Главная »
2011 » Апрель » 14 » «Жоқары оқыў орынларындағы өзгерислер туўралы жазың…»
22:15 «Жоқары оқыў орынларындағы өзгерислер туўралы жазың…» |
Усы жерде жәриялаған «Қызықлы усыныс»ымды оқыған жоқары оқыў орынларының биринде оқыйтуғын Студент исмли достымыз (Мен оны усылай атағанды мақул көрип отырман, себеби ол өзиниң толық аты жөнин көрсетип жазыпты, бирақ оны анық келтириўимди яки келтирмеслигимди айтпапты-автор) жоқары оқыў орынларындағы өзгерислер туўралы толығырақ мағлыўмат бериўимизди сорапты.
Республикамыз аймағында жайласқан айырым жоқары оқыў орынларының басшыларының өзгергени бар гәп. Бирақ биз ҳәзирше олардың қандай себеплерге байланыслы өзгергенин анық билмеймиз. Мыш-мышларға қарағанда…
Абайлаған болсаңыз сизлерге таныс сөзлер емес пе булар? Биз бундай өзгерислерден тек мыш-мышлар арқалы ғана хабар табатуғын болып қалғанбыз. Сол жердеги баспасөз орайы хаткерлери қайда, жаңалыққа жаны қуштар журналистлеримиз қайда?..
Азан менен жумысларды сол жерлерден басламақшыман. Ол жерлерге кимлер келген? Олар ким? Қайсындай көрсеткен «кәраматлары» ушын ректорлық гүрсисине ылайық деп табылған? Қай жерлерде И.О лар ислеп атыр? Олар қашанға шекем И,О болып турмақшы? Ол жерлерге талабанлар бар ма? Бар болса олар кимлер?
Сизлерде көмек берип жиберсеңиз қарсылығым жоқ. Қәлесеңиз kkreporter@mail.ru деп аталатуғын электрон почтама хат қалдырың. Сол жерлерде ертеңимиз болған жаслар - перзентлеримиз оқыйды, ақыры. Олардың тағдирине бийпарўалық пенен қарай алмаймыз.
|
|
Просмотров: 574 |
Добавил: kkreporter
| Рейтинг: 4.5/2 |