Пятница, 10.04.2026, 13:09
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Апрель 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
    123
45678910
11121314151617
18192021222324
252627282930
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Апрель » 16 » Және интернет ҳаққында
21:30
Және интернет ҳаққында

Кеше бир танысымды ушыратып қалып едим. Ол кәсип-өнер колледжлериниң биринде сабақ береди. Жаман жигит емес. Тек минези сәл тиклеў. Сол ушын болса керек ерсили-қарсылы сөйлеп сала береди. Кеўлиңе де қарап отырмайды.

- Сизге ҳайран қаламан,-деди ол бетиме тик қарап турып. –Интернетте жазып атырғанларыңды биреўлер оқып атыр (ол мениң веб-сайтымды нәзерде тутпақта-автор) деп ойлайсаң ба? Оқымайды. Көпшиликтиң оған мүмкиншилиги жоқ болса, имканияты барлар интернет деген нәрсени түсинбейди. Гейде бир муғаллимлер «сондай-сондай, маған сол сайтты ашып бересең бе?» деп өтиниш етип қалады. Ашып беремен. «Даўамы…» деген жерди басып, таза бет ашып оқыўды да билмейди ғой. Исенесең бе? Солар балаларды оқытқаннансоң…

-Қәнигелиги басқа, компьютерге қатнасы жоқ шығар?

-Гәп онда емес. Олар оқыўшыларға сабақ береди. Сол темаларда лекциялар оқыйды. Китапханалардан сабақлықлардың электрон вариантларын алып оқыўды мәсләҳәт етеди. Өзлери түк қақпайды…

Ол көп нәрселер туўралы айтты. Мақсети тек кәсиплеслерин критикалаў емес екен. Ал жасларымыздың бул бағдарда алға илгерилеп кеткенин айтпақшы қусайды.

-Оқыўшылар менен сөйлесип отырсаң, олардың интернеттеги түрли сайтларға кирип жүргенин билип аласаң. Гейде сондай бир сораўлар береди, еситип ҳайран қаласаң… Енди сен ойлап қара, сол балаларға жаңағы компьютерден түк қақпайтуғын муғаллим сабақ өтип атыр деп ойлайық. Оқыўшы өзиниң хабары бар, бирақ түсине алмай жүрген бир сораўын берип қалды дейик… не деп жуўап береди… уят емес пе? Колледжлеримиздиң компьютерлестирилгени қашшан. Адам деген былай бир қызығып, өз үстинде ислемей ме екен?-деди ол басын шайқап.

Бул кешеги ўақыя еди. Бүгин бир үлкен кәрхана баслығы менен ушырасып қалдым. Ол маған, өзиниң, мениң соңғы ўақытлары интернет пенен шуғылланатуғынымды еситип қалғанын айтып қалды.

-Интернетке жазады дейди. Өзиң жазасаң ба, я басқа биреўлер жазып бере ме? Компьютеримиз болғаны менен бизлер сол қурығырды түсине алмай-ақ қойдық ғой. Бир кабинетке келип, көрсетип кетсе… көп нәрсе жазып атыр деп еситтим. Бир оқып көрейик. Және бизлерде ишинде кетип қалмайық, иним,-деди ол астарлы күлип…

Расымды айтсам, оны мен компьютерде ислеп биледи деп ойлайтуғын едим. Себеби оның кәрханасы ең бириншилерден болып компьютерлестирилди. Мүмкиншиликлери болса бар. Үйине де бириншилерден болып персональ компьютер алғанынан хабардар едим.. Инта болмаса қыйын екен дә.

Өкинишлиси, көп жерлерде компьютердиң мүмкиншиликлеринен толық пайдалана алмай атырмыз. Оны көпшилик машинка иретинде ғана пайдалана алады. Ал, айырым оқыў орынларында интернетке жалғанған компьютерлерден оқыўшылардың, ҳәтте муғаллимлердиң де пайдаланыў имканияты жоқ. Жуўапкер адамға директорлар мықлап тапсырып қоярмыш. Сол ушын «тил алғыш»лар тек комиссия келген күнлери ғана оларды ислетип қоярмыш.

Кәрхана, министрликлердиң, айырым оқыў орынларының өз веб-сайтларын ашыў жөнинде болса еле ҳеш ким ойлап та көрмеген көринеди. Барларының да көпшилиги атына ғана ислетилип, оны жақын арада ҳеш ким ашып көрмегени, жаңаламағаны көринип турады. Веб-сайтыңыз бар ма? Бар.

Бундай көзбоямашылықтың кимге кереги бар, ҳеш түсине алмайман…

Просмотров: 673 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 3.0/1
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: