Суббота, 04.04.2026, 22:02
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Февраль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
28
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Февраль » 12 » Қымбатқа түскен қəте
19:53
Қымбатқа түскен қəте

Базар экономикасының өзине тəн нызамлылықлары бар. Оның менен есапласпаў, мойынламаў жақсы нəтийжелерге алып келмейди. Биз сөз етпекши болып отырған əңгимемиздиң «қаҳарманлары» əне усы əпиўайы қағыйдаларға əмел қылмағаны ушын да қəтеге жол қойған. Бирақ олардың бул қəтеси, биринши гезекте өзлерине қымбатқа түсти…

Жасыратуғыны жоқ, соңғы жыллары банктен кридит алып жумыс баслап жақсы көрсеткишлерге ерисип атырғанлар туўралы тез-тез еситетуғын болып жүрмиз. Бул бар гəп, бар жағдай. Өткен жыллар ишинде банклеримиз тəрепинен киши бизнести қоллап- қуўатлаў мақсетинде жүдə көп муғдардағы қаржылар ажыратылды. Бир неше онлап өним ислеп шығаратуғын киши кəрханалар, цехлар ашылып, иске түсирилди.

Лекин, тилекке қарсы, усындай бир пайтта, өзлериниң билип-билмей ислеген қəтелери себепли елимизде алып барылып атырған экономикалық реформалардың аяғына тусаў болып, оның сəтли даўам етиўине кесент етип атырғанларда табылады. Жоқарыда айтқанымыздай, биз сөз етпекши болып отырған «қаҳарманларымыздың» ҳəрекетлерин басқаша баҳалаў мүмкин емес.

Банктен кредит алыўдың өзиниң тəртип қағыйдасы бар. Ең баслыларының бири, сол өзиң кредит алыўды мөлжеллеп отырған банктиң жуўапкер қанигесин (баслығын), өзиңниң идеяңды əмелге асыра алатуғыныңа исендире алыў. Егер бул нəрсени еплей алсаң, саған тийисли бөлимдеги қанигелер менен ислесип, оларға өзиңниң бизнес жобаңды тапсырып, экспиртизадан өткизип, гиреўге қоймақшы болған мүлкиңди қайта баҳалатыўға рухсат етиледи.

Абат Матжанов бундай иске қол урмастан бурын бəрин алдыннан ойлап көрген болса керек. Сол ушын да ол өзиниң атына «Қоңыратқа раўаж» жуўапкершилиги шекленген жəмийети, «Мед Нукус Сервис» көп тармақлы жеке фирма ҳəм «Технет транс Нукус» жуўапкершилиги шекленген жəмийетлерин ашқаны көринип-ақ тур. Оның үстине, бул иске өзиниң жақынлары Аллаяр Матжановты, Айдар Матжанов ҳəм Бердах Матжановларды да тартқан.

Дəслепки ўақытлары Абат Матжанов сол өзине тийисли «Қоңыратқа раўаж» ЖШЖниң табысын салықтан жасырыў, анығырағы көрсеткишлерди кемитип көрсетиў ҳəрекетлерин əмелге асырады. Бəри қамырдан қыл суўырғандай болып келисип атырғанынан тəсирленип, бул ҳəрекетлерин жəне де күшейтиў мақсетинде банк кредитлеринен пайдаланыўды өз алдына мақсет етип қояды. Усы нийетте жақынларының атына ашылған фирма ҳəм жуўапкершилиги шекленген жəмийетлерден де пайдаланыўдан тайынбайды.

Ол «Мед Нукус Сервис» көп тармақлы жеке фирмасының атынан ҳүжжет таярлап 2005-жылы 10-май күни акционерлик-коммерциялық «Өзбекстан санат-қурылыс банки»ниң Қарақалпақстан регионаллық филлиалы менен шəртнама дүзип, жыллық 24 процентлик үстеме менен 50 милион сум кредит алады. Алынған қаржы ҳə дегеннен-ақ түрли мақсетлерде сарыпланып кетеди. Расын айтқанда, алдыннан дүзилген бизнес жобалар бир жақта қалып қояды. Əлбетте, ол буған саналы түрде қол урмаған болыў да мүмкин. Бəлким, оның бундай ҳəрекетлер ислеўине бизнес жобаның пуқта ойлап шығылмағанлығы да себепши болған шығар? Жəне ким билсин?..

Талабы келиспеген «исбилермен» банктен алған кредитин сөндириў мақсетинде (жабыў мақсетинде) «Дезери» жеке фирмасынан 50 милион сум жəрдем алады ҳəм банктиң қарызынан қутылады.

Бундай етип истиң «жүрисип кетиўи» оны «жаңа ислерге» баслап, ол өзиниң жақыны Аллаяр Матжановтың атына «Градостройтель» көп тармақлы жеке фирмасын ашады ҳəм оған өзи үйренген (өзине таныс болған демекши едик) акционерлик-коммерциялық «Өзбекстан санат-қурылыс банки»ниң Қарақалпақстан регионаллық филлиалынан «қурылыс материалларын сатып алыў ушын» деп, 2006 жылдың 6-июнь күни жыллық 20 процентлик үстеме менен бир жыл мүддетке 50 миллион сум кредит «туўырлап береди». Ең қызығы, бул қаржыны «қурылыс материалларын сатып алыў ушын» деген дəлил менен сол жоқарыдағы, өзи басқарған «Мед Нукус Сервис» көп тармақлы жеке фирмасының есап бетине өткериткизеди. Мине усындай «ойынлар» ақыбетинде жəне сол көп муғдардағы қаржы растрата жол менен талан-тараж етиледи.

Усы жерде орынлы түрде саўал туўады. Бул ҳəрекетлерден банк хызметкерлери хабарсыз болған ба, я болмаса мəпдар болған ба? Əлбетте,бул сораўларға кейингиси жуўап деп қабыл етилгени мақул болатуғын шығар, қалайда? Неге дегенде, биз жоқарыда айтқанымыздай, банктиң өзине тəн талап-қағыйдалары бар. Өзи өткен жылы алған кредитин зорға жапқан (банкирлердиң жəрдемисиз емес, əлбетте) кəрханаға кейинги фирмаға алынған кредит муғдарының өткерилип берилип атырғаны оларда азда болса гүман туўдырмады ма екен?!

Бул ислердиң басы-қасында болған, сол ўақытлары акционерлик-коммерциялық «Өзбекстан санат-қурылыс банки»ниң Қарақалпақстан регионаллық филлиалы баслығы болып ислеген Таңатар Төлепов та, кредитлеў бөлими баслығы Бекбосын Султамуратов та тəжирийбели банк хызметкерлери. Оларды анаў-мынаў адамның алдаўына ерген дегенге де исениў қыйын…

Буны Абат Матжановтың иниси Айдар Матжановтың атына ашылған «Қоңырат Чамани» көп тармақлы жеке фирмасына 2007 жылы 28-апрельде бир жыл мүддетке 20 процентлик үстеме менен 125 милион сум кредит ажыратылыўынан да анық көриўге болады. Неге дегенде, сол ажыратылған кредит туппа туўыры, «қурылыс материалларын сатып алыў ушын» деген, ески, «өзин ақлаған усылда», бизге алдыннан таныс «Қоңыратқа раўаж» жуўапкершилиги шекленген жəмийети есап бетине өткизип берилген.

Суд процесинде Матжановтың көз байлаўшылық қəбилетлери, я басқа бир психологиялық жақтан адамларға тəсир етиў мүмкиншиликлери жөнинде ҳеш нəрсе айтылмаған. Буған, биз жоқарыда атын атап өткен, банк хызметкерлериде даўагерлик етпеген. Демек, олар бул жынайый ҳəрекетлерге шериклик еткен.

Сол ушын да олар Абат Матжановтың иниси Бердах Матжановтың атына шөлкемлестирилген «Супер магистрал транс» жуўапкершилиги шекленген жəмийетине қəлпеки дүзилген бизнес жобаға тийкарланып 14 процентлик үстеме менен 3 жыл мүддетке «сүт өтмлерин қайта ислеў ҳəм үскенелерди сатып алыў ушын» 200 миллион сум кредит қаржыларын ажыратқан. Жеме-жеме келгенде бул ажыратылған қаржының көпшилик бөлеги сол, Абат Матжановқа тийисли болған «Қоңыратқа раўаж» жуўапкершилиги шекленген жəмийетиниң алдын алған кредит қаржыларын сөндириўге (төлеп бериўге) сарыпланған.

Абат Матжановтың «ойынларына» акционерлик-коммерциялық «Өзбекстан санат-қурылыс банки»ниң Қарақалпақстан регионаллық филлиалына 2009 жылы басшылық еткен Ерполат Абибуллаев та араласып қалған. Анығырығы, ол 2009 жыл 21-август күни «қаҳарманымыздың» атындағы «Технет транс Нукус» жуўапкершилиги шекленген жəмийетине 14 процентлик үстеме менен 3 жыл мүддетке кредит ажыратыў менен «жəрдемин тийгизген». Бул кредит те толығы менен сол «Қоңыратқа раўаж» жуўапкершилиги шекленген жəмийетиниң есап бетине өткерилип атырғаны да оны қəўетерлендирмеген. Кредиттиң мақсетли жумсалыўы бойынша моноторинг жумысларын алып бармаған…

Бул жынаятлы иске қатнасқанлар бүгинги күни нызамлы жазаларын алды.

…Ҳəммемизге мəлим, қолына бизнес жобаларын көтерип банклердиң есигин тындырмай жүрген ҳақыйқый исбилерменлеримиз, фермерлеримиз көп. Олар басқаларға уқсап 100-200 милион сум емес, ал 15-20 милион сум алсам киши кəрханамды ашаман, өним ислеп шығараман деп жақсы нийет етип жүр. Жəне биреўлери дийханшылықты, шарўашылықты, қусшылықты, балықшылықты раўажландыражақ. Қолында өнери бар, тигиўшилик пенен халыққа турмыс хызметин көрсетиў нийетинде жүрген қыз-келиншеклеримиздиң қатары аз ба?

Ал, бул арада, жоқарыда аты аталғандай банк тармағында отырған жуўапкер қанигелеримиз болса «үлкен ойынларға» қосылып, өзлериниң нəпсин тыя алмай, кимлердиңдур жынаятларына шерикшилик қылмақта. Бир данышпан айтқандай «ашылмайтуғын сыр болмайды». «Айланайын сəллем сеннен, ҳеш ким гүман етпес менен» деп, қыласынды қылып болып, мойнын ишине тартып жүргенлер қəтелеседи. Қəте болса, күни келгенде, сонша жыллық мысқаллап жыйнаған абырайыңнан айырады.

Жақында бир кəсиплесим өткен жыллар ишинде Нөкис қаласында соңғы жыллары егилген тереклер бойынша берилген есабатларды көрип шығыпты. Ол маған «Егер ҳəр жылы егилген тереклердиң 50 проценти (негизинде норма бойынша 70 проценти тутыўы нəзерде тутылған-автор) тутқанның өзинде де, олардың арасында жүрип адасып кететуғын дəрежеге жеткен екенбиз» деген еди. Сонда мен оннан қалысқым келмей «егер билсең, соңғы жыллар ишинде ажыратылған банк кредитлери (олардың муғдары жүдə көп-авор) туўыры мақсетлерге сарыпланғанында республикамыздың экономикасы тез пəт пенен раўажланып, жетистирилиген өнимлерди қоярға жер таппай калған болар едик» деп салғаным есимде. Ойлап көрсем, мен алжаспаған көринемен...

Биз бүгин сизге бар жоғы бир жынаяттың тарийхын сөз етип бердик. Бир шахстың дөгергиндеги гəплерге тоқтадық. Ашылған, судта қаралған жынаятлы истиң жуўмағы менен таныстырдық. Ашылмағаны, еле үйренип, изертленип, тексерип көрилмегени қанша? Оны енди ўақыт көрсетеди… Солай екен деп қол қаўсырып отырғанымызда қəте. Оған жол қойылмаўы керек. Себеби, ол бизге де, суд очеркиниң қаҳарманларыныкиндей қымбатқа түсиўи мүмкин.

Просмотров: 959 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: