Понедельник, 06.04.2026, 13:58
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Апрель 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
252627282930
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Апрель » 22 » Көпшилик жаңа хабарларға ҳәўесек болып-ақ жүрген екен…
18:08
Көпшилик жаңа хабарларға ҳәўесек болып-ақ жүрген екен…

Өткен сапарғы «Ҳақыйқатқа айланған мыш-мышлар…»ымызды оқыған оқыўшылардан электрон почтамызға бир талай хат келди. Көпшилик бундай «хабарларға» ҳәўесек болып-ақ жүрген екен. Олардың кими бизди мақулласа, айырымлары «сизлер негедур бундай ўақыялар жөнинде судтан кейин жазасыз, соған шекем қаяқта едиңиз?» деп өкпе-гийнесин де билдирипти.

Мойынлаўымыз керек, бизлер еле турмысымызда орын алып атырған ҳәр қыйлы ўақыя ҳәм ҳәдийселер туўралы оператив мағлыўматлар тарқата алмай атырмыз. Болмаса бундай «жаңалықлар» жоқ емес. Оның үстине, кейинги пайытлары ҳуқық қорғаў уйымларының бюрократлық, дәмегөйлик ҳәм көзбоямашылықлардың алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў бойынша алып барып атырған әмелий жумыслары жақсы нәтийжелер берип атыр.

Гәп және солар жөнинде оператив мағлыўмат тарқатыў мәселесине барып тақалмақта. Сыр емес, ҳақыйқатында да, оқыўшыларымыздың бизге өкпелеўине тийкар бар. Себеби олар, сол биз жоқарыда айтқан мәселелерде өзлерине керек мағлыўматларды мыш-мышлардан алыўға мәжбүр болмақта.

«Ал-ҳа, пәленше қамалыпты, төленше қамалыпты деп еситемиз. Бирақ, бирде бир газета оған анықлық киргизиўге ҳәрекет етпейди. Кейин базы биреўлер гәпти қопсытып, сол қамалғанларға Ешеке менен Дошекени қосып «қамап жибереди». Әне соннан кейин түрли мыш-мышлар тарқайды…» деп жазыпты бизиң бир жас Журналист достымыз.

Ал, өзин танытыўды қәлемеген, бирақ, бизиң адресимизге бираз «жыллы гәплер» айтқан Мистер Х. қа гәп жоқ. Оны «Мистер Х» деп атаўымыздың себеби ол интернет технологиясын билген ҳалда «исми» деген орынға «М» белгисин қойыпты. Кеширерсиз, биз бул «школадан» өткенбиз. Бизлер оның айтыўына қарағанда заманнан әдеўир-ақ артта қалып қойған қусаймыз. Сайтымызды оқып уялып қалғанбыш. «Мен Қазақстанда жумыс ислеймен. Квартирамызда компьютер бар. Тез-тез сол жақтың сайтларына кирип тураман. Сайт деп соларды айтсаң болады. Бар ҳақыйқатты жазады. Қай жерде төбелес болды, қызларды зорлап кеткени ҳаққында, мафия туўралы ашық жазады… Сениң мына жазғанларың туфта…» депти ол.

Және бир топар оқыўшыларымыз болса соңғы ўақытлары ўақытша иркиўде болған бир неше адам жөнинде мағлыўмат бериўимизди, олардың тағдири менен қызығыпты. Базы бир ҳәмелдарлардың соңғы ўақытлары ҳәдден тыс ҳәрекетлер қылып атырғанын жазып, солар туўралы изертлеў алып барыўды сораған хатларда бар.

Әлбетте, барлық нәрсениң ўақыт сәти бар. Биз қолдан келгенинше ҳәрекет етемиз…

Просмотров: 574 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 1
1 Нурсултан  
0
Хак гап, копшилик жаналык кутпекте.

Имя *:
Email *:
Код *: