Понедельник, 20.05.2024, 09:31
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Май 2024  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
  12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » Архив материалов
Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығына бағышланған материалларымызды усылай атадық. «Дос жылатып, душпан күлдирип айтады» дейди дана халқымыз. Буны биз өз тәжирийбемизден де жақсы билемиз. Бир ўақытлары, анығырағы, аўқам дәўиринде (биз онда жүдә жас едик-автор) сол ўақытлары көкке шығарып мақтаған ел басшыларын, кейин ала, айырым кәсиплеслеримиздиң жер менен жексен еткенин, ҳәтте айырымлары өзлерин ақлаў ушын «биз ашығын айта алмадық…» «жаза алмадық…» «олардан қорқтық» деп өзлерин ақлап, түрли гәплердиң басына барғанын умыта қойған жоқпыз...

Жасыратуғыны жоқ, тап жақында да бир кәсиплесимнен усы гәплерди еситкенмен. Ол маған: «еситиўимше сен өзиңниң веб-сайтыңда ҳәзирги жағдайлар бойынша түрли гәплерди жазып атыр екенсең. Өйтип не қылайын деп едиң. Күт, бундай гәплерди айтатуғын ўақыт келеди, әне сонда қатырып жазасаң…» деген еди.

Бун ... Даўамы>>>
Просмотров: 694 | Добавил: kkreporter | Дата: 03.08.2011 | Комментарии (0)

Ашық айтаман, өзлериңиздиң хабарыңыз бар, көптен берли веб-сайтымызды ғалаба хабар қуралына айландырыў ҳәрекетинде болып жүрмиз. Бирақ бүгин мен бул нийетимнен қайттым. Оның өзине жараса түрли себеплери бар…

Бизде еле интернет раўажланған мәмлекетлердегидей толық тән алынған жоқ. Деген менен, усы күнде Өзбекстан бойынша оннан пайдаланыўшылардың саны 8 миллионнан асып кеткенинде итибардан қашырыўға болмайды. Сол ушын да болса керек, ҳүрметли Президентимиз бул тармаққа айырықша кеўил аўдарып, бизиң алдымызға үлкен ўазыйпалар қойып отыр.

Интернет әлемине «кирип келгениме» 2 жылдан аслам ўақыт болып қалды. Мен бул ўақыт ишинде блоггер сыпатында ҳәрекет етип келдим. Мақсетим, елимизде Журтбасшымыздың басшылығында алып барылып атырған реформалардың сәтли даўам еттирилиўине үлес қосыў еди. Қыйын ҳәм қурамалы болсада өтиў дәўиринде ... Даўамы>>>

Просмотров: 660 | Добавил: kkreporter | Дата: 25.07.2011 | Комментарии (0)

Хабарыңыз бар, үстимиздеги жылдың, 19-июлинен 20-июлине өтер түнде Фергана ойпатлығында жер силкиниўи болып өтти. Бул тәбийғый апатшылықтан көп адамлар жәбир шекти. Қурбан болғанларда бар…

Ең қәўиплиси ҳәм бизди терең ойға батырғаны жер силкиниў Тәжикстанның жаңадан қурылып атырған Рогун ГЭС и жайласқан аймақта да болып өткенинде болып отыр. «ЦентрАзия» веб-сайтының тарқаткан хабарына қарағанда ол жерде ҳәзирги ўақытта жумыс тоқтаған. Оған тийкарынан исшилердиң жумысты даўам еттириўден бас тартқаны себеп болған көринеди. Неге дегенде, Рогунның тийкарғы сыбайларының биринде жер силкиниў нәтийжесинде үлкен жарық пайда болған.

Усы күнге шекем қанигелердиң пикири менен есапласпай келген Тәжикстан ҳүкимети де бул жағдайдан қорқып, өзлериниң узақты ойламастан ислеп атырған ислерин ўа ... Даўамы>>>

Просмотров: 617 | Добавил: kkreporter | Дата: 24.07.2011 | Комментарии (0)

Ўәде еткенимдей ҳәр күни түнде сизлер менен сәўбетлесиў ушын компьютерим алдына отыраман. Күни менен көрген билгеним, еситкенлерим менен кеўлиме түйгенлеримди хатқа түсирип, оны сизлердиң нәзериңизге усынғанша асығаман.

Бүгин электрон почтамды тексерип көрдим. Бираздан берли келген хатлар топланып қалыпты. Олардың арасында кейинги күнлерде жәрияланған материалларымыз бойынша келген пикир ҳәм усыныслар да бар.

Өзин Нәдиршах деп атаған бир достымыз «…сиз ҳәр сапары веб-сайтымды ғалаба хабар қуралына айландырыў үстинде ислеп атырман деп жазасыз. Оның ҳәзирги сайтыңыздан қандай өзгешелиги болады?..» деп сораў берипти.

Жеке веб-сайт бул – жеке веб-сайт. Онда мен әтирапта жүз берип атырған ўақыя ҳәм ҳәдийселер бойынша өз көзқарасларымды жеке тәртипте баян ете аламан. Ал оны ғалаба хабар қуралына айландырсам ... Даўамы>>>

Просмотров: 491 | Добавил: kkreporter | Дата: 23.07.2011 | Комментарии (0)

Қолда бир литр ақ майдың (пахта майының) литри 5000 сумға шықты. Базарларда оны қәлегениңше сатып алыў мүмкин. Ал базар ҳәм базар әтирапларында, айырым «исбилерменлердиң» үй қапталынан ашып қойған «саўда точкаларында» жергиликли уннан қәлегениңше табасаң…

– Мен бир нәрсеге түсинбеймен,-дейди мениң бир танысым,-не ушын бизде мына затларды мөлшерлеп береди? Жетпейди дейик десек базарларда үйилип тур. Ақ май дегенди үйип қойыпты. Я бир оны саўда шақапшасында сатса екен-аў.

– Мөлшерлеп бергени жетпей ме?

– Қаяқта саған… Гәп тек жеткен жетпегенинде де емес. Сол затлардың нызамсыз, қолда сатылып атырғаны ғәзебиңди келтиреди-дә…

Расын айтыўымыз керек, бул бар гәп, бар жағдай. Буны ҳәр күни көрип, гүўасы болып жүргенимиз де ҳеш кимге сыр емес. Ондай болыўы мүмкин емес деў ушын я ақылы зайыл, я болмаса, барып турған кө ... Даўамы>>>

Просмотров: 571 | Добавил: kkreporter | Дата: 22.07.2011 | Комментарии (0)

Есиңизде болса, буннан сәл илгерирек, усы жерде (веб-сайтта демекши едим), «Сенсация…» деген тема астында өзимниң санаўлы күнлерден соң, көпшиликтиң қулағын ербең еттиретуғын мағлыўматлар тарқатпақшы екенимди баян еткен едим. Мине, шамасы, ўақыт жетип келген көринеди. Бүгиннен баслап сол мақсетке ерисиў ҳәм оқыўшыларыма берген ўәдемниң үстинен шығыўға ҳәрекет етемен…

Алдыма қойған мақсетиме ерисиў ушын, мен, республикамыз аймағында жасап ҳәм мийнет етип атырған, айырым жуўапкер қанигелердиң айыбы менен орын алып атырған нызамсыз ҳәрекетлер, Президентимиз пәрманлары менен ҳүкимет қарарлары талапларын орынлаўды үзилиске түсирип, көп муғдардағы мәмлекет ҳәм жәмәәт мүлклерин талан-тараж етип атырғанлар туўралы мағлыўмат тарқатып бармақшыман.

Бул шешимге бирден ... Даўамы>>>

Просмотров: 567 | Добавил: kkreporter | Дата: 21.07.2011 | Комментарии (2)

Тап усы күнде «байдың баласы болғанша, базардың баласы бол» деген ибараны қолланатуғынлар көпшиликти қурайды. Сол ушын да, кейинги пайытлары естиярлы жигитлер базардың дөгерегинен шықпайтуғын болып жүр. Бири бузса, бири қурады. Ол жерлерде «күйгенлер» де бар, сол «күйгенлер» есабынан бираз нәрсени, ертеңги «қара күнимизге» жарап қалар-аў деп, көптен қыпсалап, «түйгенлер»де бар.

Әлбетте, буған тийкарынан, төртинши ҳәкимият деп айтылатуғын ғалаба хабар қуралларының раўажланыўындағы шәлкем-шалыслықлар себепши болып атырған болса керек десек, асырып айтқан болмаймыз. Егер журналистлеримиз өз ўазыйпаларына жуўапкершилик пенен қарап, елимиз Президентиниң шақырықларына ис пенен жуўап берип, ҳәрекеттеги нызамлар менен ҳүкимет қарарларын айланып өтип атырғанлар туўралы өз ўақтында кең жәмийетшиликти хабардар етип барғанда, жағдай тап усы дәрежеге ... Даўамы>>>

Просмотров: 526 | Добавил: kkreporter | Дата: 17.07.2011 | Комментарии (0)

Бүгинги күни, ҳеш кимге сыр емес, Нөкисте гөш тынбай қымбатламақта. Айырым жерлерде 1 кило гөш 14 мың сумды қураған болса, базы бир арнаўлы гөш дүканларында сүйексиз гөштиң килосын 18 мыңға шықты деседи…
 
Буның нақ ақшаның банктен тыс айланысына да тәсири бар. Неге дегенде, биздеги бар мағлыўматларға қарағанда көпшилик гөш шеңгеклеринде түскен түсим толығы менен банк кассаларына кирис етилмес екен. Улыўма ол жерлерде касса аппаратлары ислеп турғанын көрген адамның өзи аз болса керек.
 
Просмотров: 489 | Добавил: kkreporter | Дата: 17.07.2011 | Комментарии (0)

Веб-сайтымыз бенен айланыспай қойғанымызға бираз ўақыт болып қалды. Мен бул ўақыт ишинде бир неше районда хызмет сапарында болып қайттым. Көп нәрселерди көрдим. Бираз гәплер еситтим. Бирақ оларды хатқа түсириўге ўақыт таба алмадым. Турмыс тәшўишлери…

Мине және компьютерим алдында отырман. Әдеттегидей, дәслеп интернеттиң «арғы басынан кирип, берги басынан шықтым». Көп жаңалықлар болыпты.

Президентимиздиң быйылғы жылғы кәсиплик байрамымыздағы қутлықлаў сөзинен кейин, айырым жуўапкер қанигелер интернетке дыққат аўдарар-аў деген ойда едим. Бирақ ҳәзирше сезилерли өзгерис көрмедим. Жерлеслеримиздиң көпшилиги әтирапында жүз берип атырған анаў яки мынаў ўақыя ҳәм ҳәдийселер туўралы рәсмий мағлыўматты ғалаба хабар қуралларынан емес, ал мыш-мышлардан излемекте. Олардың болса шеги көринер емес.

Әсиресе, соңғы ўақытлардағы айыр ... Даўамы>>>

Просмотров: 467 | Добавил: kkreporter | Дата: 17.07.2011 | Комментарии (0)

Биз сөз етпекши болып отырған гәптеги тийкарғы «мағлыўматлар» тиккелей мыш-мышлардан алынған…

- Еситтиңиз бе, рес ГАЙдиң бурынғы еки баслығы да қамалыпты…,- деп сыбырлады азанғы пайт жумысқа барыўым ушын минген жөнелисли таксидиң артқы орынлығында отырған бир бийтаныс жигит қасындағы жолдасына сыбырлап. Әлбетте, бундай гәплерге ерксиз қулағыңның ербең етери турған гәп.

- Бул хабардың тарқағаны қашшан. Оннан берли де бираз ўақыт өтти ғой. Кейин Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы баслығы усланды ма-аў? Я оннан алдын ба еди? Және Нөкис қаласының бурынғы прокуроры (бул шахстың кейинги жумыс орны Төрткүл районы прокуратурасы еди-автор) қамалыпты деп еситтим,-деди анаўда гәптен қалыспай.

- Айтпақшы, баяғыда газетада республикалық газтамийнат кәрханасының бурынғы баслығы «7 миллиярд сумнан зыятрақ ... Даўамы>>>

Просмотров: 656 | Добавил: kkreporter | Дата: 07.07.2011 | Комментарии (1)

« 1 2 3 4 5 6 »