Суббота, 04.04.2026, 21:56
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Февраль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
28
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Февраль » 12 » Доллар бар ма, доллар… доллар аламыз…
19:57
Доллар бар ма, доллар… доллар аламыз…

Бул гəплерди «Нөкис дийхан базары»ның бурынғы Буденный (бүгинликте Ж.Сейтова деп аталады) көшесиниң аяғы менен жийеклес, ҳəзирги базардың қандай да бир еки этажлы таза имараты салынып атырған, буннан бир неше жыл бурын онлап меншик жайлар бузылып, орнына бир қабатлы саўда шақапшалары салынған бөлегиндеги дығырыққа жайласқан шет ел валюталары менен саўда ислейтуғын «қара базар»дың (көпшилик оны «валюта базары» деп атайды) қапталынан өткенде еситпей жүрген адам аз болса керек. Олар сениң ким болыўыңнан парықсыз, алдыңнан жуғырып шығып, «доллар аламыз, доллар… рубль, теңге…» деген гəплерди тəкирарлап, тиленшилик етип жүрген циганлардай бираз жерге шекем изиңнен қалмай, ерип жүреди.

Жумысқа баратырып та, жумыстан киятырып та бул жағдайлар менен дусласа бергеннен кейин көзиң де, қулағын да үйренисип кетер екен. Илгерилери оларға бир түрли болып қарап туратуғын едим. Ҳəтте, айырым ўақытлары оларды кимлердур келип услап алып кететуғындай туйылып, сааатлап сыртынан бақлап та көргенмен. Жоқ. Оларды ҳеш ким алып та кетип атырған жоқ. Өзлери де биреўден қорқыў, айбыныў дегенди билетуғынларға уқсамайды.

Бир-еки күннен берли редакцияның тапсырмасына бола, быйылғы жылдың «Киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик жылы» деп аталыўы мүнəсибети менен оларға банклер тəрепинен жаратылып берилип атырған қолайлылықлар, жеңилликлер, машқалаларды үйренип шығыў мақсетинде республикамыз аймағында жайласқан банклерге барып жүрмен. Азанда үйден кешлетиңкиреп шығаман. Себеби бизиң жағдайымызда банклерге азанғы саат 10нан кейин кириўге рухсат етиледи. Бул ўақытлары, сол биз жоқарыда айтқан, «валютшиклер» əлле қашан өзлериниң операцияларын баслап жиберген болады. «Бүгин доллар қанша болды?» деп сорайман мен олардан. «Алныўы-2 мың…, сатылыўы-2 мың… сум…» (көп точкалардың орнында азы кем қуйрығы да бар) дейди олар қолларындағы сумкаларын ашып. Аласыз ба, сатасыз ба? Келиң, мыңлықтан беремен, мыңлықтан» деп иши-баўырыңа кирип кетеди. «Усындай жигитдерди банклерге жумысқа алыў керек-тə» деген ойлар кешеди кеўлимнен.

…Банкте болса ҳəр күни мени үстине форма кийген қорғаў бөлиминиң хызметкери күтип алады.

-Кимге барасаң?

-Банктиң баслығын көриўим керек еди.

-Документиң бар ма?

-Бар

-Əкел, жазып аламыз…

Усы тақылетте кирип, бир неше банк баслықлары менен сөйлестим. Оларға өзимди ҳəм оқыўшыларымызды қызықтырған сораўларды бердим. Жоқарыдағы жағдайлар бойынша пикирлерин билиўге қызықтым. Ҳақыйқатын айтсам, олардың көпшилиги ийнин қысып, «Қəйдем, аға. Мен ол жағдайлардан бийхабарман…»нан арыға өтпеди.

Мен олардың бир нешесинен «Не ушын банкке келген адамды банк хызметкери емес, ал форма кийген қорғаў бөлими хызметкери күтип алады, ҳүжжетлерин қандайда бир журналларға жазып қойып атыр?»-деп сорап та көрдим. «Бизде тəртип сондай, инструкция бар…» дегеннен басқа гəп айтпады.

Бир банктен шығып екиншисине бараман. Олардың алды үмбе-дүм адам. Сырттан қараған адамға қызық түйилер екен. Оларды сол форма кийген қорғаў бөлиминиң хызметкерлери нəўбетине қарап ишке киргизип атыр.

Сорастырып көрсем булар пластик карточкаларына мийнет ҳақыларын загрузка етиўге келгенлер екен.

-Мен басқа жумыс пенен келип едим…

-Ҳəммемизде жумыс пенен келип турмыз, нəўбетке тур…

Гүўалығымды көрсетип ишкериге зорға кирдим.

-Не жумыс еди?-деди форма кийген қорғаў бөлиминиң хызметкери мени жақтырмаған адамдай көзин алартып қарап.

-Банктиң баслығы менен ушыраспақшы едим.

-Баслық жоқ. Бүгин болмайды.

-Мен онда оның орынбасары менен ушырассам да болады.

-Кириң…

…Расын айтсам, айырым банклерде жағдай жақсы емес. Олардың көпшилигиниң басшылары нызамсыз ислерге араласқан. Сол ушын болса керек базы бир банк басшылары менен тийисли жуўапкер қанигелери ҳəр күни ҳуқық қорғаў уйымларына қатнап жүрген көринеди. Неге дегенде, олар билип-билмей, гейде кимлердиңдур кысқысына ушырап жеке исбилерменлерге көтере саўда менен шуғылланыўға рухсат етип, жүз миллионлап сумды қайсы бир есап бетлерине өткерип жиберип, нақластырыўға жол қойғаны мəлим болып қалған көринеди… Ал базы биреўлери кредит ажыратыўда дəмегөйлик етип «былғанып қалған»…

Кеште үйге қайтып киятырып шəртли түрде «қара базар» үстинен өтемен. Неге дегенде, ол бəндиргиге жақын жайласқан. Ол жердегилер болса, қəлеген адамды «доллар бар ма, доллар…» деп «жадырап» күтип алады. Бул жерде форма кийген адамлар жоқ…

Просмотров: 830 | Добавил: kkreporter | Теги: доллар валют | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: