Понедельник, 20.05.2024, 09:31
Приветствую Вас Гость | RSS
Кириў усылы
Календарь
«  Май 2024  »
ПнВтСрЧтПтСбВс
  12345
6789101112
13141516171819
20212223242526
2728293031
Бизиң сораўларымыз
Сайтымызға баҳа бериң
Всего ответов: 29
Статистика
Мини-чат

Қарақалпақ репортёры

Главная » Архив материалов

Бул гəплерди «Нөкис дийхан базары»ның бурынғы Буденный (бүгинликте Ж.Сейтова деп аталады) көшесиниң аяғы менен жийеклес, ҳəзирги базардың қандай да бир еки этажлы таза имараты салынып атырған, буннан бир неше жыл бурын онлап меншик жайлар бузылып, орнына бир қабатлы саўда шақапшалары салынған бөлегиндеги дығырыққа жайласқан шет ел валюталары менен саўда ислейтуғын «қара базар»дың (көпшилик оны «валюта базары» деп атайды) қапталынан өткенде еситпей жүрген адам аз болса керек. Олар сениң ким болыўыңнан парықсыз, алдыңнан жуғырып шығып, «доллар аламыз, доллар… рубль, теңге…» деген гəплерди тəкирарлап, тиленшилик етип жүрген циганлардай бираз жерге шекем изиңнен қалмай, ерип жүреди.

Жумысқа баратырып та, жумыстан киятырып та бул жағдайлар менен дусласа бергеннен кейин көзиң де, қулағын да үйренисип кетер екен. Илгерилери оларға бир түрли болып қарап туратуғын едим. ... Даўамы>>>

Просмотров: 730 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Базар экономикасының өзине тəн нызамлылықлары бар. Оның менен есапласпаў, мойынламаў жақсы нəтийжелерге алып келмейди. Биз сөз етпекши болып отырған əңгимемиздиң «қаҳарманлары» əне усы əпиўайы қағыйдаларға əмел қылмағаны ушын да қəтеге жол қойған. Бирақ олардың бул қəтеси, биринши гезекте өзлерине қымбатқа түсти…

Жасыратуғыны жоқ, соңғы жыллары банктен кридит алып жумыс баслап жақсы көрсеткишлерге ерисип атырғанлар туўралы тез-тез еситетуғын болып жүрмиз. Бул бар гəп, бар жағдай. Өткен жыллар ишинде банклеримиз тəрепинен киши бизнести қоллап- қуўатлаў мақсетинде жүдə көп муғдардағы қаржылар ажыратылды. Бир неше онлап өним ислеп шығаратуғын киши кəрханалар, цехлар ашылып, иске түсирилди.

Лекин, тилекке қарсы, усындай бир пайтта, өзлериниң билип-билмей ислеген қəтелери себепли елимизде алып барылып атырған экономикалық реформалардың аяғына тусаў болып, оның сəт ... Даўамы>>>

Просмотров: 923 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)


Ақмаңғытлы электр тармақлары бөлиминдегилер, бул халықтың аўзында бар, жийе болсада қолланылып туратуғын ибараны қалай түсинип, қалай қабыл етип жүргенин билмедик-тə, бирақ оған туўырыдан-туўры əмел қылғаны көринип-ақ тур. Сол ушын болса керек, олар «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы Қаттыағар аўылында жасаўшы халыққа бир суткада 12 саат ғана электр энергиясын берип, үнемлеў мəселесинде басқаларға қарағанда «белсендилик» көрсетип, бираз алға шығып алған көринеди…

Буннан биз редакцияға 60қа шамалас адам қол қойған шағым арза менен келген, сол аўылда жасайтуғын бир топар ҳаяллардан еситип, хабар таптық. Жасыратуғыны жоқ, арзада сəл «қосыңқырап» жазылғаны көринип турар еди. «16-18 саат элетр энергиясыз отырған күнлеримиз де болды… Қақ маңлайымызда, жолдың қарама-қарсы тəрепинде мал фермасы жайласқан. 2 ... Даўамы>>>

Просмотров: 648 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Электрон почтамды дерлик ҳəр күни тексерип тураман. Келген хатларды оқып көрип, илажы болғанынша оның авторларына жуўап бериўге ҳəрекет етемен. Ең болмағанда рахмет айтаман.

Əлбетте, ол жерде көтерилген мəселелер бойынша сораў ийелерин толық қанаатландырарлықтай жуўап жазыў аңсат емес. Себеби олардың мазмуны да, мəниси де ҳəр қыйлы. Базы биреўлер улыўма маған қатнасы жоқ, жеке тəртипте шешилмейтуғын, қандай да бир дүнья жүзилик əҳмийеттеги мəселелерди қозғаса, айырым оқыўшыларымыз көрген-кеширгенлерин баян етип, солар туўралы жазылған өзлериниң кеўил кеширмелерин бизиң сайтымызда жəриялаўды сорайды.

«Демократия…» жөнинде жазылған пикирлеримизге келген хатларды айырып қойып едим. Бүгин келген мына хатты да оқып шығып, соларға қосып қоймақшы болдым. Бирақ оның мазмун ... Даўамы>>>

Просмотров: 512 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Азанда жумысқа келиўден бир қатар кəсиплеслерим менен сəлемлесип шығаман. Тек бул мениң киши пейиллигимнен ғана емес, ал жанымның «жаңалыққа» қумарлылығынан да болса керек. Көпшиликтиң аты көпшилик. Биреўдиң билмегенин биреў биледи. ..

«Еситтиң бе, аға» деп гəп баслайды олардың айырымлары сəлим-əликтен кейин-ақ. «Не болып қалыпты?» деймен мен оны дыққат пенен тыңлап атырғанымды билдирип. «Арқа Кория менен Қубла Кория арасында жəне тартыслы ўақыя жүз берген қусайды». «Пакистанда да жағдай жақсы емес» деп ол кешеги террористлердиң жарып жибериўлери нəтийжесинде көп адамлардың набыт болғаны ҳəм жарақатланғаны туўралы айтып берди.

-Индия да не болып атыр?- деп сорадым мен.

-Айта қалғандай жаңалық жоқ. Кейинги хабарлардан соң тым-тырс…

Кейинги кəсиплесим Россия хабарлары бойынша «қанигелескен». «Путин ... Даўамы>>>

Просмотров: 659 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Өткен жылдың екинши ярымынан соң бул гəплерди баспасөз бетине алып шықпақшы едик. Бир мəрте тийип қашып болса да орын алып атырған машқалалар жөнинде сөз де еткен болдық. («Еркин Қарақалпақстан» «Пəрман ҳəм қарар талапларының үзилиске түсирилиўиниң себеп ҳəм ақыбетлери»). Бирақ қандай да бир себеплер араласып оны даўам еттире алмадық…

Президентимиздиң 2010-жыл 12-ноябрь күнги Өзбекстан Республикасы Олий Мажилиси Нызамшылық палатасы ҳəм Сенатының қоспа мəжилисиндеги «Мəмлекетимизде демократиялық реформаларды жəне де тереңлестириў ҳəм пуқаралық жəмийетти раўажландырыў концепциясы» деп аталатуғын баянатынан соң баслаған исимизди даўам еттириўге зəрүрлик барар екенин түсинип жеттик. Бул ҳəрекетимиз бенен биз усы концепцияда Президентимиз тəрепинен алдымызға қойылған ўазыйпаларды саррас ис жүзине ендириўге үлес қосқан боламыз.

Концепциядағы: «Бүгин биз демокр ... Даўамы>>>

Просмотров: 540 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

ЯМАСА ПРЕЗИДЕНТИМИЗДИҢ ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ОЛИЙ МАЖИЛИСИ НЫЗАМШЫЛЫҚ ПАЛАТАСЫ ҲƏМ СЕНАТЫНЫҢ ҚОСПА МƏЖИЛИСИНДЕГИ БАЯНАТЫН ОҚЫҒАННАН СОҢҒЫ ОЙЛАР
 

Сөз еркинлигин ҳəр ким ҳəр қыйлы түсинеди. Кимдур кеўлине не келсе соны айтабериўди, жəне биреў өзинен бир пағана жоқары лаўазымда турған адамға қарап сөйлей алыўды, басқалары болса улыўма басқа түсиникте…

Əлбетте, оның қатып қалған қағыйдасы жоқ. Солай екен деп аўзыңа не келсе соны айтып былжырай бериўге де болмайды. Мениңше, ҳақыйқатты мəдениятлы, жасап атырған жəмийет нызамлылықларынан келип шығып, менталитетимизди умытпаған ҳалда еркин айта алыў - бул сөз еркинлиги анықламасына жақынырақ келсе керек. Қалай да, өзим усы принципте ҳəре ... Даўамы>>>
Просмотров: 589 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

ЯМАСА ОҒАН ҚАРСЫ АЛЫП БАРЫЛЫП АТЫРҒАН ƏМЕЛИЙ ЖУМЫСЛАР ҲƏМ ОЛАР БОЙЫНША ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫНДА ТАРҚАТЫЛЫП АТЫРҒАН МАҒЛЫЎМАТЛАР ТУЎРАЛЫ БИЗИҢ ДЕГЕНЛЕРИМИЗ
 

Бүгин жумыста бир жасыуллы журналист пенен болған əңгимеден соң қатты қапа болдым. Мен оны ҳүрмет ететуғын едим. Оның жазған мақалаларын бəрҳама дыққат қойып оқып бараман. Ҳақыйқатында да жақсы нəрселер жазады. Лекин оның бүгинги айтқан гəплеринен соң ойланып қалдым…

Азанғы пайт. Ол мени өзиниң жумыс ислейтуғын ханасына шақырып газетаның («Еркин Қарақалпақстан») алдыңғы санларының биринде жəрияланған мақаламды орынсыз жазғанымды, оны жазбаўым керек еке ... Даўамы>>>
Просмотров: 1000 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Журналист болғаннан кейин республикамыз аймағындағы район ҳəм қалаларда тез-тез хызмет сапарында болып тураман. «Жүрген дəрья, жатқан бойра» дейди бизиң халқымыз. Ҳақыйқатында да, бул ҳақ гəп. Көпти көресең, көп нəрсе еситесең.

Жасыратуғыны жоқ, соңғы ўақытлары көпшилик автотранспорт хызметиниң жақсыланғанын, қəлеген ўақытта, қəлеген жериңе барыў мүмкинлигин айтысады. Бул бар гəп, бар жағдай. Əсиресе, пайтахттан алыс районларға киши көлемли автобуслар менен жеңил машиналар (лицензия алған, əлбетте) қурдай қатнап тур. Автобусларда тастыйықланған график бойынша жүреди.

Ташкентке, басқа да қоңысы республикаларға барыў ушын қолайлылықлар жаратылған. Барлық қолайлылықларға ийе шет елде ислеп шығарылған заманагөй автобуслар жолаўшылардың хызметинде. Жол ҳақысын төлесең болғаны…

Гəптиң бəри əне, усы, жол ҳақыда болып тур. Жақында мен алыс районлардың биринде ... Даўамы>>>

Просмотров: 656 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

Ҳүрметли Президентимиздиң кешеги қоспа мəжилисте шығып сөйлеген сөзин дыққат пенен тыңладым. Газетада басылып шыққан вариантында қайта көзден кеширдим. Алдағы ўақытлары журналист сыпатында Президентимиз алдымызға қойған ўазыйпаларды қандай еткенде кеўилдегидей етип орынлай аламан деген саўалларға жуўап изледим.

Блоггерлик пенен шуғыллана баслағанлы берли пикирлеримди хатқа түсирип үйренип кеткенлигим себепли (размышлять в слух) жəне компьютеримниң алдына отырдым. Жаздым, сыздым, жаздым…

Жақында ғана Ташкентте болып өткен «Пуқаралық жəмийети институтлары сестимасында ғалаба хабар қуралларының орны ҳəм ролин беккемлеў мəселелери» темасында болып өткен халықаралық конференцияда Пакистанның «Дэйли ньюс» газетасының хабаршысы Сажжад Маликтиң: «Елиңизде ғалаба хабар қуралларының жумысына байланыслы нызамшылықты раўажландырыўға айырықша итибар қаратылмақта. Мəм ... Даўамы>>>

Просмотров: 545 | Добавил: kkreporter | Дата: 12.02.2011 | Комментарии (0)

« 1 2 3 4 5 6 »