Суббота, 04.04.2026, 21:56
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Февраль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
28
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Февраль » 12 » «Сизиң сайтыңызға кирип көрген едим…»
19:03
«Сизиң сайтыңызға кирип көрген едим…»

Мениң ол туўралы жазғым келмеген еди. Лекин, оның өзим менен хошласып атырып айтқан сөзлери маған тынышлық берер емес. Жатып ойланаман, турып ойланаман. «Неге ол маған солай деди екен?» деген саўалға жуўап таба алмай-ақ қойдым…

…Еки күн бурын бир танысымнан «жоқары оқыў орынларына бакант орынлар ушын (түрли себеплерге бола оқыўға келмей қалған студентлердиң орынларына) балаларды қабыл етип алып атыр екен?» деген хабарды еситип жоқары оқыў орынларын айланған едим. Айырым жуўапкер қанигелер менен ушырасып, олардан, ҳақыйқатында да, бундай жумыслар жүрип атырғанын анықладым.

Мен оны (атын айтқым келмей отыр, сол ушын «мистер Х» деп атағаным мақул болар) сол күни ушыратып қалған едим. Ол сәлем әликтен кейин, мениң усы, жеке сайтым туўралы гәп ашып қалды.

-Сайтыңызға кирип көрген едим, расымды айтсам, маған унамады. Керек емес гәплер.Бизде ондай гәплерди айтыўға зәрүрлик жоқ. Сен түўе бизлерде ўақтында ҳеш нәрсе ислей алмадық. Мен…-деп ол өзи туўралы узақ сөйледи. Кимлер менен таныс-билис екени, қуда-жек жатлығы, отырыспалас, табақлас адамларын бирме бир санап өтти.

-Мине, қөрип турғаныңдай жағдайым жаман емес. Астымда гүрлеген машинам бар, даңғырлатып жай салып алдым. Микрода бир-еки жеңгеңде бар. Ҳәмме солай ислеп атырғаннан кейин, бөлинип шығып не қыламан дедим. Дурыс ислеген екенмен, өкинбеймен. Пара алады деп жазасаң ба, тәмегөйлик етеди деп жазасаң ба? Маған бәри-бир…

-Мен сиз ҳаққыңызда жазбадымғой, аға…

-Гәп тек мен ҳаққымда деп атырғаным жоқ. Оны мен де түсинемен. Ахмақ емеспенғой. Улыўма айтып атырман-дә. Енди оны интернет-газета етип қайта ислеп атырғаныңды да еситтим. Бәри бир бир өзиң не ислей аласаң? Оның орнына газетаңа мақалаңды жазып жүре бермейсең бе?..

-Сизге аўырманлығым түсип атырған жоқғой, я сизден бир ақыл кеңес сорамаған болсам, бул не дегениңиз, яшыуллы?

-Сорамайсыз-дә, сорасаңыз ақыл берер едик, жол жоба көрсетер едик. Мине бизлер көп нәрсени билемиз. Сол ушын да бизлердиң пышығымызға пыш дейтуғынлар жоқ. Деп көрсин, шетинен жоқ етип жибериўге қурбым жетеди. Мениң қолымда қыямет мағлыўматлар бар. Сен бержағын жазып жүрсең. Мен олардың қандай бузық, парахор, тәмегөй екенин қәлеген гезде дәлиллей алатуғын фактлерди билемен. Бирақ олардан керек жеринде, зәрүрлигине қарап пайдаланаман, билдиң бе? Екеўмиздиң парқымыз да сонда…

Ол, солай деди де, хошласып кетип қалды. Бирақ мен оның соңғы гәплерине ҳеш түсине алмадым.

«Мистер Х»ты көптен берли таныйман. Бир қарағанда жаман адамға уқсамайды. Өзине жараса сын-сымбаты, ақыл-парасаты жеткиликлидей. Көпшиликтиң арасында өзин услап тутыўыда жаман емес қусаған. Алжаспасам, өзиниң есабынан бир-еки китапта шығарды. «Студентлерге қымбат сатып атыр екен» деген гәплерди қулағымыз шалғаны рас. Бирақ солардың есабынан машина алып, жай салғанына исениў қыйын. Ал, қатынпазлығын болса көпшилик биледи…

«Екеўмиздиң парқымыз да сонда…» деген де «Мистер Х» нелерди нәзерде тутты екен-ә?...

Просмотров: 617 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: