Главная »
2011 » Июль » 24 » Рогун ГЭС инде жағдай жақсы емес…
06:09 Рогун ГЭС инде жағдай жақсы емес… |
Хабарыңыз бар, үстимиздеги жылдың, 19-июлинен 20-июлине өтер түнде Фергана ойпатлығында жер силкиниўи болып өтти. Бул тәбийғый апатшылықтан көп адамлар жәбир шекти. Қурбан болғанларда бар…
Ең қәўиплиси ҳәм бизди терең ойға батырғаны жер силкиниў Тәжикстанның жаңадан қурылып атырған Рогун ГЭС и жайласқан аймақта да болып өткенинде болып отыр. «ЦентрАзия» веб-сайтының тарқаткан хабарына қарағанда ол жерде ҳәзирги ўақытта жумыс тоқтаған. Оған тийкарынан исшилердиң жумысты даўам еттириўден бас тартқаны себеп болған көринеди. Неге дегенде, Рогунның тийкарғы сыбайларының биринде жер силкиниў нәтийжесинде үлкен жарық пайда болған.
Усы күнге шекем қанигелердиң пикири менен есапласпай келген Тәжикстан ҳүкимети де бул жағдайдан қорқып, өзлериниң узақты ойламастан ислеп атырған ислерин ўақытша тоқтатыўды уйғарыпты. Анығырағы, олар қурылысшыларға арнаўлы көрсетпе болмағанша жумысты тоқтатып турыўға рухсат берди.
Ойлап көрилсе, еле қурып питкерилмеген ҳәм ҳеш қандай күш түсип турмаған ҳалатта жарылып кеткен сыбай, ертең нешше-нешше миллион тонна суў салмағына ҳәм усындай силкиниў нәтийжесинде пайда болатуғын толқынларға шыдам бере алады деп ойлаў мүмкин бе? Буның ақыбетин ойлап көриўдиң өзи қорқынышлы. Бизиң дана халқымыз «от бәлесинен, суў бәлесинен, жала бәлесинен сақла…» деп мәзи айтпаған.
|
|
Просмотров: 658 |
Добавил: kkreporter
| Рейтинг: 0.0/0 |