17:26 Бийпарўалықтан қашан қутыламыз? | |
ӨЗБЕКСТАН ЖУРНАЛИСТЛЕРИНЕ АШЫҚ ХАТ
Ассалаўма әлейкум! Бул хатты сизлерге қарақалпақстанлы әпиўайы бир журналист жазып отыр. Оны жазыўды болса маған ҳүжданым буйырды. Гәпти узақтан айландырып отырмақшы емеспен. Сол ушын туўырыдан- туўры мақсетке көшкенди мақул көрип отырман. Жасыратуғыны жоқ, бүгинги күни дүньяда жүз берип атырған ўақыя ҳәм ҳәдийселер кимди болсада тәшўишлендирери турған гәп. Оннан биз, журналистлер жақсы хабардармыз. Лекин, солай болыўына қарамай, негедур оларға ҳеш қандай қатнас билдирмей, оған тамашагөй болып, сырттан қарап отырғанымызды ҳеш түсине алмай атырман. Бизиң жас ҳәм ғәрезсиз мәмлекетимиз басып өткен 20 жыл ишинде республикамызда әсирге татырлық ислер әмелге асырылды. Бул бар гәп, бар жағдай. Жетискенликлеримиз өзимиздики. Оны бизден ҳеш ким тартып ала алмайды. Ҳеш ким бийкарлай алмайды. Бизиң таңлаған жолымыздың дурыс екенлигин ўақыттың өзи дәлиллеп берди. Дүнья тән алды. Усындай бир пайытта, айырым бизиң жетискенликлеримизди көре алмайтуғын, алдыларына қандайдур мақсетлер қойып алған «сыртқы күшлер» тәрепинен бизиң жас республикамызға қарата айтылып атырған гәплерди, анығырағы исленип атырған ҳәрекетлерди (дыққат қаратың «ҳәрекетлерди») көре-биле турып қол қаўсырып, бийтәреплик етип, оған жуўап қайтармай отыра бериўди бийпарўалық деп билемен. Ҳәр сапары мен бундай гезлери Өзбекстан Республикасы Президенти И.А.Каримовтың «Жоқары мәнеўият-жеңилмес күш» китабындағы «… әтирапта жүз берип атырған ҳәдийселерге бийтәреп ҳәм бийпәрўа қарап, қуры бақлаўшы болып жүретуғын адамнан қорқыў керек. Олардан ҳеш қашан жақсылық шықпайды. Өйткени, оларда я ийман, я ерк-ықрар болмайды. Олар ҳәтте өз халқы ҳәм Ўатанының тәғдирине де мисли жат адамдай қарайды» дей келе, көрнекли философлардың бириниң: « …Душпанлардан қорықпа, көп болса, олар сени өлтириўи мүмкин, дослардан қорықпа-көп болса, олар саған қыянет етиўи мүмкин. Бийпәрўа адамлардан қорық-олар сени өлтирмейди де, сатпайды да, тек олардың тым-тырыс ҳәм бийпәрўа қарап турыўы себепли жер жүзинде қыянет ҳәм адам өлтириўшиликлер жүз береди» деген пикирлерин еске аламан. Ҳақыйқатында да, бийпарўа ҳәм бийтәреп адамлардың себебинен жәмийетте түрли намақулшылықлар орын алады. Мен олай болыўын қәлемес едим. «Өзбестанда сөз еркинлиги шекленген», «баспасөз ҳәм ғалаба хабар қуралларында ҳақыйқатты айттырмайды, жаздырмайды», «журналистлер қорқыў астында» ҳәм соған уқсаған гәплерди ҳәр күни тоты қуслардай тәкирарлайтуғын радиоларды еситпедик, интернет тармағындағы веб-сайтларды көрмедик деп айта аласыз ба? Егер оннан ҳақыйқатында да бийхабар болсаңыз, ашшы болсада айтаман, онда сизлердиң журналист деген атты көтерип жүриўге ҳақыңыз жоқ. Лекин еситип жүрип мойныңызды ишиңизге тартып жүрген болсаңыз, онда сизиң ким болғаныңыз? Бул сизлердиң усы ўақыяларға бийтәреплигиңиз бе, я болмаса бийпарўалығыңыз ба?.. Жоқырда айтқанымдай, бизиң туўры жолдан баратырғанымызды көпшилик тән алды. Елимизде алып барылып атырған экономикалық реформалар өз нәтийжелерин бермекте. Бул туўралы жеткиликли дәрежеде, ҳәтте керегиненде зыятырақ сөз етилмекте. Соның менен бирге, бул мақсетлерге ерисиў жолында жиберилип атырған қәте-кемшиликлер туўралы жүдә кем сөз етиледи. Бул бизиң айыбымыз. Ол өз гезегинде, сол кимлердендур «садақа» алып, азанлы кеш өз миллетин кемситип, оны басқаларға әбигер етип көрсетип, өзлерин «демократлармыз» деп көкирегине урып жүргенлерге қол келмекте. Өзлериңиз ойлап көриң, қаламыздың бир мушында шығынды үйилип қалыпты. Сол орталықта жасаўшылар буннан тәшўиште. Солай екен не ушын биз оператив тәризде жумыс ислеп, оны сүўретке түсирип, бул кимниң айыбы менен болып атырғаны туўралы жазып, пикиримизди кең жәмийетшиликтиң дыққатына усынбаўымыз керек? Ақыры, бул бизиң кәсиплик ўазыйпамыз емес пе?.. «Мени нызамсыз жумыстан босатты…», «ўақтында мийнет ҳақымды бермей атыр…», «қоңысымның қорғаншасы маған тийисли болған жерге бир метр кирип кетипти…» дегенге уқсаған гәплерди не ушын адамлар бизлер ислеп атырған редакцияларға емес, ал «Азатлық» радиосына жазыўы керек? Не ушын әтирапымызда болып атырған жағдайдан биз бәрҳәма бийхабар қалып, оны дүньяның басқа бир мушында отырғанлардан еситиўимиз керек?! Сораў бериў аңсат, әлбетте. Оған жуўап табыў қыйын. Лекин, солай екен деп бул мәселеге бийпарўалық пенен қараўымыз да натуўры. Жақында маған «Нөкис дийхан базары» ашық акционерлик жәмийетиниң бир топар акционерлери менен исбилерменлер келип «Азатлық» радиосына хат жазып бериўимди сорады. Мен оларды «не ушын «Азатлыққа» жазыўыңыз керек? Арзаңызды өзлеримиз үйренип шығамыз…» деп қайтарған болдым. Тап усы жерде (веб-сайтта демекши едим) бир акционер-исбилермен апайдың Президентимиздиң атына Ашық хат жазбақшы болып жүргени туўралы айтып, өз пикиримди жәрияладым. Бул мәселе бойынша ҳәзирги күни журналистлик изертлеў алып бармақтаман. Оның жуўмағын «Еркин Қарақалпақстан» газетасында ҳәм усы жерде жәриялаў нийетим бар… Дурыс, гейде бизде бундай жағдайларға онша итибар бериле бермейди. Оның тийкарғы себеплериниң бири, елеге шекем бизде көпшиликтиң интернет тармағынан бийхабарлығы болса керек деп ойлайман. Жасыратуғыны жоқ, айырым жуўапкер қанигелер интернет түўе елеге шекем компьютерде де ислеп билмейди. Илгериректе мен усы жерде «Бул қаланың ийеси бар ма?»деген атамада өзимниң пикиримди жәриялаған едим. Оған усы күнге шекем ҳеш кандай реакция болмаўына қарағанда буннан Нөкис қаласы ҳәкими де, ол жердеги басқа жуўапкер қанигелер де хабар таппаған көринеди. Бул жоқарыдағы гәпимниң тастыйғы емес пе?.. Ҳүрметли кәсиплеслер! Келиң биргеликте, ҳүрметли Президентимиз әтирапына тығыз жәмлесип, жас ҳәм ғәрезсиз мәмлекетимиздиң келешеги ушын гүресейик! Ол ушын, биринши гезекте, өз кәсибимизге жуўапкершилик пенен қатнас жасап, ўақыт пенен тең қәдем таслай алыўымыз тийис. Ең баслысы, бийпарўалықтан қутылыўымыз, бийтәрепликтен өзимизди алып қашыўымыз зәрүр. Усы жерде және бир айта кететуғын нәрсе, бизде сөзге шебер, қәлеген орталыққа ийкимлесип кетеберетуғын, кеше анаў еди, бүгин мынандай деп өзи айтқан гәплерди ишине жутып, шырайлы, дәбдебели гәплерди айтып, арбаны бос алып қашатуғын «профессионалларымыз» жүдә көп. Олардың айырымлары усы ашық хатты оқығаннан кейин де талай «ақыллы» гәплер айтатуғынын алдыннан билип отырман. Сол ушын оларға айтарым, мәрт болсаңыз сол ўақтыңызды «сыртқы күшлерге» қарсы жумсаң. Жас мәмлекетимиздиң аяққа турып кетиўине жәрдем бериң демекшимен. Биз ҳүрметли Президентимиз И.А.Каримовтың алдынғы жылы кәсиплик байрамымызға бағышланған қутлықлаўындағы: «… усының менен бирге, жолымызда тосық болып турған иллетлерге – бул коррупция ма ямаса ҳәмелпаразлық бола ма, жерлеслик, адамлардың дәртин көрмеў бола ма – булардың барлығына қарсы маўасасыз гүресиў, бир сөз бенен айтқанда әдилликти тастыйықлаў, жәмийетимизди буннан былайда еркинлестириў ушын өзин аямастан, ҳүждан ҳәмири менен жасаў журналист деген кәсипти таңлаған инсанлар ушын бәрҳәма өмир мақсети болыўын қәлер едим» деген жалынлы шақырықларына ис пенен жуўап берип, елимизде алып барылып атырған реформаларды қоллап-қуўатлаўға шақыраман. | |
|
| |
| Всего комментариев: 3 | ||||
| ||||
