Суббота, 04.04.2026, 21:56
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Февраль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
28
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Февраль » 13 » Жағдай еле өзгермепти
17:26
Жағдай еле өзгермепти

Өткен ҳəпте Нөкис қаласы аймағында жайласқан «Қызкеткен» елатлы пунктине барғанымда, жолаўшыларға транспорт хызметин көрсетип атырған 21-жөнелисте жол ҳақы баҳасын 600 сум етип қымбатлатып жибергенин (негизинде қала ишинде 500 сум) көргеним туўралы жазған едим. Бул тармақтағы «Жуўапкерсизлик…» туўралы айтылған пикирлеримиз жəрияланғаннан кейин, оған ким қандай реакция бериўин бақлап бардық. Жасыратуғыны жоқ, электрон почтамызға келген бир неше оқыўшымыздың хатынан бөлек, оған қандай да бир рəсмий қатнас болғанын еситпедик те, көрмедик те.

Буның жуўапкерсизлик екенин де, бийпарўалық екенин де түсине алмай ҳайранбыз. Қанша айтқан менен ол жерде Президент қарары талапларының орынланыўының үзилиске түсирилип атырған туўралы айтылған еди-дə…

Бүгин жумысларым болып сол тəрепке жолым түсти. Базар жай қапталындағы бəндиргиден 21-жөнелистеги «Дамас»лардың бирине (мəмлекетлик белгиси 23 L 88 18) отырдық.

-Балам жол крей неше сом болды,-деп сорады жасы əдеўираққа барып қалған кемпир мени түртип.

-500 сум шығар, апа,-дедим мен айдаўшы тəрепке қарап.

-Бизде жол ҳақы 600 сум,-деди ол мениң гəпиме анықлық киргизип.

-Халықты ойлайтуғын адам қалмады. Жақында емес пе 500 сум етип қымбатлатты деп газетте жазғаны. Демде 100 сумға қымбатлап кеткени ме? Қалай- қалай болып баратыр…

-Мен ҳəзир ғана пластик карточкамдағы ақшамды нақластырып алдым. 15 процент деп еди, 13 ке зорға жықтым. Тек жол машынымызға кетеди турады. Ең ишинде биз, муғаллимлерге қыйын болды. 100 процент айлығымызды пластикке өткеремиз. Бир жерде банкомат ислемесе… Мийнет ҳақымызды нақластырып бир утылсақ, жол ҳақының қымбатлаўынан да жəбир шегип атырмыз. Халықтың жағдайынан хабардар болатуғын адам барма екен, өзи?-деди айдаўшының қапталында отырған келиншек гүңк етип. Бийшара жарылып-ақ кетейин деп отырған екен.

«Дамас»тың ишиндегилер арасында басланған пышыр-пышыр, ярым тоңқылды гəплер бираз жерге шекем даўам етти. Айдаўшы ҳеш гəпке араласпады. Кейин мен баратын жериме жақынлаған туста түсип қалдым.

Жаңағы кемпирдиң кейинги айтқан гəплери ҳеш қулағымнан кетер емес. Оны қайталап отырмақшы емес едим. Бирақ олай ислесем мен де сол кемпир айтқан адамлар топарына кирип қалатуғын түрим бар. Ҳеш қашан ондай болыўын қəлемес едим.

«Булардың барлығы, биринши гезекте, Президентимиздиң абырайын түсириў ушын исленип атырған ҳəрекетлер. Əне, жақында Журтбасымыз телевизордан шығып сөйледи. Ҳəмме айтқанлары дуппа дурыс. Илайым, дүнья турғанша турсын. Мына ғарғыс урғырлар ҳарам ақшаның кейнинен қуўып, қашан көрсең усындай қылады. Болмаса 100 сум ақша емес пе? Ақша. Сонда не ушын усылай ислейди? Жөнге салалмайтуғын болса, пүткил халықтың алдында Президенттимиздиң, Ҳүкиметимиздиң абырайын түсирмей «Мениң қолымнан келмейди» деп жуўапкершиликти мойнынан сақыт етпей ме?»-деген еди ол ғəзепли түрде…

Қайтып киятырып жəне сол жөнелистеги «Дамас»лардың бирине отырдым. Енди ҳеш кимнен сорап отырмастан жол ҳақы ушын 600 сум узаттым.

Мени ҳайран калдыратуғын бир нəрсе, ҳақыйқатында да, усы жағдайлардан Нөкис қаласының ҳəкимиятындағы жуўапкер қанигелер хабарсыз ба екен, я болмаса сол кемпир айтқандай, бул бүгинги күнги Президентимиз басшылығында алып барылып атырған əдил ҳəм дурыс экономикалық реформаларға олар тəрепинен көрсетилип атырған қарсылық па?

Неде болса, биз сөз еткен жерлерде жағдай еле өзгермепти. Нызам талапларының бузылыўы даўам етпекте...

Просмотров: 660 | Добавил: kkreporter | Теги: Нөкис | Рейтинг: 5.0/1
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: