Понедельник, 06.04.2026, 12:21
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Апрель 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
252627282930
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Апрель » 14 » Қызықлы усыныс…
12:29
Қызықлы усыныс…
Соңғы гезлери бизиң веб-сайтымыз бенен танысқан, электрон почтамызға тез-тез хат жазып туратуғын Қуўат исмли достымыздан келип түскен бир усыныс мени ойландырып қойды. Сол ушын мен сол достымыздың соңғы хатын сол турысына, ҳеш өзгертпестен, усы жерде жәрияламақшыман.

Ол: «Хурметли Бухарбай ага. Кеширерсиз мазанызды алып атырган болсам.
Сайтыныз унады, наконец-то нашлись люди, хоть как-то описывающие
ситуацию. "Парахорлар дамегойлер" деген болим де ашпайсыз ба? Кимнен,
кайсы парахор, канша сорап атырганлыгы, тырнакша ишиндеги хызметлери
канша екенлигин жактыландыратугын? Сайттын "кара бетинде" озлерин корип ойланбас па еди? Балким РФ нын басшылары интернет аркалы корип сол харамылардын жазасын берип атырганындай, бизлерде де табылмас па екен?
Парахорлардын видео записин коятугын мумкиншилик болса зор болар ма еди?!
» деп жазып, Қуўат деп қол қойыпты.

Ҳақыйқатында да, соңғы ўақытлары Россия тәреплерде интернет тармағында түрли өзгерислер жүз бермекте. Жеке адамлардың блоглары пайда болды. Олардың арасында әпиўайы рабочийдан тартып сиясий искерлерге шекем бар. Ал Facebook, Twitter деп аталатуғын тармақлардан миллионлап адамлар пайдаланып, өзлерине керек мағлыўматларды алып ҳәм тарқатып атыр… 
                                                                            
 
Бизде еле ол дәрежеге барып жеткени жоқ. Тийкарынан бизде интернет тармағына жасларымыз ҳәм жас өспиримлер киреди. Әсиресе интернеттеги қәлеген сайттың мобильный варианты пайда болыўы бул мәселени және де тезлестирип жиберди. Өзбекстан бойынша интернеттен пайдаланыўшылардың саны 7 миллионнан асып кеткен болса, соның ярымына шамаласын мобиль телефон арқалы пайдаланыўшылар қураса керек.

Қуўаттың усынысында жан бар. Ҳақыйқатында да, усындай бир сайт ислесе болады. Әлбетте барлығы нызамлы болыўы ҳәм модератор бақлаўынан өтетуғын етип ислеўимиз керек. Онысыз бизде еле айырым адамлардың ҳуқықый мәденияты төмен екенлиги ҳеш кимге сыр емес.

Биреўди парахорлықта айыплаў ушын тийкар, дәлил керек. Бул жерде барлығы есапқа алыныўы тийис. Гейде электрон почтама келген айырым хатларды оқып отырып жағамды услайман. Олардың биринде: «пәленше парахор, соның есабынан пәлен көшеден сарай салдырып атыр, есигинде еки-үш машинасы бар…» делинген екен. Қызығы, сол «парахордың» тазадан салып атырған жайының сүўретлеринде қосып жиберипти…

Жасырмайман, қызығыўшылығым себепли хатта айтылған фактлерди тексерип көрдим. Ҳақыйқатында да, сол айтылған көшеде сүўреттеги жай бар екен. Лекин оның ийесиниң бул «сарайды» пара есабынан салдырып атырғаны жөнинде дәлил жоқ. Мен оны ҳәзирше «Ешмураттың хатында солай жазылған екен» деп жәриялап жибере алмайман. Оған ҳақым да жоқ.

Сол ушын бул хатты арманыраққа алып қойдым. Келешекте керек болып қалыўы мүмкин. Авторға болса оны қадағалаўда услап туратуғынымызды, егер оның дәлил-ыспатын тапсақ усы тақылетте қалдырмаўға ўәде берип, жуўап жаздық.

Қуўаттай оқымыслы ҳәм қызығыўшаң досларымыздың пайда болғанынан қуўанышлымыз. Ол «видео записин коятугын мумкиншилик болса…» жақсы болар еди деген де пикир айтыпты. Ол тийкарынан бизиң усы жердеги блогимизди нәзерде тутып айтылған гәп. Бул да Қуўаттың интернет мүмкиншиликлеринен хабардар екенинен дерек береди. Негизинен блогимизде қызығыўшылардың «видио записин» қоя алатуғын етип ислеўдиң ҳеш қыйыншылығы жоқ. Оны келешекте есапқа аламыз.

…Соңғы гезлери оқыў орынларында «жанланыў» пайда бола баслады. Буны студентлердиң арасында интернетке кириўшилердиң қатары көбейип атырғанынан да билиўге болады. Олардың айырымларының электрон почтамызға жазған хатларына қарағанда, ол жерлерде еле жағдай жақсыланып кете қоймаған қусайды.

Айырым жоқары оқыў орынларының басшылары өзгерди. Айырымлары өз лаўазымларын сақлап қалды. Орта арнаўлы кәсип-өнер колледжлеринде де жағдай сондай. Гей бир жерлерде еле тексериўлер даўам етип атыр. Ол енди басқа тема. Алдағы ўақытлары оларға қайтамыз ҳәм көпшиликти қызықтырып атырған айырым мәселелер бойынша арқайын сәўбетлесемиз.
Просмотров: 880 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: