Илгериректе қайсы кəрхана, мəкеме, шөлкем басшылары менен сəўбетлессең де «мен жумысты азанда газета оқыўдан баслайман» дейтуғын еди. Енди болса олардың арасында «сизиң газетаңыз ҳəптесине неше рет шығады?» деп сорайтуғынлардың қатары көбейип кетти.
Жумыстың көплиги буған себепши болып атыр ма екен, я болмаса олардың əтираптағы өзгерислерге қызығыўшылығы төменлеп кеткенинен солай болып атыр ма екен? Мениң ойымша, екиншисин бул сораўымызға жуўап деп қабыл етсек туўырырақ болатуғын шығар.
Неге дегенде, айырым кəрхана басшыларын соңғы ўақытлары жумыс орынларынан табыў қыйын болып қалды. Олар қалтасына түскен бир-еки сум пулын көтере алмай, артындағы жумсақ жерин шаппатлап, «заман кимниң заманы, дəкеңлердиң заманы» деп ўақтын шағал-мəслик пенен өткериў ҳəрекетинде болмақта…
Соңғы ўақытлары қабыллаўына келгенлерге қопал қатнаста болыў, жəмəəт ағзаларын сөгип-ақыретлеў уқсаған қылық шығарып жүргенлер туўралы жийе болса да еситетуғын болып жүрмиз. Буннан бир неше жыл илгери, бир ҳəким лаўазымында ислеген кимсениң өзиниң əкесинен де үлкен жастағы адамды көпшиликтиң арасында сөккенин еситип, жағымды услаған едим.
Ол ҳəкимшиликтен əлле қашан түсип қалды. Айтыўшылардың гəпине қарағанда, ол соңғы ўақытлары өзи ислейтуғын мəкемениң баслығынан наразы болып жүр екен. Себеби ол оны себепсизден-себепсиз сөгип, азап беретуғын қусайды…
Бул гəптиң қаншалық ҳақыйқатқа жақын екенин билмеймен-дə, бирақ тап сол жоқарыдағыдай мəкеме, кəрхана, ҳəтте ҳəким дəрежесинде ислеп жүрген айырым қопал кимселердиң бар екенлигин еситип жүрмиз. Олардың санасының усы дəрежеге шекем төменлеп кетиўиниң себебин, мен биринши гезекте, сол кимселердиң өзлериниң үстинде ислеўди тоқтатқанынан көремен. Олардың телевизор көриўге ўақты жоқ. Азанғы пайт исти газета оқыўдан емес, ал түндеги отырыспада еситкен анекдоттан баслайды. Əлбетте, бундай қолай пайытлардан өнимли пайдаланып қалыўды жақтыратуғын жағымпазлар болса оны даўам еттирери турған гəп. Кейин газета-пазета оқып отырыўға ўақытта болмайды. Кафе-сафе, саўна-паўна дегендей…
Бул картиналар сизлерге де таныс туйылып атырған болса керек. «Таныс» дедиңиз бе?..
…Мен бүгин бир үлкен кəрхана баслығы менен ушырастым. Оның отырған кеңсеси оғада кең екен. Жүдə сулыў етип безетилген. Оның үстине алдында компьютер де тур.
-Интернетке жалғанған ба?-деп сорадым мен оннан қызығып.
-Қаяқта саған. Мен интернет түўе компьютердиң өзинде ислеп билмеймен, түсинбеймен. Душпан көз…-деди ол қыпылықлап.
-Онда жаңалықларды газетадан оқып билип алар екенсиз-дə?
-Расын айтсам, қудайдың көп газетасына жазылдық, бирақ оларды оқып отырыўға ўақыт бар ма?..
Соның арасында телефон шыр ете қалды. Ол дəслеп трубканы мүлəйимлик пенен алыўын алсада, кейин бирден қопалланып, сөгинип кетти. Бийшара оған қоңыраў еткен адам бир қыйлы болған шығар өзи де.
-Кеширерсиз, азанда бир работнигиме жумыс тапсырып кетип едим, питкермепти. Оларды солай қаттырақ усламасаң, мойныңа минип кетеди…
Мен ол жерде көп иркилмедим…
Мине компьютерим алдында отырып оны еслеп отырман. Қулағымнан оның сол трубкаға қарап сөгинген сөзлери кетер емес. Не қылсам екен? Оның ким екенин ашық жазып, уялтсам ба екен? Уяла қояр ма екен? Əй, яғə…
Айтпақшы, ол бəри-бир газета оқымайды. Интернеттен улыўма хабары жоқ. Сизлер айтып қоймасаңыз, əлбетте.
|