17:01 Нөкисте гөш тынбай қымбатламақта… | |
Бүгинги күни, ҳеш кимге сыр емес, Нөкисте гөш тынбай қымбатламақта. Айырым жерлерде 1 кило гөш 14 мың сумды қураған болса, базы бир арнаўлы гөш дүканларында сүйексиз гөштиң килосын 18 мыңға шықты деседи… Буның нақ ақшаның банктен тыс айланысына да тәсири бар. Неге дегенде, биздеги бар мағлыўматларға қарағанда көпшилик гөш шеңгеклеринде түскен түсим толығы менен банк кассаларына кирис етилмес екен. Улыўма ол жерлерде касса аппаратлары ислеп турғанын көрген адамның өзи аз болса керек.
Мени қызықтырған нәрсе, гөш шеңгеклеринен бөлек, соңғы ўақытлары көшелерде, аўылларда белгиленбеген орынларда ири қара маллардың сойылыў ҳалаты көбейип кеткени болды. Буған жуўапты, қанигелер жәмийетлик аўқатланыў орынларының көбейиўи, той-мерекелердеги шеннен тыс ысырапқоршылықлардан излеў керек дегенди айтысады.
Жоқарыда айтылған ҳәрекетлердиң маллардың бас санының кескин қысқарып кетиўине тәсири бар ма, жоқ па? бир нәрсе деў қыйын. Оны жетик қанигелер үйренип шығыўлары дәркар. Деген менен, гөштиң тынбай қымбатлаўы ҳәм оны сатыў, оннан түскен қаржыны қадағалаўды нәзерден қашырыў ақыр ақыбет жақсы нәтийжелерге алып келмеслиги анық.
| |
|
| |
| Всего комментариев: 0 | |
Бүгинги күни, ҳеш кимге сыр емес, Нөкисте гөш тынбай қымбатламақта. Айырым жерлерде 1 кило гөш 14 мың сумды қураған болса, базы бир арнаўлы гөш дүканларында сүйексиз гөштиң килосын 18 мыңға шықты деседи…