Суббота, 04.04.2026, 21:56
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Февраль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
28
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Февраль » 12 » Коррупция…
19:23
Коррупция…
ЯМАСА ОҒАН ҚАРСЫ АЛЫП БАРЫЛЫП АТЫРҒАН ƏМЕЛИЙ ЖУМЫСЛАР ҲƏМ ОЛАР БОЙЫНША ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫНДА ТАРҚАТЫЛЫП АТЫРҒАН МАҒЛЫЎМАТЛАР ТУЎРАЛЫ БИЗИҢ ДЕГЕНЛЕРИМИЗ
 

Бүгин жумыста бир жасыуллы журналист пенен болған əңгимеден соң қатты қапа болдым. Мен оны ҳүрмет ететуғын едим. Оның жазған мақалаларын бəрҳама дыққат қойып оқып бараман. Ҳақыйқатында да жақсы нəрселер жазады. Лекин оның бүгинги айтқан гəплеринен соң ойланып қалдым…

Азанғы пайт. Ол мени өзиниң жумыс ислейтуғын ханасына шақырып газетаның («Еркин Қарақалпақстан») алдыңғы санларының биринде жəрияланған мақаламды орынсыз жазғанымды, оны жазбаўым керек екенлигин, айырым адамлар бул туўралы айтып атырғанын айтты. Əсиресе, оның маған, өзим бурын ислеген жеримди сынға алыўым (ол Нөкис қаласы ҳəкимиятын нəзерде тутқан еди-автор) емес, ал оны илажы болғанынша гəп болыўдан қорғаўым кереклиги ҳаққында айтқан гəплери түсиниксиз болды.

-Мен журналистпен. Өзим зəрүр деп тапқан дереклер туўралы жазаман. Бул мениң журналистлик позициям...

Ол мениң бул гəплериме қарсы гəп айтпады. Оның орнына ҳеш нəрсе еситпегендей, өзиниң жумысы менен айланысып кетти. Көптен бақлап жүрмен, бул оның өзин услап-тутыў усылы. Көпшилик жағдайда ол усылай ислейди. Анығырағы бир нəрселерди айтып- айтып болып, сəўбетлесиниң оған пикирин тыңламастан «усының менен гəп тамам» деп, кетип қалады. «Сораған сораўыңа жуўабым бар» дегенлерге «мен сениң не айтатуғыныңды билемен» деп қолын бир силтегенлерин нешше мəрте көргенмен. Солайда болса…

Бул жерде гəп - мениң гаетамыздың («Еркин Қарақалпақстан») 2010-жыл 20-апрельдеги 47-санында жəрияланған «Заң алдында ҳəмме теңдей» деген атамада басылған мақаламда болып отыр. Онда мен пара алып атырып Миллий қəўипсизлик хызмети ўəкиллериниң қолына түскен Нөкис қаласы ҳəкиминиң орынбасары туўралы жазған едим. Сондай-ақ айырым мəкан пуқаралар жыйыны баслықларының қарсысына жынаятлы ис ашылып, олар амнистия актине тийкар жазадан азат етилгенлигин тилге алғанман. Ҳақыйқатында да бул бар гəп, бар жағдай. Ол ҳеш кимге сыр емес. Олар тийкарынан республикамыздағы ҳуқық қорғаў уйымлары ўəкиллериң əмелий жумысларының нəтийжелери.

Соңғы ўақытлары бизиң республикамызда коррупцияға қарсы тынымсыз гүрес алып барылмақта. Есиңизде болса, булар туўралы усы жерде жазған едим. Ҳəтте ғалаба хабар қуралларымызды усы мəселеде жымлық сақлап киятырғанлығы ушын азы-кем сынғада алып өткенмен. Бирақ соңғы ўақытлары бизиң газетамызда («Еркин Қарақалпақстан») бул бағдарда бир қанша алға илгерилеўшиликлер бар. Анығырағы, соңғы гезлери бизиң газетамызда сын мақалалар менен суд очерклерин, ҳуқық қорғаў уйымларының əмелий жумыслары, салық ҳəм басқада қадағалаўшы уйымлардың алып барған рейд-тексериў нəтийжелери бойынша жазылған мақалаларды жийе-жийе көриўге болады.

«Халық мүлкине көз алартқанлар» («Еркин Қарақалпақстан». 2010-жыл 24-апрель 49-сан. Авторы С.Жолдасов) атлы мақалада бир топар жуўапкер қанигелердиң алдыннан тил бириктирип ислеген жынаяты ашып тасланғанлығы сөз етиледи. «Судта ашылған ҳалатларға ҳəм жынаят иси материалларына қарағанда, Ж. Қаллибеков хызмет лаўазымынан өз мəпине пайдаланыў жолы менен Қоңырат локомотив депосы баслығы Б.Досмуратов, депо баслығының орынбасары К.Жийенбаев, депоның жанылғы бойынша машинст-инструкторы Б.Нуркебаев, депо бас механиги И.Карашаев, депо машинсти И.Пахратдинов, «Темиржолжанылғытамийнат» басқармасы Қоңырат бирлескен жанылғы сақлаў хожалығы бригадири Р.Уразбаев, депоның Хожели алмастырыў пункти колоннасында машинист болып ислеўши Г.Алламбергенов ҳəм басқа да бир қатар нефть өнимлерин тарқатыўшылар…» алдыннан тил бириктирип дизель жанылғысын талан-тараж еткен. Олар «…жəми 101 306 686 6 сумлық 282 100,5 килограмм дизель жанылғысын»ның əдеўир бөлегин «Қоңырат аймақлық темир жол узелиниң бурынғы баслығы М.Хожамуратовқа тийисли, пуқара Т.Хожабаеваның атына рəсмийлестирилген «Яхшым-алақай» фермер хожалығы ушын сарплаған болса, қалған бөлегин нызамсыз рəўиште сатып…» өзлестирген. Жынаятшылардың айыплары судта мойынларына қойылып, олар нызамлы жазаларын алғаны туўралы жазылады.

Сондай-ақ, газетамыздың 2010-жыл 29-апрелиндеги 51-санында «Тегин пайда көз шығарар…» атлы (авторы Б.Жолдасбаева) мақалада да Қоңырат локоматив депосы баслығы болып ислеген Оразалы Жумамуратовтың қайта ислеген жынаяты жөнинде сөз етиледи. «Ол бурын 1997-жылы 5-ноябрьде Қоңырат районы судының ҳүкими менен айыпдар деп табылып, ис ҳақысының 20 проценти муғдарында мəмлекет пайдасына өткериў жолы менен еки жыл мүддетке мийнетте дүзетиў ислери жазасына судланған». Соған қарамай ол бир топар депо қанигелери менен тил бириктирип жəне жынаятқа қол урған. Бирақ бул сапарыда оның бул кылмыслары ашылмай қалмаған…

Адамға көп нəрсе керек пе, өзи? Бул сораўға жуўап табыў аңсат емес. Неге дегенде оған ҳəр ким өзиниң түсиниги, турмыс тəжирибеси, ақыл ойының кеңлиги, тарлығы, алған тəрбиясы, қоршаған орталықтың тəсири ҳəм басқа да бир талай талап ҳəм қағыйдалардан келип шығып қатнасын билдирери анық. Мениң ойымша, газета мақалаларына ҳəм бизиң əңгимемизге тийкар жаратқанлар оның шегарасын анықлаўда алжасқан көринеди.

« Сыр ерте ме, кеш пе бəри бир ашылады» дегенде данышпан Сократ ҳақ екен. Болмаса бир топар адам аўыз бириктирип жынаятқа қол урғанда ақыбети жақсы болмаслығын ойламағанды дейсиз бе? Ойлаған. Лекин сыр сырлығынша қалады деп қатты исенген. Ақыры, ҳеш ким жынаятшы болып туўылмайды ғой. Жынаят көшесине билип-билмей кирип қалады.

Бүгинги күни айырым қəнигелер, анығырағы базы бир лаўазымлы адамлар елимизде алып барылып атырған экономикалық реформалар барысында «төгилгеннен жалап қал» тəқилетте ис тутпақта. Олардың көпшилиги өзлериниң бундай ҳəрекетлерин ҳеш ким билмейди, көрмейди, ақыр ақыбет нызамлы тəртипте сорамайды деп ойлап жүрген болса қатты қəтелеседи. Сол ушын да бизиң дана халқымыз «гүзе күнде сынбайды, күнинде сынады» дейди.

Америкалы бизнесменлер «санларды ойлап табыўға болады, лекин санлар алдайды» деген ибараны көбирек қолланады. Ал биздегилер «көпшилик солай ислейди, бəле келер дийсең бе?»ден арыға өте алмай жүр. Бизге негедур бүгинги күнги айырым «исбилерменсымақларымыздың» ислеп атырған ҳəрекетлери жақын өтмиште болып өткендей болып туйыла береди. Шамасы, буны айырым адамлар умытқан көринеди…
Просмотров: 1049 | Добавил: kkreporter | Теги: «Еркин Қарақалпақстан» | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: