Воскресенье, 05.04.2026, 01:54
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Июль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
25262728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Июль » 7 » Мыш-мышлар, мыш-мышлар, және мыш-мышлар…
16:39
Мыш-мышлар, мыш-мышлар, және мыш-мышлар…

Биз сөз етпекши болып отырған гәптеги тийкарғы «мағлыўматлар» тиккелей мыш-мышлардан алынған…

- Еситтиңиз бе, рес ГАЙдиң бурынғы еки баслығы да қамалыпты…,- деп сыбырлады азанғы пайт жумысқа барыўым ушын минген жөнелисли таксидиң артқы орынлығында отырған бир бийтаныс жигит қасындағы жолдасына сыбырлап. Әлбетте, бундай гәплерге ерксиз қулағыңның ербең етери турған гәп.

- Бул хабардың тарқағаны қашшан. Оннан берли де бираз ўақыт өтти ғой. Кейин Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығы усланды ма-аў? Я оннан алдын ба еди? Және Нөкис қаласының бурынғы прокуроры (бул шахстың кейинги жумыс орны Төрткүл районы прокуратурасы еди-автор) қамалыпты деп еситтим,-деди анаўда гәптен қалыспай.

- Айтпақшы, баяғыда газетада республикалық газтамийнат кәрханасының бурынғы баслығы «7 миллиярд сумнан зыятрақ пулды талан-тараж еттипти» деп жазып еди, соңы не болды?

- Тым-тырс болып кетти. Биреў-миреўдиң ағайни болса керек. Болмаса сонша қаржыны талан-тараж еттирип қоя береди дейсең бе?

- Кеше жақында қайсы районның ҳәкими жумыстан алынды, еситтиң бе? Ол да бир иске шатылған ба деймен-аў, шамасы?

- Билмедим. Газет-пазетте жазар, соннан кейин белгили болады.

- Қаяқта саған, бизлерде ондайларды газетте жазбайды, мыш-мышлардан еситесең.

Мен жөнелисли таксиден жумысымның тусында түсип қалдым. Ойланып киятырман. Адамлар усыншама мағлыўматты қаяқтан алады екен-әй, өзи? Өзлери айтқандай, газеталарда жазылмаса…

Кейин Ташкентли бир профессордың «…егер адамлар қандай да бир ўақыя я болмаса ҳәдийсе туўралы белгили бир ўақытқа шекем рәсмий мағлыўмат ала алмаса… ол туўралы мағлыўматты мыш-мышлардан алады…» деген сөзи ядыма түсти…

Просмотров: 693 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 1
1 2 kkreporter  
0
Мыш-мышлардан алмай не кылады, газеталар аныгын жаза алмаса. Мине, сиз де мыш-мышларды жазып койыпсыз. Онын орнына прокуратурадан солар тууралы маглыуматларды талап етип, газетага жариялауынызга болады гой.

Имя *:
Email *:
Код *: