Есиңизде болса, биз жеке сайтымызды ашқанлы берли бир емес, бир неше мəрте бе интернет туўралы сөз еттик ҳəм өз пикирлеримизди билдирдик.
Жасыратуғыны жоқ, олар бойынша электрон почтамызға келген хатларды оқып қайыл қалмадық. Өйткени, ол жерде бизиң адресимизге де бир талай «жыллы» гəплер айтылыпты. Ҳəтте, бир хат авторы бизди «қарақалпақта адамларды интернет оқыйды деп ойлап жүргениңе қарағанда қыялпаразлардың ушабасына шыққан қыйлымысаң деймен…» деп, қатырып сөгипти.
Өткен күни жумыстан қайтып баратырып бир топар студентлер менен жол жөнекей сөйлесип келдим. Олардың дерлик барлығы (7-8 бала бар еди-автор) компьютерге қызығар екен.
-Сизиң сайтыңызға кирип тураман, жаман емес,-деди олардың мени таныйтуғынларының бири. –Бирақ соңғы ўақытлары жаңаламай кеттиңиз ғой? Оқыўшыларыңызды ойламайсыз ба?
-Жумыслар баса-бас, қол тиймей атыр, иним. Кейинги еки-үш күннен берли жаңалап атырман. Оның үстине, күнделик типинде болғаннан кейин басқалар оған итибар бере бермес-аў дегеним еди…
-Қарақалпақ тилинде интернетте сайтлар аз. Өзиңиз жазып атырғандай, бизде блоггерлер қатары көбеймей атыр. Барларыда онша дыққатты тарта бермейди. Оқығандай нəрсениң өзи жоқ,-деди олардың жəне биреўи сөзге араласып.
-Сизлер басқа қандай сайтларға кирип турасыз?
-Өзлеримизди қызықтырған барлық сайтларға кире аламыз. Бизлер ушын шеклеў жоқ, аға,-деп күлди арықтан келген узын жигит маған бурылып қарап.
-Қалай ойлайсыз, бизде интернетти раўажландырыў керек пе, жоқ па?
-Əлле қашан бул тараў қолға алыныўы керек еди. Əттең, биздегилер көп нəрселерди қолдан шығарып атыр. Айтайық, интернетте қарақалпақ тилиндеги сайтлар көп болса жасларымыз мағлыўматты басқа жақтан излемейди. Онысызда орысшаға шорқақпыз. Өзбек тилиндеги айырым сайтлар жөнинде билесиз…
Кейинги баланың бизиң республикамыз жөнинде бəрҳəма бир тəреплеме информация тарқататуғын сайтлар жөнинде айтып атырғанын түсинсемде, түсинбегендей болып сорадым:
-Ол жерлерде нелер туўралы жазылып атыр? Бизлерде ондай сайтлар ашылмайды деген гəплер барғой.
-Ол интернетти түсинбейтуғын мəңгүрлердиң гəпи ғо, аға. Прокси сервер деген терминлер бар интернетте, ашылады. Гəп оның ашылғанында емес. Гəп соларға алтирнатив, бизге əтирапымызда жүз берип атырған ўақыялар бойынша оператив мағлыўмат беретуғын дереклердиң жоқлығында,-деди биринши болып сөз баслаған жигит.
-Газеталарымыз бар емес пе?
-Ҳəзирги заман жаслары газетаға үңилип отырмайды. Оның үстине, жасларды қызықтырған сораўларға жуўап бере алғандай газетаның өзи бар ма?! Ол жерлерде 80-жыллардан қалып қойған адамлар ислей ме?..
-Жоқары оқыў орынларының, айырым ири кəрханалардың сайтлары менен де таныссызлар ма?
-Таныс болғанда қандай. Ҳəр күни жаңалық бар ма екен деп аша берип, ол жерлерде нелер жазылғанын ядлап та алғанбыз. Жаңаланбайды. Өзлериде ашып көрмесе керек. Бар ма? Бар. Базы бир оқыў орынларының сайтлары улыўма ашылмайды. Көпшилигинде жоқта болса керек-аў. Олардан биреў сорамаса, ол жердегилер ондай майда-шүйдеге басын аўыртып отыра ма?...
-Бизиң республикамызда Президентимиздиң басшылығында көп нəрселер исленди. Мине биз – жаслар, сол ғəрезсизлигимиз берген мүмкиншиликлерден толық пайдаланып компьютерди меңгердик. Мектеплеримиз де, колледжлеримиз де компьютерлер менен толық тəмийинленген. Жасларымыздың дерлик көпшилик бөлеги оларда ислеўди биледи. Бүгинги күни қəлеген қала, район орайларында, ҳəтте айырым қала типиндеги аўыллық жерлерде интернет кафелер ислей баслады. Ол жердеги жаслар тек ойын ойнамайды. Е-mail ден хат жазыў менен шекленбейди…
Гəп жəне сол сайтларға барып тақала берди… Сəўбетлеслерим менен хошласып атырып, олардың бетлерине тигилип қарадым. Жас жигитлердиң кейпиятынан-ақ мениң менен шын кеўилден гүрриңлескени көринип турар еди. Ҳеш бириниң көзи-жүзинен басқа бир астыртын мəни аңламадым.
Ырасымды айтсам, бизиң изимизди усындай жаслар басып киятырғанын ойлап қуўандым. Олардағы өзлерине усындай мүмкиншилик жаратып берип атырған Ғəрезсизлигимизге, уллы ислердиң жетекшиси болып, барлық ислердиң басында турған ҳүрметли Президентимизге, ҳүкиметимизге миннетдаршылық туйғыларының самиймий екенлигин көрип, ертеңги күнимизден тəшўиш шекпесекте болатуғынлығын түсинип жеттим.
Деген менен, жаслар жүдə нəзик тəбиятлы болып келебереди. Олар тез өзгергиш ҳəм ийкимлескиш. Қəлеген мағлыўматты, зəрүрлигине қарамастан туўры қабыл етиўи де мүмкин. Сол ушын олардың өзлери айткандай, биз интернетти тезирек өзлестириўимизге туўра келеди. Ол жерлерде жасларымызға зəрүр болған мағлыўматларды өз ана тилинде таба алыўына жəрдем бериўлеримиз тийис.
|