Суббота, 04.04.2026, 22:03
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Февраль 2011  »
Пн Вт Ср Чт Пт Сб Вс
 123456
78910111213
14151617181920
21222324252627
28
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » 2011 » Февраль » 12 » Жумысты жөнге қоймай турып, табысқа ерисиў қыйын…
19:36
Жумысты жөнге қоймай турып, табысқа ерисиў қыйын…

Өткен жылдың екинши ярымынан соң бул гəплерди баспасөз бетине алып шықпақшы едик. Бир мəрте тийип қашып болса да орын алып атырған машқалалар жөнинде сөз де еткен болдық. («Еркин Қарақалпақстан» «Пəрман ҳəм қарар талапларының үзилиске түсирилиўиниң себеп ҳəм ақыбетлери»). Бирақ қандай да бир себеплер араласып оны даўам еттире алмадық…

Президентимиздиң 2010-жыл 12-ноябрь күнги Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Нызамшылық палатасы ҳəм Сенатының қоспа мəжилисиндеги «Мəмлекетимизде демократиялық реформаларды жəне де тереңлестириў ҳəм пуқаралық жəмийетти раўажландырыў концепциясы» деп аталатуғын баянатынан соң баслаған исимизди даўам еттириўге зəрүрлик барар екенин түсинип жеттик. Бул ҳəрекетимиз бенен биз усы концепцияда Президентимиз тəрепинен алдымызға қойылған ўазыйпаларды саррас ис жүзине ендириўге үлес қосқан боламыз.

Концепциядағы: «Бүгин биз демократиялық процесслерди тереңлестириў, ҳалықтың сиясий белсиндилигин арттырыў, пуқаралардың мəмлекетимиздиң сиясий ҳəм жəмийетлик турмысындағы əмелий қатнасы ҳаққында сөз етер екенбиз, əлбетте, мəлимлеме алыў еркинлигин тəмийинлемей, ғалаба хабар қуралларын адамлардың өзиниң пикир ҳəм идеяларын, жүз берип атырған ўақыяларға өзлериниң мүнəсибетин ҳəм позициясын еркин билдиретуғын минберге айландырмай турып, бул мақсетлерге ерисип болмайтуғынын жақсы билемиз» деген сөзлердиң қаншалық ҳақыйқатқа жақын екенин биз бүгин терең сезинбектемиз. Демек, жəмийетимизде буған таяр.

Республикамызда соңғы жыллары бир қанша унамлы, заман талабына сай жумыслар исленди. Аўыл хожалығы тараўында, санаатта, халық хожалығының басқа тараўларында да айтарлықтай жетискенликлерге ерисилди. Олар туўралы айтылып та, жазылып та киятыр.

Лекин, соның менен бир қатарда айтарлықтай қəте кемшиликлердиң де орын алып атырғанын тəн алыўларымыз тийис. Олар туўралы болса ҳəзирше ашып ҳеш нəрсе айтылмай атыр. Əлбетте, усы жерде не ушын солай болмақ та? деген сораў туўылары тəбийий. Мениң ойымша, өтиў дəўириндеги ушырасыўы мүмкин болған қыйыншылықларға биз-журналистлердиң түсинип қарағанымыз себепши болған болса керек. Оның дурыс, надурыслығына болса ўақыт баҳа бере-берер. Сол ушын ендигиден былай, концепцияда белгиленген ўазыйпаларды булжытпай орынлап, халқымызға əтирапында жүз берип атырған өзгерислер туўралы мағлыўмат берип барыў бизиң бас мақсетимиз болып қалмағы дəркар.

Абайлаған болсаңыз, өткен жылы бапасөз бетлеринде тарқатылған хабарларға қарағанда, айырым район ҳəм қалалардағы базы бир кəрхана ҳəм мəкемелерде қатар нызам талапларын бузыў ҳалатлары ушырасқан. Мəмлекет мүлкин талан тараж етиў, қастан жəмəəт мүлкине зыян жеткизиў, контрабандалық товарлар алып келиў, тапқан табысын салықтан жасырыў уқсаған нызамсызлықларға жол қойылған. Қоңырат темир жол тармағында, Тақыятас, Кегейли районларындағы байланыс тармақларында, қурылыста, республикалық экономика, статистика министрлик ҳəм басқармаларындағы, ҳəтте ҳуқық қорғаў уйымларының айырым ўəкиллериниң пара алып атырып қолға түсиўлери бул сөзимиздиң айқын дəлили бола алады.

Булар туўралы ғалаба хабар қуралларында жəрияланған суд очерклеринде, ҳуқық қорғаў уйымлары ўəкиллериниң шығып сөйлеўлеринде айтылған болса да оннан еле де болса айырым қанийгелеримиз жуўмақ шығарыўға асықпай атыр. Бул тийкарынан иске жуўапкерсизлик пенен қатнас жасаў, жумысты өзи боладылыққа салып қойыў, нызамларға менсинбей қараў, таныс-билисликти пеш етиў нəтийжелери екени анық. Лекин, «бузаўдың жортқаны сабанхананың төрине шекем» дегенлериндей, олардың ҳəрекетлерниң де шеги бар. Нызам алдында ҳəмме теңдей. Ким болыўыңнан қатты нəзер нызам талапларын бузсаң күни келгенде жуўап берериң анық.


Просмотров: 583 | Добавил: kkreporter | Рейтинг: 0.0/0
Всего комментариев: 0
Имя *:
Email *:
Код *: