, жасап атырған жəмийет нызамлылықларынан келип шығып, менталитетимизди умытпаған ҳалда еркин айта алыў - бул сөз еркинлиги анықламасына жақынырақ келсе керек. Қалай да, өзим усы принципте ҳəре
...
Даўамы>>>
Просмотров:
641
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
ЯМАСА ОҒАН ҚАРСЫ АЛЫП БАРЫЛЫП АТЫРҒАН ƏМЕЛИЙ ЖУМЫСЛАР ҲƏМ ОЛАР БОЙЫНША ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫНДА ТАРҚАТЫЛЫП АТЫРҒАН МАҒЛЫЎМАТЛАР ТУЎРАЛЫ БИЗИҢ ДЕГЕНЛЕРИМИЗ
Бүгин жумыста бир жасыуллы журналист пенен болған əңгимеден соң қатты қапа болдым. Мен оны ҳүрмет ететуғын едим. Оның жазған мақалаларын бəрҳама дыққат қойып оқып бараман. Ҳақыйқатында да жақсы нəрселер жазады. Лекин оның бүгинги айтқан гəплеринен соң ойланып қалдым…
Азанғы пайт. Ол мени өзиниң жумыс ислейтуғын ханасына шақырып газетаның («Еркин Қарақалпақстан») алдыңғы санларының биринде жəрияланған мақаламды орынсыз жазғанымды, оны жазбаўым керек еке
...
Даўамы>>>
Просмотров:
1048
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Журналист болғаннан кейин республикамыз аймағындағы район ҳəм қалаларда тез-тез хызмет сапарында болып тураман. «Жүрген дəрья, жатқан бойра» дейди бизиң халқымыз. Ҳақыйқатында да, бул ҳақ гəп. Көпти көресең, көп нəрсе еситесең.
Жасыратуғыны жоқ, соңғы ўақытлары көпшилик автотранспорт хызметиниң жақсыланғанын, қəлеген ўақытта, қəлеген жериңе барыў мүмкинлигин айтысады. Бул бар гəп, бар жағдай. Əсиресе, пайтахттан алыс районларға киши көлемли автобуслар менен жеңил машиналар (лицензия алған, əлбетте) қурдай қатнап тур. Автобусларда тастыйықланған график бойынша жүреди.
Ташкентке, басқа да қоңысы республикаларға барыў ушын қолайлылықлар жаратылған. Барлық қолайлылықларға ийе шет елде ислеп шығарылған заманагөй автобуслар жолаўшылардың хызметинде. Жол ҳақысын төлесең болғаны…
Гəптиң бəри əне, усы, жол ҳақыда болып тур. Жақында мен алыс районлардың биринде
...
Даўамы>>>
Просмотров:
694
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Ҳүрметли Президентимиздиң кешеги қоспа мəжилисте шығып сөйлеген сөзин дыққат пенен тыңладым. Газетада басылып шыққан вариантында қайта көзден кеширдим. Алдағы ўақытлары журналист сыпатында Президентимиз алдымызға қойған ўазыйпаларды қандай еткенде кеўилдегидей етип орынлай аламан деген саўалларға жуўап изледим.
Блоггерлик пенен шуғыллана баслағанлы берли пикирлеримди хатқа түсирип үйренип кеткенлигим себепли (размышлять в слух) жəне компьютеримниң алдына отырдым. Жаздым, сыздым, жаздым…
Жақында ғана Ташкентте болып өткен «Пуқаралық жəмийети институтлары сестимасында ғалаба хабар қуралларының орны ҳəм ролин беккемлеў мəселелери» темасында болып өткен халықаралық конференцияда Пакистанның «Дэйли ньюс» газетасының хабаршысы Сажжад Маликтиң: «Елиңизде ғалаба хабар қуралларының жумысына байланыслы нызамшылықты раўажландырыўға айырықша итибар қаратылмақта. Мəм
...
Даўамы>>>
Просмотров:
588
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Мениң ол туўралы жазғым келмеген еди. Лекин, оның өзим менен хошласып атырып айтқан сөзлери маған тынышлық берер емес. Жатып ойланаман, турып ойланаман. «Неге ол маған солай деди екен?» деген саўалға жуўап таба алмай-ақ қойдым…
…Еки күн бурын бир танысымнан «жоқары оқыў орынларына бакант орынлар ушын (түрли себеплерге бола оқыўға келмей қалған студентлердиң орынларына) балаларды қабыл етип алып атыр екен?» деген хабарды еситип жоқары оқыў орынларын айланған едим. Айырым жуўапкер қанигелер менен ушырасып, олардан, ҳақыйқатында да, бундай жумыслар жүрип атырғанын анықладым.
Мен оны (атын айтқым келмей отыр, сол ушын «мистер Х» деп атағаным мақул болар) сол күни ушыратып қалған едим. Ол сәлем әликтен кейин, мениң усы, жеке сайтым туўралы гәп ашып қалды.
-Сайтыңызға кирип көрген едим, расымды айтсам,
...
Даўамы>>>
Просмотров:
616
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Бизиң халқымызда бурыннан-соңлы «суўдың да сораўы бар» деген даналық гəп бар. Ол мəзи айтылмаған. Бирақ оның шын мəнисин уққан уғып, уқпаған уқпай-ақ өтип кетеберетуғын қусайды-аў…
Абайлаған болсаңыз, соңғы ўақытлары бизиң республикамыз аймағында ҳəрекет етип турған ғалаба хабар қуралларында айырым лаўазымлы адамлардың қылмыслары ашық жазыла баслады. Анығырағы, газеталарда олардың нызамсыз ҳəрекетлери туўралы тийип-қашып болсада сөз етилмекте. Жəрияланған материалларда сол шахслардың өзлери ийелеп турған ҳəмеллеринен пайдаланып нызамсыз жоллар менен көп муғдардағы мəмлекет ҳəм жеке пуқаралардың мал-мүлкин талан-тараж еткенликлери туўралы гəп барады. Соған қарағанда, сол биз жоқарыда айтып өткен, халық данышпанлығын писент етпей, оның маңызын шаға алмай жүргенлердиң «сораўға» жуўап беретуғын ўақты жетип келген көринеди.
Əлбетте, бул жерде мен сол басылымларда жə
...
Даўамы>>>
Просмотров:
882
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Мениң ушын бул сораўға жуўап табыў аңсат болмаса керек. Неге дегенде, өзим де усы тараўда ислеймен, анығырағы, сол басылымлардың оқыўшыларды өзине тарта алмай атырғанына белгили дәрежеде жуўапкер журналистлердиң биримен... Қарап турсаң бәри орны-орнында. Газеталар ўақтында шығып тур. Әп-әнедей мақалаларда берилип атыр.
Бүгинги оқыўшыны қандай темалар қызықтырады? Олар газета арқалы қандай мағлыўматлар алғанды қәлейди? Өзлери анаў яки мынаў мәселеге көзқарасын билдиргиси келе ме? Булар биз ушын қараңғы. Себеби бул бойынша жақын арада қандай да бир сораўнамалар өткерилипти дегенин еситпедим. Оған бас қатырып отырғанларда болмаса керек. Өйткени, бүгинги қарақалпақ журналистикасында усындай бир кейпият сезиледи.
Дурыс, ўақты-ўақты менен устаз журналистлердиң мазмунлы, мәнили, қызығарлы мақалалары жәрияланып турады. Олар шекленген. Ал қалғанларымыз өзлеримизди
...
Даўамы>>>
Просмотров:
733
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Интернетте блоглер ашып, күнделик жазатуғын болғаннан кейин электрон почтамызға хат жазыўшылардың саны көп. Мен оларды дерлик ҳәр күни оқыйман. Адреси: kkreporter@mail.ru Олар дүньяның түрли мәмлекетлеринен, түрли миллеттиң ўәкиллеринен келеди. Илажы болғанынша жуўап бериўге ҳәрекет етемен. Жақында қызық бир ўақыя жүз берди. Почтамды ашсам маған BANK PNB PLC тен (Банк PHB требование) деген темада хат бар екен. Оқып көрдим ҳәм өзимди бир сәтке милионерлердей сезиндим. Неге дегенде менен мына мазмундағы хат алған едим-дә.
CONTACT US BANK PHB Head Office Address Plot 707 Adeola Hopewell Street, Victoria Island, Lagos. Tel: +2348039452882 to 4617350 Email: phbcustomerrelations@gmail.com phbcustomerrelation@yahoo.com OFFICE OF THE TRANSFER OPERATIONAL MANAGER
ВНИМАНИЕ: победитель, П
...
Даўамы>>>
Просмотров:
593
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Есиңизде болса, биз жеке сайтымызды ашқанлы берли бир емес, бир неше мəрте бе интернет туўралы сөз еттик ҳəм өз пикирлеримизди билдирдик.
Жасыратуғыны жоқ, олар бойынша электрон почтамызға келген хатларды оқып қайыл қалмадық. Өйткени, ол жерде бизиң адресимизге де бир талай «жыллы» гəплер айтылыпты. Ҳəтте, бир хат авторы бизди «қарақалпақта адамларды интернет оқыйды деп ойлап жүргениңе қарағанда қыялпаразлардың ушабасына шыққан қыйлымысаң деймен…» деп, қатырып сөгипти.
Өткен күни жумыстан қайтып баратырып бир топар студентлер менен жол жөнекей сөйлесип келдим. Олардың дерлик барлығы (7-8 бала бар еди-автор) компьютерге қызығар екен.
-Сизиң сайтыңызға кирип тураман, жаман емес,-деди олардың мени таныйтуғынларының бири. –Бирақ соңғы ўақытлары жаңаламай кеттиңиз ғой? Оқыўшыларыңызды ойламайсыз ба?
-Жумыслар баса-бас, қол тиймей атыр, иним. К
...
Даўамы>>>
Просмотров:
629
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Кеше жумысқа баратырып жаслар газетасында ислейтуғын бир кəсиплесим менен жолдас болдым. Ол жүдə ашық кеўил, не ойласа соны бетиңе айта салатуғын жас журналистлердиң бири.
Бир-еки жыллықта ол «Жылдың ең белсенди журналисти» деп тəн алынған еди. Сонда ол компьютер менен сыйлықланды. Соннан берли тез-тез интернетке кирип туратуғын көринеди.
-Кеше веб-сайтыңдағы жазғанларыңды оқып көрдим. Барлығы дурыс. Бирақ бизлерде интернетти көпшилик оқый бермейди. Сол ушын сол мəселелерди тезирек газетаға алып шығыўың тийис,-деди ол.
-Соңғы мағлыўматларға қарағанда республикамызда интернеттен пайдаланатушылардың саны 6 миллионнан асып кетипти. Ал дүнья жүзинде мағлыўмат тарқатыў бойынша интернет биринши орынға шықты…
-Дурыс, оған гəпим жоқ. Бирақ бизде, мениң ойымша, сениң жазғанларыңды тийисли адамлар оқымағанша пайдасы жоқ. Ал олардың интернеттеги қан
...
Даўамы>>>
Просмотров:
764
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Бизиң блогимизге хош келипсиз! Интернет берген мүмикиншиликлерден кеңнен ҳәм өнимли пайдаланыў ушын ҳәр қашан излениўде болыўымызға туўра келеди. Мине биз өзимиздиң және бир блогимизди ашып отырмыз. Бул жерге тез-тез кирип турсаңыз бизиң күнделигимиз бенен танысып барасыз.
Сондай-ақ бизиң интернеттеги http://www.kkreporter.uz деп аталатуғын персонал веб-сайтымызға кирип, бизиң мийнетлеримиз бенен танысыўыңызға болады. Болмаса http://kkreporter.livejournal.com деп аталатуғын Живай журналдағы ( ЖЖ) блогимизге кирип көриң. Егер биз бенен буннан да жақынырақ танысқыңыз келсе http://kkblogger.ucoz.org , http://kkreporter.blogspot.com ссылкаларына (силтемесине) басып, ucoz ҳəм blogspotcom дағы ж
...
Даўамы>>>
Просмотров:
536
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
|
Мине биз бүгин сиз бенен интернеттиң жаңа бир тармағында ушырасып отырмыз. Жаңа блогимизди ашыўдан мақсет досларымыз бенен кеўлимизде жүрген гәплер менен ортақласыў. Анығырағы, күнделик гәплерди хатқа (эл.варианты нәзерде тутылмақта-автор) түсириўден ибарат.
Жасыратуғыны жоқ, соңғы ўақытлары турмысымызда көп өзгерислер болып атыр. Жаңалықлар көп. Әсиресе, өзим ислеп атырған «Еркин Қарақалпақстан» газетасында бир қанша өзгерис ҳәм есте қаларлық ўақыялар жүз берди. Газетамыздың юбилейин өткердик. Газетамыздың веб-сайты кирилде ашылатуғын болды. Адреси:(http://www.erkinkk.kr.uz) кирип көриўиңиз мүмкин. Алдағы ўақытлары Қарақалпақстандағы ең белгили сайтлардың бирине айланыўынан үмитимиз бар.
Дурыс, бизиң UZ доменинде де блогимиз бар. Адреси: (http://www.kkreporter.uz ). Оны биз келешек
...
Даўамы>>>
Просмотров:
595
|
Добавил:
kkreporter
|
Дата:
12.02.2011
|
| |
|