Есиңизде болса, буннан сәл илгерирек, усы жерде (веб-сайтта демекши едим), «Сенсация…» деген тема астында өзимниң санаўлы күнлерден соң, көпшиликтиң қулағын ербең еттиретуғын мағлыўматлар тарқатпақшы екенимди баян еткен едим. Мине, шамасы, ўақыт жетип келген көринеди. Бүгиннен баслап сол мақсетке ерисиў ҳәм оқыўшыларыма берген ўәдемниң үстинен шығыўға ҳәрекет етемен…
Алдыма қойған мақсетиме ерисиў ушын, мен, республикамыз аймағында жасап ҳәм мийнет етип атырған, айырым жуўапкер қанигелердиң айыбы менен орын алып атырған нызамсыз ҳәрекетлер, Президентимиз пәрманлары менен ҳүкимет қарарлары талапларын орынлаўды үзилиске түсирип, көп муғдардағы мәмлекет ҳәм жәмәәт мүлклерин талан-тараж етип атырғанлар туўралы мағлыўмат тарқатып бармақшыман.
Бул шешимге бирден келгеним жоқ, әлбетте. Узақ ойладым. Усы күнге шекем топлаған материалларды қайта-қайта көзден өткерип шықтым. Оның үстине, оларды топлаўға жәрдем бергенлердиң исенимин ақлаў кереклигинде жақсы түсинемен. Әлбетте, барлығы нызам көлеминде болады. Ҳеш кимди кемситиў, намысына тийиў нийетим жоқ. Лекин, мәмлекетимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында алып барылып атырған экономикалық реформалардың нәтийжели даўам етиўине кесент келтирип, өзлериниң билип-билмей ислеген ҳәрекетлери менен оған қарсылық көрсетип киятырғанларды аяп та отырмақшы емеспен. Олардың қандай ўазыйпаларды атқарып турғанынан, ким екенлигинен қатты нәзер бар ҳақыйқатты баян етпекшимен…
Интернетте, анығырағы вертуаль дүньяда «жасайтуғынлар» «күнде усында» деген ибараны жақсы көреди. Сол ушын ҳәр күни түнде усы жерде ушырасып турайық. Мениң блогимди бақлап барың. Қәлесеңиз электрон почтама хат жоллап, пикирлериңизди билдириң. Болмаса мениң интернеттеги http://kkreporter.ucoz.org яки http://kkreporter.livejournal.com деп аталатуғын блоглериме кирип, ол жерлердеги мүмкиншиликлерден пайдаланып, коментарийлер жазың. Оннанда тез байланысыўды қәлесеңиз, Твиттердеги http://twitter.com/#!/buxarbay деп аталатуғын арнаўлы бетимизге кирип, есаптан өтип, мениң менен тиккелей байланысың. http://facebook.com дағы арнаўлы бетимизге мүрәжат етиң.
Келиң, биргеликте «сыйырдың отын жеп, баспақтың орнында жатып жүргенлер»диң ким екенлигин анықлайық. Ҳүрметли Президентимиздиң қол-қанаты болып, елимизде оның басшылығында алып барылып атырған дурыс ҳәм әдил экономикалық сиясаттың нәтийжели даўам етиўине үлес қосып, Журтбасшымыздың абырайын және де арттырайық. Өзимиздиң ҳуқықый, демократиялық жәмийет қурып атырғанымызды ис жүзинде дәлиллеп берейик. Бул бизиң Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллық байрамына сыйлы саўғамыз болсын!
1. Ҳәркимниң атқаратуғын ўазыйпасы… ямаса оған жуўапкерсизлик пенен қараў ақыбетинде пайда болатуғын машқалалар
Блоггерлик пенен шуғыллана баслағанымнан берли бул тема мени қызықтырып келмекте. Оны үйрениўге көп ўақыт ажыраттым. Ири ҳәм майда кәрханалар мысалында, қала, район, кишкене бир аўыл көлеминде оның тәсир шеңберин анықлаўға ҳәрекет еттим. Көплеген қанигелердиң пикирин тыңладым. Әпиўайы адамлар менен сөйлесип, олардың бул мәселелерге көзқарасын билдим.
Ҳақыйқатында да, ҳәр кимниң өзиниң атқаратуғын ўазыйпасы бар. Сипсекештен тартып қала ҳәкимине шекем өз ўазыйпасына жуўапкершилик пенен қатнас жасамас екен, ол жерлерде ҳеш қашан тәртип болмайды. Булар туўралы усы күнге шекем бир қатар мақалалар жаздым. Өзимниң журналист сы
…Ҳәр күни жумыстан қайтып киятырып «Нөкис дийхан базары» қапталындағы бәндиргиден жөнелисли таксиге отыраман. Бәндиргиниң буйым базарына кире беристеги дығырығында «Қара базар» (оны бизде «Валюта базары» деп атайды-автор) жайласқан. Кем дегенде 20-30 дан аслам адам бул жерде өзиниң ҳәр күнги «талабын» ислеп жүреди. Олар, сениң ким екениңнен қатты нәзер, «доллар аламыз, доллар…», «рубль, теңге бар ма?» деп алдыңнан кескеслеп шыға келеди. Оның үстине, олар жақыннан берли, ашықтан-ашық «пластик карточкадағы ақшаларыңызды нақластырып беремиз» десип бақырысып та жүретуғын болды.
Бул ҳәрекетлердиң экономикамызға зыян екенин билмеймиз бе? Я болмаса, ол жерде нызам талапларының бузылып атырғанынан тийисли жуўапкер қанигелердиң хабары жоқ деп ойлайсыз ба? Хабары бар. Демек олар өз ўазыйпаларына жуўапкерсизлик пенен қарап келмекте деген сөз емес пе?
Буның ақыбети, биринши гезекте, бүгинги күни мәмлекетимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында алып барылып атырған экономикалық реформаларға кери тәсир етери анық. Солай екен, не ушын биз сол қала көлеминдеги оған жуўапкер қанигеден тиккелей сорамаўымыз керек?!
Не ушын биз сол шет ел валюталарын сатыўды ҳәм сатып алыўды жолға қоя алмай отырғанларға «исти шөлкемлестире алмасаң кет» деп айтпаўымыз керек? Я биз олардың кимлер екенин билмеймиз бе? Билемиз… (Даўамы бар)
|