Воскресенье, 05.04.2026, 01:54
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Июль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
25262728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Июль » 17 » Базарлар ҳәм олардың дөгерегиндеги гәплер
17:06
Базарлар ҳәм олардың дөгерегиндеги гәплер

Тап усы күнде «байдың баласы болғанша, базардың баласы бол» деген ибараны қолланатуғынлар көпшиликти қурайды. Сол ушын да, кейинги пайытлары естиярлы жигитлер базардың дөгерегинен шықпайтуғын болып жүр. Бири бузса, бири қурады. Ол жерлерде «күйгенлер» де бар, сол «күйгенлер» есабынан бираз нәрсени, ертеңги «қара күнимизге» жарап қалар-аў деп, көптен қыпсалап, «түйгенлер»де бар.

Әлбетте, буған тийкарынан, төртинши ҳәкимият деп айтылатуғын ғалаба хабар қуралларының раўажланыўындағы шәлкем-шалыслықлар себепши болып атырған болса керек десек, асырып айтқан болмаймыз. Егер журналистлеримиз өз ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен қарап, елимиз Президентиниң шақырықларына ис пенен жуўап берип, ҳәрекеттеги нызамлар менен ҳүкимет қарарларын айланып өтип атырғанлар туўралы өз ўақтында кең жәмийетшиликти хабардар етип барғанда, жағдай тап усы дәрежеге барып жетпеген болар еди.

Жасыратуғыны жоқ, айырым базарлардағы кейинги бес-алты жылдан берли алып барылып атырған реконструкция ислери көпшиликтиң ғәзебин келтирмекте. Ҳәр сапары базарға келгенде аппақ шаңға малынып қайтып жүрген адамның аўҳалын бир көз алдыңызға келтирип көриң. Оның үстине, сол жерлерде техника қәўипсизлигиниң сақланбай атырғанын, санитариялық талаплардың бузылып атырғанын түсиниў ушын жетик қәниге болыўдың зәрүрлиги жоқ.

Жоқарыдағыдай «жақсы нийетлер ушын», соңғы жыллары миллионлап банк кредитлеринен пайдаланылғанлығын анықлаў ушын да көзи ашық болыў шәрт емес…

Базарлар ҳәм олардың дөгерегиндеги гәплер ҳәр қыйлы. Сол ушын бул мәселени тереңиреқ үйренип шығыў талап етиледи. Биз жақында Төрткүл районында болып қайттық. Базарлары менен таныстық. Жақында газетаға үйрениўлеримиз нәтийжеси бойынша аналитик мақала жәриялаў нийетимиз бар. Оны усы жерден де оқыўыңыз мүмкин болады…

Просмотров: 570 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: