Суббота, 04.04.2026, 22:02
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Февраль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
28
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Февраль » 12 » Ким айтады «интернетти оқымайды» деп?..
12:21
Ким айтады «интернетти оқымайды» деп?..

Кеше жумысқа баратырып жаслар газетасында ислейтуғын бир кəсиплесим менен жолдас болдым. Ол жүдə ашық кеўил, не ойласа соны бетиңе айта салатуғын жас журналистлердиң бири.

Бир-еки жыллықта ол «Жылдың ең белсенди журналисти» деп тəн алынған еди. Сонда ол компьютер менен сыйлықланды. Соннан берли тез-тез интернетке кирип туратуғын көринеди.

-Кеше веб-сайтыңдағы жазғанларыңды оқып көрдим. Барлығы дурыс. Бирақ бизлерде интернетти көпшилик оқый бермейди. Сол ушын сол мəселелерди тезирек газетаға алып шығыўың тийис,-деди ол.

-Соңғы мағлыўматларға қарағанда республикамызда интернеттен пайдаланатушылардың саны 6 миллионнан асып кетипти. Ал дүнья жүзинде мағлыўмат тарқатыў бойынша интернет биринши орынға шықты…

-Дурыс, оған гəпим жоқ. Бирақ бизде, мениң ойымша, сениң жазғанларыңды тийисли адамлар оқымағанша пайдасы жоқ. Ал олардың интернеттеги қандай да бир журналисттиң персонал сайтын оқып баратуғынына көзим жетпейди. Я болмаса сол жазғанларың белгили бир веб-сайтлардың биринде көширип басылыўы тийис. Əне оннан кейин көр қызықты.

-Мен ҳəзирше ҳеш кимге көширип басыўға рухсат еткеним жоқ. Жасыратуғыны жоқ, бир-еки усыныс түсти. Тийкарынан мен сөз етилген мəселелерди тереңирек үйренип шығып, газетаға алып шықпақшыман.

-Тезлетиў керек…

Оның менен редакцияға шекем бирге сөйлесип бардық. Ол бүгин хызмет сапарына кетип баратырған екен. Сəтли сапар тиледим.

Кешке шекем жумыста болдым. Редакцияға ана күнги банклерден доллар сатып ала алмай жүрген жасыуллы келди. Оған өзиниң арзасы бойынша үйрениў жумысларын алып барып атырғанымды, базарлар қапталындағы «қара базарлардан» бир-еки сүўрет алып, жақында оған комментарий бериўин сорап банк баслықларына жолықпақшы екенимди айттым.

Телефоннан Қонысбай исмли бир пуқара қоңыраў етип, өзиниң жақын ғана талағын алдырып таслаған баласын врачлар коммиссиядан өткермей атырғанын айтып жəрдем сорады. Мен оның мəкан жайын ҳəм врачлардың аты жөнин жазып алып, жағдайды үйренип шығыўға ўəде бердим.

Кеште келип компьютерим алдына отырдым. Электрон почтама келген хатлар менен таныстым. Өзин «Қарабала» деген исм менен атайтуғын бир достымыздан бир емес бир неше хат келипти. Ол музейлеримиздеги жағдайлар менен қызығыпты.

Бул туўралы жақында ғана қайсы бир сайтта əжеп тəўир бир гəплер оқығаным бар. Сол ушын ол жерлерде болып қайттым. Пайтахтымыздағы қəдимги «Үлке таныў музейи»нде реконструкция жумыслары алып барылып атыр екен. Ал И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ Мəмлекетлик көркем-өнер музейи ҳəр қашанғыдай ислеп тур.

Бул музейге 1966-жылы тийкар салынған. Оның коллекциясы 90 000 нан асламырақ экспонаттан ибарат. Оларды сақлаў жүдə жақсы жолға қойылған. Шамасы, сол сайттағы шаў-шуў көтермекши болғанлар сəл асыққан көринеди. Оған тийкарынан сол үлке таныў музейиндеги реконструкция жумысларының алып барылып атырғаны себепши болған болса керек. Неге дегенде, оның екинши қабатында художниклердиң көргизбеси өткерилип туратуғын зал бар еди. Буның экспонатларды сақлаў менен ҳеш қандай байланысы жоқ.

Басқа хат авторларының көпшилигиниң мазмуны бир қыйлы. Олардың барлығы дерлик өткен сапарғы бизиң Президентимиздиң абырайын қорғаў бойынша жазған пикирлеримизди қоллап-қуўатлайтуғынын айтыпты.

«Шамасы, Нөкис қаласы ҳəкими Президентимиздиң 2010-жыл 12-ноябриндеги Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Нызамшылық палатасы ҳəм Сенатының қоспа мəжилисиндеги баянатын оқымаған көринеди. Оның үстине Конститутциямыздың 18 жыллық байрамы мүнəсибети менен өткерилген салтанатлы мəжилистеги сөзлеринен де хабарсыз болса керек. Болмаса ол сол айтылғанлардан келип шығып ҳəрекет етпеўи керек емес пе еди?» деп жазыпты өзин Нөкисли деп таныстырған бир достымыз.

Олардың базы биреўлери усы тақылетте мəдениятлы айтылған болса, айырымлары сəл сезимге берилип, Президентимиз пəрманлары ҳəм ҳүкимет қарар талапларын бузып атырғанлардың адресине «жыллы сөзлер» айтыпты. Сол ушын оларға онша тоқталып отырғымыз келмей отыр.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, бизде интернетти оқыўшылардың қатары аз деп ойлайтуғынлар қəтелеседи.

Просмотров: 765 | Добавил: kkreporter | Теги: интернет, Каракалпакстан | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: