Воскресенье, 05.04.2026, 00:46
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Июль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
25262728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Июль » 17

Тап усы күнде «байдың баласы болғанша, базардың баласы бол» деген ибараны қолланатуғынлар көпшиликти қурайды. Сол ушын да, кейинги пайытлары естиярлы жигитлер базардың дөгерегинен шықпайтуғын болып жүр. Бири бузса, бири қурады. Ол жерлерде «күйгенлер» де бар, сол «күйгенлер» есабынан бираз нәрсени, ертеңги «қара күнимизге» жарап қалар-аў деп, көптен қыпсалап, «түйгенлер»де бар.

Әлбетте, буған тийкарынан, төртинши ҳәкимият деп айтылатуғын ғалаба хабар қуралларының раўажланыўындағы шәлкем-шалыслықлар себепши болып атырған болса керек десек, асырып айтқан болмаймыз. Егер журналистлеримиз өз ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен қарап, елимиз Президентиниң шақырықларына ис пенен жуўап берип, ҳәрекеттеги нызамлар менен ҳүкимет қарарларын айланып өтип атырғанлар туўралы өз ўақтында кең жәмийетшиликти хабардар етип барғанда, жағдай тап усы дәрежеге ... Даўамы>>>

Просмотров: 569 | Добавил: kkreporter | Дата: 17.07.2011 | Комментарии (0)

Бүгинги күни, ҳеш кимге сыр емес, Нөкисте гөш тынбай қымбатламақта. Айырым жерлерде 1 кило гөш 14 мың сумды қураған болса, базы бир арнаўлы гөш дүканларында сүйексиз гөштиң килосын 18 мыңға шықты деседи…
 
Буның нақ ақшаның банктен тыс айланысына да тәсири бар. Неге дегенде, биздеги бар мағлыўматларға қарағанда көпшилик гөш шеңгеклеринде түскен түсим толығы менен банк кассаларына кирис етилмес екен. Улыўма ол жерлерде касса аппаратлары ислеп турғанын көрген адамның өзи аз болса керек.
 
Просмотров: 533 | Добавил: kkreporter | Дата: 17.07.2011 | Комментарии (0)

Веб-сайтымыз бенен айланыспай қойғанымызға бираз ўақыт болып қалды. Мен бул ўақыт ишинде бир неше районда хызмет сапарында болып қайттым. Көп нәрселерди көрдим. Бираз гәплер еситтим. Бирақ оларды хатқа түсириўге ўақыт таба алмадым. Турмыс тәшўишлери…

Мине және компьютерим алдында отырман. Әдеттегидей, дәслеп интернеттиң «арғы басынан кирип, берги басынан шықтым». Көп жаңалықлар болыпты.

Президентимиздиң быйылғы жылғы кәсиплик байрамымыздағы қутлықлаў сөзинен кейин, айырым жуўапкер қанигелер интернетке дыққат аўдарар-аў деген ойда едим. Бирақ ҳәзирше сезилерли өзгерис көрмедим. Жерлеслеримиздиң көпшилиги әтирапында жүз берип атырған анаў яки мынаў ўақыя ҳәм ҳәдийселер туўралы рәсмий мағлыўматты ғалаба хабар қуралларынан емес, ал мыш-мышлардан излемекте. Олардың болса шеги көринер емес.

Әсиресе, соңғы ўақытлардағы айыр ... Даўамы>>>

Просмотров: 509 | Добавил: kkreporter | Дата: 17.07.2011 | Комментарии (0)