Ҳүрметли Президентимиздиң кешеги қоспа мəжилисте шығып сөйлеген сөзин дыққат пенен тыңладым. Газетада басылып шыққан вариантында қайта көзден кеширдим. Алдағы ўақытлары журналист сыпатында Президентимиз алдымызға қойған ўазыйпаларды қандай еткенде кеўилдегидей етип орынлай аламан деген саўалларға жуўап изледим.
Блоггерлик пенен шуғыллана баслағанлы берли пикирлеримди хатқа түсирип үйренип кеткенлигим себепли (размышлять в слух) жəне компьютеримниң алдына отырдым. Жаздым, сыздым, жаздым…
Жақында ғана Ташкентте болып өткен «Пуқаралық жəмийети институтлары сестимасында ғалаба хабар қуралларының орны ҳəм ролин беккемлеў мəселелери» темасында болып өткен халықаралық конференцияда Пакистанның «Дэйли ньюс» газетасының хабаршысы Сажжад Маликтиң: «Елиңизде ғалаба хабар қуралларының жумысына байланыслы нызамшылықты раўажландырыўға айырықша итибар қаратылмақта. Мəмлекет миллий ғалаба хабар қуралларын демократияластырыў ҳəм еркинлестириў процесин қоллап-қуўатлап атырғаны да дыққатқа ылайық» деген гəплерин еследим.
Кешеги ҳүрметли Президентимиздиң шығып сөйлеген сөзинде ғалаба хабар қураллары жөнинде айтылған гəплер буның айқын дəлили емес пе?
Ал, сол жоқарыда атын атап өткен конференцияда Словениялы «Регионаллық сəўбет» мəмлекетлик емес шөлкеми директорының орынбасары Мая Жидаржичтиң: «Өзбекстанда ғалаба хабар қураллары пуқаралық жəмийеттиң қəлиплесиўинде əҳмийетли роль атқармақта» деп берген баҳасына дыққат аўдарың. Жəне Ҳиндистанлы «Политикал ивентс» журналының шолыўшысы Дхар Мохар Кришенниң: «Өзбекстанда сиясий реформалар барысында Президент Ислам Каримовтың басшылығында парламентаризмди раўажландырыў, көп партиялы системаны жаратыў, пуқаралық жəмийет тийкарларын қəлиплестириў бойынша үлкен ислер əмелге асырылды» деп елимизде жүзберип атырған өзгерислер жөнинде айтқан гəплерине қулақ түриң.
Енди соңғы күнлери айырым веб-сайтлардағы Өзбекстандағы сөз еркинлиги жөнинде, өзлериниң ким екенлигинде анық көрсетпей, тасадан кесек атып, бизиң енди қəлиплесип атырған жəмийетимиздеги аўызбиршиликти қашырыў мақсетинде пикир айтыўшылардың жазғанларына итибар қаратың. Олар «Өзбекстанда бирде бир журналист өз пикирин ашық айта алмайды», «аналитикалық мақалалар улыўма жоқ», «сын мақала жазғанларды қуўдалайды» ҳəм тағы басқа соған уқсаған гүректе турмайтуғын, бир тийинға қымбат айыплаўлары менен дүньяға жар салмақта.
Бул гəплердиң ҳеш қандай тийкарға ийе емеслигин дəлиллеў маған онша қыйыншылық туўдырмайды. Неге дегенде, мениң өзим сол «билгишбайлар» бир мақсетте қайта-қайта санап өтетуғын көп санлы Өзбекстанлы журналистлердиң биримен. Мəмлекетлик басылымлардың биринде ислеймен. Еки жылға шамалас ўақыттан берли интернетте өзимниң блоггерлик ҳəрекетимди жүритип киятырман. Мəмлекетлик UZ доменинде, усы, сиз бенен ҳəр күни ушырасып, дийдарласып, пикир алысып отырған персонал веб-сайтым бар. Буннан басқа org, net доменлеринде, ЖЖ да, «Facebook»та арнаўлы бетлеримиз ҳəм блогларымыз бар. Енди өзлериңиз ойлап көриң ҳəм ол жерге жайғастырылған материаллар менен танысып шығып, баҳа бериң.
Мениң персонал сайтымда жайғастырылған бир қатар материаллар бойынша мени Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңесиниң баслығы М.Ерниязов қабыл етти. Ол жерге шақырылған тийисли жуўапкер адамларға персонал сайттағы айтылған кемшиликлерди сапластырыў бойнша көрсетпелер берди. Алдағы ўақытлары республикамызда қолға киргизилип атырған табыслар, жетискенликлерди, орын алып атырған кемшиликлерди тек ғана веб-сайтта емес, ал республикалық «Еркин Қарақалпақстан» газетасында да турақлы түрде жəриялап барыўды усыныс етти. («Еркин Қарақалпақстан» газетасы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Минитрслер Кеңесиниң басылымы-автор).
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы Б. Янгибаевта мени турақлы түрде қоллап-қуўатлап турады. Газетада басылған бир неше сын мақалаларым ҳүкиметимиз басшысының тараўлық орынбасарлары тəрепинен үйренип шығылып, ылайықлы баҳа берилди. Олар тəрепинен сөз болған машқалаларды сапластырыў бойынша жуўапкер қанийгелерге тийисли көрсетпелер берилип, газетаға жуўап қайтарылды.
Бул гəплерди Өзбекстан Республикасында жасап ҳəм мийнет етип атырған журналист айтып атырғанына итибар бердиңиз бе? Олай болатуғын болса, жоқарыда, сол биз айтқан веб-сайтларда аўзына не келсе соны айтып жар салып атырғанларды қалай түсиниўимиз керек?! Я болмаса, «ийт үреди, кəрўан көшеди» деп халқымыз айтқан даналыққа əмел қылсақ па екен?!..
«Наның ҳадал болса көпке көрсетип же» дейди бизиң дана халқымыз. Пикириң болса ортаға шығып, өзиңди таныстырып, «мына газеталарда мынадай, ана газетада анадай» деп дəл баҳа бер. Ақыры, «көпти жаманлаған көмиўсиз қалады» деген емес пе?...
Пикирлеримди даўам еттириў нийетим бар. Сол ушын келеси сапар ушырасқанша азы-кем сабыр етиң. (даўамы бар).
|