Воскресенье, 05.04.2026, 01:39
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Апрель 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
252627282930
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Апрель » 3 » «Саўдагер»ге жуўап
17:40
«Саўдагер»ге жуўап

Бизиң өткен сапарғы «Исбилерменге кимлер қолын созыўы керек?» атлы кеўил кеширмелеримизди оқыған, өзин Саўдагер деп таныстырыўды мақул көрген достымыздың блогимиздиң мини-чатында қалдырған сораўына (усы жердеги демекшимен) жуўап бермекши болып компьютерим алдына отырдым. Ойлап көрсем, таярлап атырған мақаламды газета бетлеринде жәриялаўға топланған материалларым еле жетерли емеске уқсайды.

Ол тийкарынан бизиң блогимиздегидей пикирлердиң газеталарда (жергиликли газеталарды нәзерде тутқан болса керек-автор) не ушын жәриялана бермейтуғынына қызығып қалыпты. Бул бир қарағанда аңсат сораў болғаны менен, егер тереңирек ойлап көрилсе, оның түрли, орынлы ҳәм онша орынлы болмаған себеплери бар…

Сол ушын достымызға ҳәзирше бундай пикирлерди оқып барғысы келсе бизиң блогимизге тез-тез кирип турыўын усыныс етемен. Соның менен бирге, айырым оқыўшыларымыздың электрон почтамызға жоллаған хатларына да тоқтап өтким келип отыр.

Олардың көпшилиги жеке өзлериниң проблемаларына бағышланған. Кими пластик карточкасындағы пулларын неше процент пенен нақластырғанын, кими банктен доллар ала алмай жүргенин, кими өзлери ислеп атырған жерлерде мийнет ҳақыларын ўақтында бермей атырғанлары жөнинде жазады. Ал базы бир досларымыз болса жаңа паспорт алыў ҳәм ондағы өзгерислер туўралы түсиник бериўди сорайды.

Дурыс, қолдан келгенинше биз оларға жәрдем бериўге ҳәрекет етпектемиз. Олардың электрон почталарына, сол хатларды алыўдан жуўап бериўге тырсамыз. Деген менен, ҳәр қандай ҳәрекеттиң нызамлы болғанының тәрептарымыз. Мен блоггерликке қол урғанлы берли бизиң республикамызда нызам үстинлиги тәмийинленгенлиги, ҳуқық қорғаў уйымларына мүрәжәт еткен адамға нызамлы тәртипте жуўап берилетуғынлығы туўралы тәкирарлап киятырман. Бүгинги күни де мен сол позициямда қаламан.

Ойлап көриң. Бизде ҳәмелдарлар кимлерден қорқады? Билесизлер ме? Бул сораўыма өзим-ақ жуўап бермекшимен. Арзагөйлерден! Неге? Себеби олар өз ҳуқықларын талап етип, нызамлы түрде айтыса алады, гүресе алады. Олар сонда неге сүйенип ҳәрекет етеди? Нызамларға, әлбетте. Егер нызамлар ислемегенде сол үстинен арза түскен ҳәмелдар арзагөйден қорқар ма еди?!..

Ҳүрметли Саўдагер достым! Мен сизиң неге тәшўишленип отырғаныңызды түсинип отырман. Бул жағдайлардан көпшилик бийхабар, интернеттен бизде көпшилик пайдалан алмайды, егер газеталарда шықса республикамыздың халқы да бизде де демократия барлығынан, журналистлердиң ҳақыйқый турмыста болып атырған ўақыялар жөнинда жаза алатуғынан хабар табар еди деген жақсы нийетиңизди түсинип отырман. Ол ушын, бириншиден, шын жүректен миннетдаршылық билдиремен. Екиншиден, сиз ҳеш тәшўишленбеўиңизди сорайман. Неге дегенде, ҳақыйқат ҳеш қашан сынбайды. Анығырағы, бир данышпан айтқанындай ашылмайтуғын сыр болмайды...

Айтайық, бизиң халқымыз бурын, аўқам дәўиринде қалай жасаған еди, сол ўақыттағы өзлерин «орайдан келген ўәкиллермиз» деп таныстырғанлар кимлер еди, олардан қандай азаплар көрдик, кейни не болды? Ғәрезсизликке ерискеннен кейин бизиң республикамызға кимлер басшылық етти? Олар халыққа қандай хызметлер көрсетти? Тарийхта қандай из қалдырды? Әўладлар оларды қандай хызметлери ушын еслейди? Булар туўралы еле шежирелер жазылады.

Сол ушын да, үлкен бир исеним менен Өзбекстан Республикасы Президенти И. Каримов Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Нызамшылық палатасы ҳəм Сенатының қоспа мəжилисиндеги «Мəмлекетимизде демократиялық реформаларды жəне де тереңлестириў ҳəм пуқаралық жəмийетти раўажландырыў концепциясы» деп аталатуғын баянатында: «…1992-жыл декабрь айында қабыл етилген мəмлекетимиздиң демократиялық раўажланыўын тəмийинлеў ҳəм пуқаралық жəмийетин қəлиплестириўдиң тийкарға принциплерин белгилеп берген Конституциямыздың реже ҳəм нормаларына сүйениў айырықша əҳмийетке ийе. Бул бағдардағы жумысларымыз… кейинги он жыл даўамында жəне де активлесип көлеми ҳəм маштабы барған сайын кеңейип бармақта… Буның тастыйығын мəмлекетимизди реформалаў ҳəм демократластырыў процесси ҳеш кашан артқа қайтпайтуғын, табанлы ҳəм избе-из характер алғаны, адамларымыз өзгерип,олардың сиясий, пуқаралық белсендилиги артып атырғаны, ой-пикири жоқарылап, əтирапында болып атырған барлық ўақыя-ҳəдийселерге мүнəсибети, ертеңги күнге исеними артып баратырғанының мысалында көриў, аңлаў қыйын емес» деп айырықша атап өткен еди. Мен бул гәплерге исенемен! Сол ушын сиз тәшўишленбеңиз, әзиз достым!

Усы жерде, вертуаль дүньяда көргенде, көрискенше.

Просмотров: 689 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 3
3 Комекши  
0
Бегдуллага. Цензура тууралы айтыпсыз. Негизинде бул надурыс. Бундай блогларды калеген адам ашыуы мумкин. Озиниз айткандай интернет системасына тусинбейтугынлардын сылтауы бул. "Сарымай сассык" дегендей бир гап. Калесениз сизде ашын.

2 Рас  
0
Дурыс!

1 Бегдулла  
0
Цензуралардан айланып калай интернетке блог ашып койыпсыз, хайранман хам кайылман Сизге, дурыс кылыпсыз блог ашып ауылдын журналистлерин билмеймен гилен пара менен окып питкергенбе, хеш бири елеге шекем (болмаса жас жигит кызлар ен кызып турган уаклары) интернетте бир кушли блог ашып елге жаны ашып атырганы жок сира, Каракалпак уатанымыз хазир дуньяда коррупциянын ен рауажланыуы бойынша 1 ши орында турады. хатте Озбекстаннын баска уалаятларында бундай аухал жок.а

Имя *:
Email *:
Код *: