Воскресенье, 05.04.2026, 01:56
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Июль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
25262728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Июль » 17 » Судтың шешимин күтемиз
16:48
Судтың шешимин күтемиз

Веб-сайтымыз бенен айланыспай қойғанымызға бираз ўақыт болып қалды. Мен бул ўақыт ишинде бир неше районда хызмет сапарында болып қайттым. Көп нәрселерди көрдим. Бираз гәплер еситтим. Бирақ оларды хатқа түсириўге ўақыт таба алмадым. Турмыс тәшўишлери…

Мине және компьютерим алдында отырман. Әдеттегидей, дәслеп интернеттиң «арғы басынан кирип, берги басынан шықтым». Көп жаңалықлар болыпты.

Президентимиздиң быйылғы жылғы кәсиплик байрамымыздағы қутлықлаў сөзинен кейин, айырым жуўапкер қанигелер интернетке дыққат аўдарар-аў деген ойда едим. Бирақ ҳәзирше сезилерли өзгерис көрмедим. Жерлеслеримиздиң көпшилиги әтирапында жүз берип атырған анаў яки мынаў ўақыя ҳәм ҳәдийселер туўралы рәсмий мағлыўматты ғалаба хабар қуралларынан емес, ал мыш-мышлардан излемекте. Олардың болса шеги көринер емес.

Әсиресе, соңғы ўақытлардағы айырым жуўапкерли лаўазымларда отырған адамлардың изли-изинен қамаққа алыныўы көпшиликте «қызығыўшылық» оятты. Олар жөнинде кимлердур билип, кимлердур билмей турып-ақ , дусмалдан түрли гәплер тарқатпақта. Өткен сапары айтқанымыздай, жақында Кегейли районының ҳәкими жумыстан босағанбыш. Бирақ, усы күнге шекем, ол бойынша рәсмий мағлыўмат тарқатылмады. Сол ушын, оның қандай себеплерге байланыслы атқарып турған ўазыйпасынан азат етилгени туўралы ҳәзирше бир нәрсе дей алмаймыз.

Ал узын қулақ гәплерге қарағанда, өткен сапары «Мыш-мышлар…»мызда сөз еткен республикалық жол қәўипсизлиги хызметиниң бурынғы еки басшысының мәселеси бойынша суд жақында болып өтетуғын қусайды. Демек, олар не айып ислеген, улыўма айыплы ма, айыпсыз ба? оған суд баҳа береди. Ал, биз болса оның нәтийжесин күтемиз. Суд қандай шешимге келмесин оннан сизлерди хабардар етиўге ўәде беремиз.

Просмотров: 510 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: