15:07 Ғәрезсизликтиң 20 жыллығына 20 монолог… | |
Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына бағышланған материалларымызды усылай атадық. «Дос жылатып, душпан күлдирип айтады» дейди дана халқымыз. Буны биз өз тәжирийбемизден де жақсы билемиз. Бир ўақытлары, анығырағы, аўқам дәўиринде (биз онда жүдә жас едик-автор) сол ўақытлары көкке шығарып мақтаған ел басшыларын, кейин ала, айырым кәсиплеслеримиздиң жер менен жексен еткенин, ҳәтте айырымлары өзлерин ақлаў ушын «биз ашығын айта алмадық…» «жаза алмадық…» «олардан қорқтық» деп өзлерин ақлап, түрли гәплердиң басына барғанын умыта қойған жоқпыз... Жасыратуғыны жоқ, тап жақында да бир кәсиплесимнен усы гәплерди еситкенмен. Ол маған: «еситиўимше сен өзиңниң веб-сайтыңда ҳәзирги жағдайлар бойынша түрли гәплерди жазып атыр екенсең. Өйтип не қылайын деп едиң. Күт, бундай гәплерди айтатуғын ўақыт келеди, әне сонда қатырып жазасаң…» деген еди. Буны сатқынлық деп те, қорқақлық деп те айта алмайман. Буны бийпарўалық десек пе, я болмаса бийтәреплик десек пе екен? Ол жөнинде ҳүрметли Президентимиз өзиниң «Жоқары мәнеўият – жеңилмес күш» китабында былай деп анықлама береди: «Әзелден мәлим, бийпәрўа адам душпаннан да қәўиплирек. Себеби, душпанның кимлиги, ҳақыйқый келбети сиз ушын алдыннан мәлим болады. Бирақ, бийғам ҳәм бийпәрўа адамның келбетин бирден билип болмайды. Соның ушын ол ишиңизде, сизге қарсы тис қайрайтуғын душпанлар ушын имканият жаратып береди. Көрнекли философлардың бири әне усы турмыслық шынлықты терең таллап, төмендегише ҳаққаный пикирлерди баян еткен: «Душпанлардан қорықпа, көп болса, олар сени өлтириўи мүмкин, дослардан қорықпа - көп болса, олар саған қыянет етиўи мүмкин. Бийпарўа адамлардан қорық — олар сени өлтирмейди де, сатпайды да, тек олардың тым-тырыс хәм бийпәрўа қарап турыўы себепли жер жүзинде қыянет ҳәм адам өлтириўшиликлер жүз бере береди»… Ўақыт ҳәмме нәрсени орны орнына қояды. Сол ушын, биз, өзимиздиң дурыс деп тапқан шешимимизде қалмақшымыз. Жетискенликлеримиз өзимиздики. Оны бизден ҳеш ким тартып ала алмайды. Оны ҳәмме көрип отыр, билип отыр. Сол жетискенликти қолған киргизген адамға оны қайталап айтып берген менен де ҳеш нәрсе өзгермейди. Оның орнына қай жерде қәте жибердик, нелерди итибардан қашырдық, қандай машқалаларымыз бар, солар туўралы айтыў ҳәм оларды шешиў абзалырақ деп ойлаймыз. Өзлериниң айыбын айтқанды тәўир көрмейтуғын, «меннен кейин шөп өспесе де мейли» деп ойлайтуғын айырым басшыларға бәлким жақпаспыз. Лекин олардың позициясын билиў ушын да кимдур бул ислерди баслаўы керек ғой. Мейли сол адам биз-ақ болайық… 1. Атын айтқысы келмеген исбилерменниң монологы Мен өмир бойы базарда саўда ислеп киятырман. Базарымыз акционерлик жәмийет болып қайта шөлкемлестирилгенде қуўанышымның шеги болған жоқ. Ақыры, биз акционер болдық. Меншикли болдық. Ғәрезсизлик бизге көп жақсы нәрселер берди. Сол ушын да, мен, ҳәр сапары сайлаўларға көтериңки рухта қатнасып, мәмлекетимиздиң гүллеп раўажланыўы ушын даўыс берип келдим. Байрамларды шын кеўлим менен күтетуғын едим. Ҳәр жылы жақсы нәрселерден үмит етемен… Жыллар өтти. Базарымызды заманагөйлестиремиз деген сылтаў менен, ол қайта-қайта бузылып, кейинги 10 жылдан берли бир неше мәрте реконструкция исленди. Биз оған қарсы емеспиз. Егер ол жобалы, алдыннан узақты гөзленип исленген болса. Өкинишлиси де сонда болып отыр. Расын айтатуғын болсам, усы күнге шекемги бул жерге жумсалған қаржыға басқа жерлерден бирнеше базар қурып питкериўге болар еди. Қалада ҳәкимлер өзгерди. Олардың ҳәр бири өз алдына бир дүнья еди. Бири ўәдепаз болса, бири гәпинде тура алмайтуғын тутырықсызлаў болып келеберди. Оларға гәп уқтырыў мүмкин болмады. Неге дегенде, оларға бул жердеги инсанлардың ҳуқықынан көре «Ташкенттен келетуғын мийманлардың» кеўлин аўлаў абзалырақ қусайды. Дәслепки жыллары акционер сыпатында базардан саўда ислейтуғын орнымызды ижараға алып, саўда ислеп келдик. Салықларды өз ўақтында төледик. Жасыратуғыны жоқ, бул ҳәр еки тәрепке де утымлы еди. Пайдаландық, акцияларымызға турақлы девидент алып келдик. Кейин базарға реконструкция ислери басланып, бизге турғын саўда шақапшасын қурып берди. Бул жүдә қолайлы болды. Исимиз бурынғыдан да жүрисип, жағдайымыз жақсылана баслады… Арадан көп өтпей базарға және реконструкция исленетуғын болды. Бул сапары бизге дүканларымызды меншиклестирип беретуғын болды. Қуўанысып жүрдик. Олар айтқан сумманы да төледик. Ҳақыйқатында да, айтса айтқандай саўда шақапшаларына ийе болдық. Өзбекстан Республикасы Президенти 2010 жылдың 12-ноябри күни болып өткен Олий мажилис Нызамшылық палатасы ҳәм Сенатының қоспа мәжилисинде жасаған баянатында: « Биринши гезекте, жеке меншик мүлктиң ҳуқық ҳәм қорғалыўын беккемлеўимиз, ҳәр қандай жеке меншик мүлк ийеси нызамлы жол менен қолға киргизген ямаса дөреткен өз мүлкиниң қол қатылмаслығына ҳеш қандай гүман етпеслигин тәмийинлейтуғын исенимли кепилликлер системасын жаратыўымыз зәрүр. Ҳәр бир исбилермен, бәринен бурын, соны анық билип алыўы керек, мәмлект жеке меншик мүлк ийесин қорғаўшы болып табылады. Сол ушын да исбилерменлер өз бизнисине қәўетерленбестен инвестиция киргизиўи, өндирислик жумысларын кеңейтиўи, өним көлеми менен алып атырған дәрәматын көбейтиўи, өз мүлкине өзи ийелик етиўи, пайдаланыўы керек…» деп атап көрсеткен еди. …Әттең, қуўанышымыз узаққа созылмады. Кейинги қурып питкерилген дүканларымызда заман талапларына жуўап бермейтуғын болып шықты… Мине, жыллар даўамында бир тапқанымыз-бир тапқанымызға жетпей, әўере сарсаң болып жүрмиз. Ҳуқықымыздың қорғалыўынан үмитти үздик. Меншик дүканларымыз бузылып кетти. Тийисли жерлерге арза жазып излендик. Ҳеш нәтийже шықпады. Керек десең айырымлары берген арзаларымызға да толық жуўап бериўди өзлерине еп көрмеди. Улыўма алды-қашты гәплер. Конститутциямызда ҳәр бир пуқара қәлеген мәселеде мағлыўмат алыў ҳуқықына ийе деп белгилеп қойылған. Соған қарамай сол биз мүрәжат еткен шөлкемлер оның менен есапласпаса биз не ислей аламыз?! Бүгинги күни базарда (исбилермен «Нөкис дийхан базары» акционерлик жәмийетин нәзерде тутпақта-автор) меншик дүканлары бузылған исбилерменлердиң арзалары Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасынан тартып, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Нөкис қаласы прокуратураларына шекем берилген. Оларға түрли жуўаплар алынған. Усы күнге шекем арза жазып изленип атырғанлардың бирде биреўине әмелий жәрдем берилгенин еситпедим. Мен тап усы күндеги базардағы алып барылып атырған жумыслар жаман демекши емеспен. Керисинше, қанша базарларымыз абаданласса, заманагөйлестирилсе соншама жақсы. Бирақ, жоқарыда айтқанымдай бундай жумыслар көп жыллардан берли алып барылмақта. Базардың ишине кирсең аппақ шаңға батып шығасаң. Бул жердеги жағдай санитариялық талапларға, техника қәўипсизлигине жуўап бере береме екен?.. …Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық мүнәсибети менен меннен исбилермен, акционер сыпатындағы пикиримди билгиң келсе, мине, усылар. Кейпиятым өзиң көрип турғандай. Ҳеш кимге исенгенди қойдым. Расымды айтсам, сизгеде исенбеймен. Егер мени исендирмекши болсаң усы айтканларымды бир жерде шығар, соннан кейин сениң менен сөйлесемиз… Мен усы базарда 20-25 жылдан берли барман. Ким жеп кетти, ким жеп атыр, бул жердеги дүканлар кимлерге дерек, оннан кимлер пайда көрип атыр, ким зыян көрип атыр, барлығын билемен. Егер усы айтқанларымды бир жерде шығарсаң, кейин меннен интервьюиңди ала бер. Қәлеген сораўыңа жуўап беремен. Айтқанларымды дәлиллеп беремен… (Даўамы бар) | |
|
| |
| Всего комментариев: 0 | |
Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына бағышланған материалларымызды усылай атадық. «Дос жылатып, душпан күлдирип айтады» дейди дана халқымыз. Буны биз өз тәжирийбемизден де жақсы билемиз. Бир ўақытлары, анығырағы, аўқам дәўиринде (биз онда жүдә жас едик-автор) сол ўақытлары көкке шығарып мақтаған ел басшыларын, кейин ала, айырым кәсиплеслеримиздиң жер менен жексен еткенин, ҳәтте айырымлары өзлерин ақлаў ушын «биз ашығын айта алмадық…» «жаза алмадық…» «олардан қорқтық» деп өзлерин ақлап, түрли гәплердиң басына барғанын умыта қойған жоқпыз...