Электрон почтамды дерлик ҳəр күни тексерип тураман. Келген хатларды оқып көрип, илажы болғанынша оның авторларына жуўап бериўге ҳəрекет етемен. Ең болмағанда рахмет айтаман.
Əлбетте, ол жерде көтерилген мəселелер бойынша сораў ийелерин толық қанаатландырарлықтай жуўап жазыў аңсат емес. Себеби олардың мазмуны да, мəниси де ҳəр қыйлы. Базы биреўлер улыўма маған қатнасы жоқ, жеке тəртипте шешилмейтуғын, қандай да бир дүнья жүзилик əҳмийеттеги мəселелерди қозғаса, айырым оқыўшыларымыз көрген-кеширгенлерин баян етип, солар туўралы жазылған өзлериниң кеўил кеширмелерин бизиң сайтымызда жəриялаўды сорайды.
«Демократия…» жөнинде жазылған пикирлеримизге келген хатларды айырып қойып едим. Бүгин келген мына хатты да оқып шығып, соларға қосып қоймақшы болдым. Бирақ оның мазмуны менен танысып шыққаннан кейин, бул пикиримнен қайттым.
«Мен сизге екинши мəрте хат жазып отырман. Бириншисине «Пикир билдиргениңиз ушын рахмет» деген жуўап алдым… Кеўлиңизге келседе айтайын, егер демократияны үйренбекши болсақ, биринши гезекте оған өзимиз таяр болыўымыз керек. Сиз мəселе көтердиңиз, биз пикир айттық. Неге бизиң пикирлеримиз жəрияланбайды. Қəне сиз айтқан сол демократия…»-деп жазыпты бизге Атамурат исмли бир достымыз.
Дəрҳəл оның биринши хатын излеп таптым. «Сизиң жазғанларыңызды дыққат пенен оқып шықтым ҳəм мақулладым… Мениң ше, дурыс мəселе көтерегенсиз…» деп ол бизиң «Демократияны үйренемиз» атлы мийнетимизди қоллап-қуўатлап, өзиниң де жеке пикирлерин билдирипти…
Кимдидур пархор, кимлердидур лаўазымға таныс-билислик пенен өтти деп айтыў ушын қолымызда анық тексерилген фактлер болыўы тийис. Сол ушын бул достымыздан кеширим сораған ҳалда, төмендегилерди айта аламыз: Сиз конкрет лаўазымда ислеп атырған адамларды айыплап атырсыз. Бул жағдайлар бойынша тийисли нызамлылықлар бар. Сол ушын биз демократпыз деп оны үйренип шықпастан, жəриялап жибере алмаймыз. Себеби демократияның өзи шегарасыз емес. Оның да нызамлы шеңбери бар.
Дурыс, егер сиз бизиң кəсибимизди есапқа алып, сол жағдайлар болса журналистлик изертлеў алып барыўымызды сораған болсаңыз, ол енди басқа гəп…
Себеп пенен сол топланып қалған хатларға да жəне бир мəрте көз жуўырттым. «Биз көпшилик жағдайда анаў-анандай, мынаў-мынандай деп айтқанды жақсы көремиз. Улыўма гəплиликтен арыға өте алмаймыз. Əсиресе, соңғы жыллары негедур биз журналистлер усы ҳалаттан шығып кете алмай атырмыз. Айырым газеталарды оқымайтуғында болып кеттик. Шығып атыр ма, шығып атыр… Жағдайдың жақын арада жақсыланып кететуғынына да исенбеймен. Мың қарар қабыл етиле берсин, оған журналистлердиң өзи таяр болмаса ҳеш нəрсе өзгермейди…» деп жазыпты Жеткербай исмли достымыз.
«Бизин мектебимизде көп тексериў болды. Директорымыз прокуратураға қатнап жүрди. Кейин билсек, амнистия менен қутылып кетипти. Ойлап көрилсе, ол мəмлекетимиздеги алып барылып атырған əдил сиясат себепли жазадан қутылып қалған. Кеширимлилик жақсы нəрсе, əлбетте. Лекин оның директорлық лаўазымында ислеп қалыўы шəрт пе екен? Ақыры, ол муғаллимлер алдында да, оқыўшылар алдында да исенимди жоғалтты ғой. Буны райОНО басшылары түсинбей ме екен, я болмаса түсинседе олардың бир нəрсесин алып, омманы урып жүрме екен? Усылар туўралы не ушын ашық жазылмай атыр?» - деп жазыпты бир Досмурза исмли муғаллим достымыз.
«Мениң балам сол сиз айтқан ижарашы-айдаўшылардың (бул автор бизиң жолаўшыларға транспорт хызметин көрсетиў бойынша жазылған пикирлеримизди нəзерде тутып отырған болса керек-автор) бири. Бирақ усы күнге шекем бир жерге қол қойып айлық алдым, мийнет дəптерше аштырдым дегенин еситкеним жоқ. Өзлеримиз дереклесип барайық десек автомашинаның ийеси өкпелеп, балам ертең жумыссыз қалама деп қорқамыз… солар туўралы газеталарда түсиник
«Жазса болады екен ғо… Мен сизиң сайтыңызға тез-тез кирип тураман. Адресиңизди бир танысымнан алған едим… Айта бериў, жаза бериў керек. Ҳеш нəрсе бирден болып кетпеген. Бизлерде бир күн келип демократияны үйренип алармыз… Бирақ ярым жолда таслап кетпең… Президент пəрманлары, ҳүкимет қарарлары туўралы жақсы пикирлер айтқансыз, оны үзилиске түсирип атырғанларды ашық сынға алыў керек. Олар туўралы жазыў керек… Мен бир жасыуллының баласын таныйман. Олда жуўапкерли жумыста ислейди. Расын айтсам, ақылы өзине жетпейди, мəскүнем, өмирге жеңил қарайды. Бирақ… Булар туўралы жазылыўы тийис. «Аўырыўды жасырсаң, ысытпасы əшкара етеди» дегенлериндей жəмийетимиздеги бундай жаман иллетлерге шек қоятуғын ўақыт жетти. Буны биз ислемесек, ким ислейди? Көп нəрсе өзлеримизге де байланыслы…» деп жазыпты Гүлсара исмли достымыз.
Ҳақыйқатында да, солай. Көп нəрсе өзлеримизге де байланыслы…
|