Суббота, 04.04.2026, 21:07
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Август 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
1234567
891011121314
15161718192021
22232425262728
293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Август » 03
3. Өзбекстанда нызам үстинлиги тәмийинленгенлигине исендим… ямаса ислеген жынаяты ушын жазаны өтеп келген жигиттиң монологы
 

Буннан илгерирек сәўбетлескенимизде мен сизге исенбеген едим. «20 жыллыққа 20 монолог» деген темада жәриялап атырған материалларыңыздың алдынғылары менен таныстым. Балам компьютерге қызығады. Бир ўақытлары әперип қалғанымыз жақсы болған екен…

Оқып отырып, көзиме исенбедим. «Бизде де усындай нәрселерди жазса болады екен ғо…» деп гүбирленгенимди билмей де қалыппан. Мойынлаўым керек, мен бундай пикирдиң басына әлле қашан-ақ келип болғанман. Тек соған жүрек ететуғын, ҳақықый журналистлер жоқлығына өкинер едим.

…«Өзбекстанда нызам үстинлиги ... Даўамы>>>
Просмотров: 886 | Добавил: kkreporter | Дата: 03.08.2011 | Комментарии (0)

2. Мен жигирма жастаман… ямаса жумыссыз қыздың монологы
 

Мектеп пикергеннен кейин колледжге оқыўға түстим. Оқыў орнымыз әжайып имаратта жайласқан еди. Барлық қолайлылықлар бар. Таза ҳәм сулыў еди. Ол жерде оқып билим алдық, көп нәрселер үйрендик, көп жақсы нәрселерди әрман еттик. Барлығы колледжди питкергеннен кейин басланды…

Жумыс таба алмай көп жерлерге сандалып жүрдим. Өзим қатарлы жаслар менен бармаған есигим, кирмеген тесигим қалмады. Биреўи анаў деди, биреўи мынаў
деди. Айырымлары «колледж питкергенлер
Просмотров: 917 | Добавил: kkreporter | Дата: 03.08.2011 | Комментарии (0)

Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына бағышланған материалларымызды усылай атадық. «Дос жылатып, душпан күлдирип айтады» дейди дана халқымыз. Буны биз өз тәжирийбемизден де жақсы билемиз. Бир ўақытлары, анығырағы, аўқам дәўиринде (биз онда жүдә жас едик-автор) сол ўақытлары көкке шығарып мақтаған ел басшыларын, кейин ала, айырым кәсиплеслеримиздиң жер менен жексен еткенин, ҳәтте айырымлары өзлерин ақлаў ушын «биз ашығын айта алмадық…» «жаза алмадық…» «олардан қорқтық» деп өзлерин ақлап, түрли гәплердиң басына барғанын умыта қойған жоқпыз...

Жасыратуғыны жоқ, тап жақында да бир кәсиплесимнен усы гәплерди еситкенмен. Ол маған: «еситиўимше сен өзиңниң веб-сайтыңда ҳәзирги жағдайлар бойынша түрли гәплерди жазып атыр екенсең. Өйтип не қылайын деп едиң. Күт, бундай гәплерди айтатуғын ўақыт келеди, әне сонда қатырып жазасаң…» деген еди.

Бун ... Даўамы>>>
Просмотров: 740 | Добавил: kkreporter | Дата: 03.08.2011 | Комментарии (0)