Суббота, 04.04.2026, 22:02
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Февраль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
28
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Февраль » 12 » Айта берсең гəп көп…
19:39
Айта берсең гəп көп…

Азанда жумысқа келиўден бир қатар кəсиплеслерим менен сəлемлесип шығаман. Тек бул мениң киши пейиллигимнен ғана емес, ал жанымның «жаңалыққа» қумарлылығынан да болса керек. Көпшиликтиң аты көпшилик. Биреўдиң билмегенин биреў биледи. ..

«Еситтиң бе, аға» деп гəп баслайды олардың айырымлары сəлим-əликтен кейин-ақ. «Не болып қалыпты?» деймен мен оны дыққат пенен тыңлап атырғанымды билдирип. «Арқа Кория менен Қубла Кория арасында жəне тартыслы ўақыя жүз берген қусайды». «Пакистанда да жағдай жақсы емес» деп ол кешеги террористлердиң жарып жибериўлери нəтийжесинде көп адамлардың набыт болғаны ҳəм жарақатланғаны туўралы айтып берди.

-Индия да не болып атыр?- деп сорадым мен.

-Айта қалғандай жаңалық жоқ. Кейинги хабарлардан соң тым-тырс…

Кейинги кəсиплесим Россия хабарлары бойынша «қанигелескен». «Путин өйткен екен, Путин бүйткен екен», «Медведивиң де бəле, Путинге баш бережақ емес» деп, «сиясий көзқарасын» билдиреди.

Жəне бир кəсиплесим бəрҳəма əтирапындағылардан наразы. Жол крейдиң 400 сум болып қымбатлап кеткени, ўақтында мийнет ҳақымызды ала алмай жүргенимиз, кеше телевизордағы қайсы бир көрсетиўди көрип нерви ойнағанын, ҳаялының да усындай бир қыйын қыстаў ўақытлары пул сорап жанына тийип жүргенлерин бир бастан айтып, ҳəз етип «жарылады».

Жасы үлкен, арамыздағы тəжирийбелилеў деген бир кəсиплесимиздиң ислери бəрҳəма жобалы. Оның айтыўына қарағанда, «жобада» кешке шекем не ислейди, ким менен ушырасады, ким менен сөйлеседи барлығы жазылған. Ҳəтте, «шепке жүриў» мəселеси де «жобаға» киргизилип, оны да ўақтында орынлаўға ҳəрекет етермиш…

Банга ҳəм Нострадамус болжаўлары менен қызығатуғын кəсиплесимиз де бар. Оның айтыўына қарағанда, анығырағы сол болжаўларға көре келеси жылы Арал теңизи толысып 70-жыллардағы кəддине келермиш. «Илайым, айтқаның келсин» деймен мен оның жаўырынынан қағып. Ол болса мениң марапатлағанымнан рухланып «болжаўлар» бойынша пикирин тереңлестире келе «ақыр…»ды айтыўдан мен оны тоқтатып таслап, « сол гəпти айтқанлардың қара бассыларына болсын!» деп шығып кетемен.

Мен өзим жумыс ислейтуғын кеңсеме кириўден изимнен жаңағылардың айырымлары кирип келеди. Енди биз республикамызда жүз берип атырған жаңалықларды «талқылаўға» өтемиз. Ким қай жерге барды, ол кимниң ағайини я болмаса танысы екенлиги əбден «үйренип шығылады». Егер оның түп дерегин анықлай алмасақ, кимнендур сорап көриў зəрүрлиги бар екенине келисим беремиз. Ондай жерде көпшилигимиз бул мəселеде еле «қам» екенимизди мойынлаймыз. Неге дегенде, бундай жерде билгишсиниўден пайда жоқ. Сəл жерде қəте «болжаў» айтып қойсаң болмайды. Ертең гəп «пəленшениң гəпи қурсын»ға барып тақалады.

Илгериректе бир кəсиплесимиз республикамыздағы өзгерислер жөнинде айтаман деп, басы бəлеге қалды. Енди биреў сəл гүмилжилеў гəп айтып қалса, ҳəзил-шыны аралас, «онда бул гəптиң анығын Пəленшеден сорап көриў керек» дейтуғын болып жүрмиз.

-Кеше соңғы қоңыраў болып өтти, балларымыз питкерип атыр еди, быйыл оқыў мəселеси не болып атыр екен?-деп сорап қалды бир кəсиплесимиз күтилмегенде.

Усындай сораўды күтип турғандай оның қасында турған жигит: «Не болатуғын еди, жылдағыдай, қəрежетиң болса…» деп енди аўзын аша бергени, жəне бир кəсиплесимиз оны тоқтатып:

-Қойсаңыз-дə қаяқтағыларды айтпай. Билимиң болмаса пулың роль ойнамайды,-деп бизлерди кейип таслады.

-Олай дейин десек мына репититорларың айырымлары əлле қашан «киретуғынлардың списоги шығып кетти» десип атырған көринеди. Февральдан қалғанларға «үстеме» қосылып, «баҳа» пəлен сумды қурағанбыш,- деди күни менен үндемей турған кəсиплеслеримиздиң бири гəпке араласып.

-Булардың бəри мыш-мыш. Бундай гəплерди анықлап болып айтыў керек, жигитдердиң қолынан услап алғандай етип айтасызлар, «қолға түспеген уры емес» деген емес пе? –деп шыр-пыры шықты бағанағы бизди кейип таслаған кəсиплесимиз.

Қулласы, биз бул мəселеде бир тоқтамға келе алмадық. Оның үстине ўақытта болып қалды, иске кирисиўимиз керек. Газетаның ертеңги санына … районындағы көшелердиң бирине аты қойылған жерлесимиз туўралы материал таярлаўым керек. Мине оның өмир баяны. Көп жерлерде мийнет ислеген екен. Партия хаткери… хим, ҳим… қулласы, ылайықлы адам. Мен жаза басладым «… районының турғынлары ендигиден былай бурынғы Пушкин көшесин… ел сүйген азамат… тиң аты менен атайтуғын болды»…

Айта берсек гəп көп. Қалғанын келеси сапар даўам еттире берермиз.

Просмотров: 687 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: