19:29 Сөз еркинлиги ҳаққында… | |
ЯМАСА ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОЛИЙ МАЖИЛИСИ НЫЗАМШЫЛЫҚ ПАЛАТАСЫ ҲƏМ СЕНАТЫНЫҢ ҚОСПА МƏЖИЛИСИНДЕГИ БАЯНАТЫН ОҚЫҒАННАН СОҢҒЫ ОЙЛАР
Сөз еркинлигин ҳəр ким ҳəр қыйлы түсинеди. Кимдур кеўлине не келсе соны айтабериўди, жəне биреў өзинен бир пағана жоқары лаўазымда турған адамға қарап сөйлей алыўды, басқалары болса улыўма басқа түсиникте… Əлбетте, оның қатып қалған қағыйдасы жоқ. Солай екен деп аўзыңа не келсе соны айтып былжырай бериўге де болмайды. Мениңше, ҳақыйқатты мəдениятлы, жасап атырған жəмийет нызамлылықларынан келип шығып, менталитетимизди умытпаған ҳалда еркин айта алыў - бул сөз еркинлиги анықламасына жақынырақ келсе керек. Қалай да, өзим усы принципте ҳəрекет еткенди мақул көремен. Сол ушында, базы бир, усы ўақытқа шекем айтылып киятырған, бизде «сөз еркинлиги шекленген…», «журналистлер өз пикирлерин ашық айта алмайды…», «баспасөз еркин емес…», «жаздырмайды…» деген гəплерге қосылмай келгенмен. Буннан кейинде усы пикиримде қаламан. Мен мəмлекетлик газетада ислейтуғын журналистлердиң бири сыпатында, жоқарыда сөз етилген мəселе бойынша жеке пикиримди билдиретуғын болсам, биринши гезекте, бизиң адресимизге айтылып атырған сын пикирлердиң бир тəреплемелигине дыққат аўдарған болар едим. Буннан бурында, усы жерде (веб-сайтта демекшимен-автор) бул туўралы айтқанман. Оны жəне бир мəрте қайталаўға таярман. Ҳақықыйқатында да, бизде сын мақалалар аз. Мениң ойымша, буған кимниңдур бизге сын мақала жазыўды қадаған етип қойғанлығы себепши болып атырған жоқ. Керисинше, соған таяр журналистлеримиздиң азлығынан. Анығырағы, журналистлеримиз тараўлар бойынша қанийгелеспеген. Олар базар қатнасықлары дəўиринде мағлыўматты өз оқыўшыларына қалай ҳəм қəйтип жеткериў кереклиги бойынша бир тоқтамға келгени жоқ. Бурынғыдай Россия ҳəм тағы басқа қоңсы республика журналистлерине еликлеп жазыўдың ҳеш илажы жоқ. Неге дегенде, бизиң менталитетимиз басқа. Айтайық, қоңсы Қазақстан Республикасында басылып шығатуғын айырым басылымларда жəрияланып атырған мақалаларды бизде жəриялаў от пенен ойнаў менен барабар болар еди. Мысалы ушын, сол газеталардың биринде (белгили себеплерге байланыслы атын көрсетпедим ) «…мен келин болып түскен шаңарақта еркеклер көп екен. Күйеўимниң əкеси, еки иниси… Бир күни қайнатам асханада маған асылды… кейин қəйним… ўақты-ўақты бул жағдай қайталанып турады… қəйненем буны сезеди…». Егер буны сөз еркинлиги дейтуғын болсақ, мен журналист сыпатында да саналы түрде бундай «еркинликтен» ўаз кешкен болар едим. Соның менен бирге, тап усы күндеги жергиликли газеталарымызда жəрияланып атырған басым көпшилик мақалаларды газета оқыўшысы қунығып оқып, оннан өзине керек мағлыўматлар ала-алады деп те айта алмайман. Бизиң айырым журналистлеримиз шаблонлардан шығып кете алмай атыр. Басқаша жазыўға таяр емес. Ең баслысы, көпшилик журналистлердиң өзлериниң ҳуқықый мəденияты төмен. Жергиликли газеталарымызда аўыл хожалығы жөнинде көбирек материаллар бериледи. Жасыратуғыны жоқ, бизде, əдетте көбирек фермер хожалықлары туўралы жазылады. Олардағы «… МТП сына қараслы фермер хожалықларында болғанымызда…» деп басланатуғын мақаланы оқый баслаған талғамы күшли оқыўшы МТПның сол фермер хожалығына шəртнама тийкарында хызмет көрсететуғын кəрхана екенин түсинбейди деп ойлайсыз ба? Я болмаса «… фермерге өзине қараслы 100 гектар жердиң 60 гектарына ғаўаша, 30 гектарына бийдай, қалған 10 гектарына басқа да бир қатар аўыл хожалық егинлерин еккен. Бүгинги күни ғаўашаларды еки мəрте жабайы от-шөплерден тазалап, шайып суўғарған, бийдайларды да азықландырып, орым-жыйым ислерине таяр етип қойыпты…» деген қатарларды қызығып оқып, оннан өзлерин қанаатландыратуғын мағлыўмат алдым дейтуғынына исенесиз бе? Енди оның түрли формада, тек сөз орынлары өзгерген тақылетте қайталана беретуғыны да ҳеш кимге сыр емес… Жоқарыда айтқанымдай, буның түрли себеплери бар. Базы бир редакторлар айырым журналистлерге сын мақала таярлап келиўге буйыртпа бериўден де қорқып қалған. Неге дегенде, сол буйыртпа алған журналист «ур десе көзин шығарып» келгеннен кейин ол бийшаралар не қылсын?.. Фермер менен тилин таўып сөйлесиў орнына, «тексериўге келдим», «есап бетиңдеги ақшаларды қаяққа өткерип атырсаң?» «сен туўралы сын мақала жазбақшымыз» деп доқ уратуғын кəсиплеслеримиздиң еле де болса арамызда бар екенлиги рас. Олар фермерлерди ҳəкимиятқа шақыртып, олардан өзлери бериўди қəлемеген мағлыўматларды алыўға ҳəрекет етеди. Мақсетине ерисе алмағаннан кейин «барып едим… керекли адамларды таба алмадық… шақыртсақ келмеди… сораўларымызға жуўап бермеди…» тақылетте сын мақала жазады. Оны қайсы редактор басыўға рухсат етеди деп ойлайсыз? Əне, сондай бир кəсиплесмизге қоңыраў еткен қайсы бир шет ел ғалаба хабар қураллары ўəкили, бул гəплерди еситип «цензура бар», «журналистлердиң жазған сын мақаласы жəрияланбайды» деп əлемге жар салады. Əлбетте, буның менен редакторлардың бəри ҳақ, олар да жазғанды жазғандай жəриялаўға таярланып жең түрип, мушына түпирип отыр деп айтыўға еле ертерек болса керек. Олардың арасында да мурнының астындағы нəрсени көре алмайтуғынлары табылады. Редакцияға келген хатларды басқа уйымларға тексериўге жиберип, ортада «дəлдəлшилик» етип отырған редакторларды да көргенбиз. Олар өзлериниң бундай ҳəрекетлерин түрлише ақламақшы болады. Тийкарынан олар, сол арзаларды үйрениў нəтийжесинде жəрияланған мақалалар бойынша соралғанда жуўап бериўден қашады. Мениң тəжирийбемде бундай жағдайлар ушырасты. «Сениң сол нəрселерди түсинетуғыныңа исенемен, лекин, мен түсинбеймен. Жоқарыға сени шақырмайды, мени шақырады…» деген гəплерди бир емес, бир неше мəрте еситкенмен. Сол ушын да, бул мəселелерге баҳа берерде бир тəреплемеликке жол қойып болмайды. Тек кеўлиңе келген нəрсени айтып, оны басқаларға мақуллатыў арқалы мақсетке ерисиўге ҳəрекет етиў, ал айырым жағдайларда жеп отырған наныңды ақлаў ушын («ким пулын төлесе, сол музыкасын да буйыртады»дегенлериндей) айтылған жеңил желпи пикирлер ҳеш кимге абырай əпермейди… Ҳүрметли Президентимиздиң Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Нызамшылық палатасы ҳəм Сенатының қоспа мəжилисиндеги «Мəмлекетимизде демократиялық реформаларды жəне де тереңлестириў ҳəм пуқаралық жəмийетти раўажландырыў концепциясы» деп аталатуғын баянатын оқып көрип, ҳақыйқатында да, бүгинги күни бизиң жəмийетимиз усы тақылеттеги өзгерислерге таяр екенлигин сезиндим. «Бүгин биз демократиялық процесслерди тереңлестириў, ҳалықтың сиясий белсиндилигин арттырыў, пуқаралардың мəмлекетимиздиң сиясий ҳəм жəмийетлик турмысындағы əмелий қатнасы ҳаққында сөз етер екенбиз, əлбетте, мəлимлеме алыў еркинлигин тəмийинлемей, ғалаба хабар қуралларын адамлардың өзиниң пикир ҳəм идеяларын, жүз берип атырған ўақыяларға өзлериниң мүнəсибетин ҳəм позициясын еркин билдиретуғын минберге айландырмай турып, бул мақсетлерге ерисип болмайтуғынын жақсы билемиз» деп атап көрсетеди Миллетимиз жетекшиси өз баянатында. Соңғы ўақытлары бизиң республикамызда да интернет тармағынан пайдаланыўшылардың санының артып, ең баслысы, онда жергиликли блоггерлеримиздиң қатары көбейип атырғаны да, жақын келешекте сөз еркинлиги түсинигине бираз болса да басқаша мəни береринен дəрек береди. | |
|
| |
| Всего комментариев: 0 | |
Сөз еркинлигин ҳəр ким ҳəр қыйлы түсинеди. Кимдур кеўлине не келсе соны айтабериўди, жəне биреў өзинен бир пағана жоқары лаўазымда турған адамға қарап сөйлей алыўды, басқалары болса улыўма басқа түсиникте…